Бразилияда SARS-CoV-2 коронавирусының жаңа штаммы анықланған. Бул ҳаққында Бразилия вирусологлар жәмийетиниң вице-президенти Жоао Песоа Араужу Жуниорға тийкарланып «Globo» хабар бермекте, – деп жазады xs.uz сайты.

«Р4 вариантының келип шығыўы белгисиз. Дәслеп ол Сан-Паулу штатындағы Мокока муниципалитетинен алынған үлгиде табылған. Кейин ала ол Порту Феррейрада кеңнен тарқалғаны белгили болды. Ҳәзирше оның жуқпалы ямаса қәўипли екени ҳаққында дәлийллер жоқ», делинеди хабарда.

Порталға бола, Р4 варианты алдын анықланған Р1 ҳәм Р2 «Бразилия» ҳәм Р3 «Филиппин» штаммлары менен улыўмалық уқсаслыққа ийе.

Алдын, Уллы Британияның Йоркшир графлығы илимпазлары коронавирустың генлердиң ғайрытәбийғый комбинациясына ийе үш есе мутациясын анықлағаны ҳаққында хабар берген едик. Ол штамм менен 49 адам зыянланғаны мәлим болған. Бирақ оның вакциналарға шыдамлы екенин көрсететуғын дәлийллер еле алынбаған.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги