«Даўыт ата» шегара бажыхана постында қоңсы мәмлекеттен кирип келген жүк автотранспорт қуралын басқарыўшы К.И.ге тийисли қол жүклери белгиленген тәртипте бажыхана тексериўинен өткерилди. Тексериў пайытында К.И. тәрепинен жолаўшы бажыхана декларациясында көрсетилмеген, бажыхана хызметкериниң аўызша сораўында мәлим етилмеген, салмағы 158 грамм гүмистен соғылған зергерлик буйымларын жасырын түрде алып кирмекши болғаны анықланды.

Ҳәзирги ўақытта усы факт бойынша бажыхана уйымлары тәрепинен сорастырыў жумыслары алып барылмақта.

Мағлыўмат ушын, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 6-февральдағы «Физикалық тәреплердиң бажыхана шегарасы арқалы товарларды алып өтиўин буннан былай да тәртипке салыў илажлары ҳаққында»ғы қарарына муўапық, физикалық тәреплер жәми 65 граммнан көп болмаған муғдарда  баҳалы металлар ҳәм таслардан соғылған зергерлик буйымларын алып кириўи мүмкин. Оннан артық бөлегинен бажыхана төлемлери өндирилиўи нәзерде тутылған.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги