Усы жылдың 5-25 июнь күнлери Ташкент, Наманган, Нөкис ҳәм Хийўа қалаларындағы Президент мектеплеринде ҳүжжетлерди қабыллаў болып өтеди.

Оқыўшыларды қабыл етиў Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019–жыл 20-февральдағы «Президент мектеплерин шөлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы қарары тийкарында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Президент, дөретиўшилик мектеплери ҳәм қәнигелестирилген мектеплерди раўажландырыў агентлиги тәрепинен  Cambridge International Assessment  шөлкеми менен биргеликте өткерилетуғын кириў имтиханларының нәтийжелери тийкарында әмелге асырылады.

Нөкис қаласындағы Президент мектебиниң жумысы ҳәм оқыўшыларды қабыл етиў процесслери менен кең жәмийетшиликти жақыннан таныстырыў мақсетинде  ғалаба хабар қураллары ўәкиллери ҳәм блогерлар ушын «Ашық есиклер күни» илажы өткерилди.

Қатнасыўшылар асхана, робототехника дөгереги, жатақхана ҳәм сырт елли оқытыўшылардың мийманханасы, спорт майданшалары, жабық суў бассейни, китапхана ҳәм оқыў процесслери менен жақыннан танысты.

 

Илаж жуўмағына бағышланған баспасөз әнжуманында Президент мектебиниң директоры Н.Балтабаева быйылғы жылғы қабыллаў ҳәм ҳүжжетлерди тапсырыў қағыйдалары менен толық таныстырды. Сондай-ақ, мектептиң академиялық директоры Марк Лестер, директордың арнаўлы пәнлер бойынша орынбасары М.Насыров, директордың руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық ислери бойынша орынбасары М.Шлымбетова, Computer Science пәни оқытыўшысы Н.Татлымуратов оқыў процеси, Cambridge International Education бағдарламасы, оқыўшыларға жаратылған шараятлар, олардың бос ўақытларын мазмунлы өткериў ҳәм жойбарлар менен ислесиў мәселелерине тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, Өзбекстан Республикаси Президенти Ш.Мирзиёев 2018-жылы Қарақалпақстан Республикасына сапары ўақтында Президент мектеплерин ашыў ҳәм оны Нөкис қаласынан баслаў ҳаққындағы усынысты  алға қойған еди. Бул мектеплерди шөлкемлестириўден тийкарғы мақсет, билимлендириў процесслерине алдыңғы технологияларды қолланыў арқалы қәбилетли жасларды тәрбиялаў ҳәм оқытыў, хошаметлеў және келешекте олардың потенциалын қоллап-қуўатлаў, сондай-ақ, оқыўшыларды кәсип-өнерге бағдарлаў, жетекшилик көнликпелерин  ҳәм сөйлеў шеберлигин раўажландырыў, сын пикирлеў, мәлимлеме излеў, таллаў ҳәм қайта ислеў, алынған билимлерди әмелиятта қолланыў көнликпелерин қәлиплестириўден ибарат.

Оқыў процесслери «Cambridge Assessment» менен биргеликте ислеп шығылған оқыў режеси тийкарында инглиз тилинде әмелге асырылады ҳәм «STEAM-билимлендириў» (Science-тәбийғый пәнлер, Technology-технология, Engineering-техникалық дөретиўшилик, Art-көркем өнер, Mathematics-математика) бағдарламасы тийкарында алып барылады. Президент мектебиниң 9-11-классларында оқыў оқыўшылардың қызығыўшылығына қарай айырым пәнди таңлаў ҳәм оларды үйрениў дәрежесин есапқа алған ҳалда индивидуал оқыў процеси тийкарында әмелге асырылады.

Мектепте STEAM бағдарындағы пәнлер Cambridge International бағдарламасы тийкарында инглиз тилинде, жергиликли пәнлер Өзбекстан билимлендириў бағдарламасы тийкарында мәмлекетлик тилде алып барылады. Оқыўшыларға 8 сырт елли, 25 жергиликли оқытыўшы билим береди.

Мектеп оқыўшылары халықаралық олимпиада, таңлаў ҳәм жойбарларға белсене қатнасып келмекте. Атап айтқанда, быйылғы жылғы 24 питкериўшиден 23  питкериўши АҚШ, Уллы Британия, Қытай, Қырғызстан, Швейцария, Бирлескен Араб Әмирликлери, Венгрия, Австралия мәмлекетлериниң, 2 оқыўшы жергиликли-сырт ел жоқары оқыў орынларының мүддетинен алдын студентлери болып, жәми 3 миллион 908 мың 187 АҚШ доллары муғдарындағы грант жеңимпазлары болды.

Оқыўшылар Seamo халықаралық олимпиадасында 2 қола, 6 халықаралық сертификат, MAA AMC 10  халықаралық олимпиадасында 2 алтын, 3 гүмис ҳәм 2  қола медал, MAA AMC  8  халықаралық олимпиадасында 2 алтын, 4 гүмис ҳәм 3 қола медалын, инглиз тили бойынша WRITING WORLD CUP шығармалар таңлаўында 1 қола медалын қолға киргизди.

Президент мектебине қабыллаў процеси бойынша толық мағлыўмат берилди. Быйылғы оқыў жылында 5-классқа 24, 6-классқа 24 оқыўшы қабыл етиледи. Талабан оқыўшылардан туўылғанлығы ҳаққында гүўалық, оқыўшының 3х4 көлеминдеги фото сүўрети, баҳалаў табелинен көширме, мектеп директоры тәрепинен тастыйықланған мағлыўматнама формасының электрон варианты талап етиледи. Ҳүжжетлер тек онлайн формасында тапсырылады. Оқыўшылардың ата-анасы ямаса олардың орнын басыўшылар portal.piima.uz сайты арқалы ҳүжжетлерди жибериўи керек болады. Кириў имтиханлары еки басқыштан ибарат болып, биринши басқыш-20-25-июль, екинши басқыш 20-23-август күнлери болып өтеди.

Илаж қатнасыўшылары өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы

А.Дабылов,

З.Орақбаева,

ҚМУ журналистика тәлим бағдары студентлери