«Истиқболли авлод» Республика социаллық-информациялық орайы Қарақалпақстан Республикасы бөлими тәрепинен Нөкис қаласындағы «Өрнек»МПЖда жасайтуғын жумыссыз, социаллық қорғаўға мүтәж ҳаял-қызлар ҳәм жаслар дәптерине киризилген пуқаралардың қатнасыўында семинар-тренинг өткерилди. Бул илаж Германияның «Deutsche Gesellschaft für Internationale Zusammenarbeit (GIZ) GmbH» компаниясының «Мәмлекет ҳәм пуқаралық жәмийети менен биргеликте билимлендириў, диалог ҳәм халықтың әззи топарларының жат пикирлер менен санаспаў турақлылығын арттырыў арқалы Өзбекстанда зорлық, экстремизмниң алдын алыўға көмеклесиў» жойбары шеңберинде шөлкемлестирилди.

Семинарда қатнасыўшыларға жәмийетте өз орнын табыў, өзин-өзи жумыс пенен бәнт етиў, кәсип-өнерге орай тәрепинен оқытыў, оқыў курсларының түрлери, бизнес режелерин әмелге асырыўда қаржылай жәрдем көрсетиў тәртиби туўралы ма­ғлыўматлар берилди. «Истиқболли авлод» Республика социаллық-информациялық орайының тренери Б.Нурманов тәрепинен адам саўдасы, оны келтирип шығарып атырған жағдайлар, нызам шеңберинде жумысқа адам жаллаў, транспортация, мийнет эксплуатациясы, жумыссыз инсанлардың ақыл-ойын жасырын түрде басқарыў ҳаққында түсиниклер берилип, қатнасыўшылар да бул бойынша пикирлерин топарларға бөлинип,  плакатларға сәўлелендириўге ҳәрекет етти.

  • Сырт елге жумысқа кетиўде, нызам шеңберинде жумыс ислеў жоллары, шәртнама дүзиўде әҳмийет қаратыў керек болған бәнтлер, шәртлер менен танысыў ҳәм басқа да адам саўдасының қурбанына айланып қалыўдың алдын алыў бойынша билимимди байыттым. Қызыққан сораўларыма жуўап алдым. Бул семинар мен ушын оғада пайдалы болды-дейди қатнасыўшылардың бири.

Жойбар тренери Н.Атамуратова интернеттен пайдаланыўдың зыянлы ҳәм пайдалы тәреплери ҳаққында түсиниклер берип, ол қатнасыўшылар тәрепинен интерактив усылда үйренилди. Сондай-ақ, диний кеңпейиллик, миллетлераралық татыўлық мәселелеринде «Биз-өзгешемиз, бирақ биргемиз – бул бизиң күшимиз!» атамасында дүнья мәмлекетлеринде диний келиспеўшилик нәтийжесинде жүз берип атырған ўақыялар туўралы мағлыўматлар берилип, сергекликке шақырылды.

  • Бул жойбар арқалы Нөкис қаласындағы барлық мәкан пуқаралар жыйынларына кирип барыўды, олардағы жумыссыз, социаллық қорғаўға мүтәж инсанларға бийпул ҳуқықый ҳәм психологиялық жәрдем көрсетиўди мақсет еткенбиз. Жойбар шеңберинде пуқаралардың қызығыўшылығына қарай кәсип-өнерге оқытып атырмыз. Грант тийкаринда берилип атырған бундай мүмкиншилик пуқаралардың турмысын абадан етиўге өз үлесин қосады деген ойдамыз,- дейди орай психологы Ш.Асанова.

Илажда «Истиқболли авлод» Республика социаллық-информациялық орайынан бийпул ҳуқықый мәсләҳәт алыў, орай тәрепинен кәсипке бийпул  оқытыў тәртиби бойынша пикир-усыныслар билдирилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги