Хожели районындағы мектепке щекемги билимлендириў шөлкемлери арасында руўхый-ағартыўшылық жумыслардың нәтийжелилигин түп-тийкариннан жетилистириў, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң бирге ислесиўин күшейтиў, руўхый-ағартыўшылық жумыслардың жаңа системасин жаратыў, жаслардың интеллектуаллық қәбилетин ҳәм дүньяға көзқарасын жетилистириў, ана тилимизге болған ҳүрметин арттырыў, шөлкемде мәмлекетлик тилде ис жүргизиўди раўажландырыў мақсетинде «Ең үлгили шөлкем» таңлаўының районлық баскышы болып өтти.
Таңлаў жуўмағында 17-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми биринши, 13-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми екинши, 19-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми үшинши орынды ийеледи. Жеңимпаз шөлкемлерге ҳәм белсене қатнасқанларға районлық мектепке шекемги билимлендириў бөлими, Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Хожели районлық бөлими тәрепинен саўғалар ҳәм ҳүрмет жарлықлары салтанатлы түрде тапсырылды.
Дильназа Қалбаева,
ҚМУ Интернет журналистикасы тәлим бағдарының 2-курс студенти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги