1-июнь – Халықаралық балаларды қорғаў  күни  алдынан  Қарақалпақстан Республикасы қәнигелестирилген көркем өнер мектебинде “Мафтункор ранглар жилоси” атамасында қайырқомлық илажы  болып өтти. Имканияты шекленген жасларды руўхый хәм материаллық жақтан қоллап-қуўатлаў  мақсетинде  өткерилген  бул илажға уй шараятында оқып, билим алып атырған оқыўшылар хәм олардың ата-аналары қатнасты. Илажда оқыушы жаслар суўретлеу өнери бойынша өз дөретпелери менен қатнасып, көркем  өнер ықласбентлериниң нәзерине түсти. Илаж соңында бул балаларға Майыплар жәмийети Нөкис қалалық бөлими хәм Нөкис қаласы хәкимлиги тәрепинен хәр қыйлы атамадағы китаплар хәм естелик саўғалары тапсырылды.

 

Зерхан Орақбаева,

ҚМУ Журналистика тәлим бағдарыныӊ 2-курс студенти

Қарақалпақстан хабар агентлиги