Жасларымызды исбилерменликке бағдарлаў, олардың басламаларын қоллап-қуўатлаў мақсетинде Жаслар аўқамы, Саўда-санаат палатасы ҳәм басқа да тийисли шөлкемлер тәрепинен бир қатар илажлар әмелге асырылмақта.
Соның ишинде, жасларды исбилерменликке оқытыў бойынша алып барылып атырған жумысларды атап өтсек болады.
Нөкис қаласындағы Жаслар орайында кредит алып өз исбилерменлигин баслаўды, «1+1» жойбары бойынша жер алып дийқаншылық пенен шуғылланыўды қәлеўши 30 жасқа шекемги бир топар жасларға бир ҳәптелик оқыў курсы басланды.
Олар бир ҳәпте даўамында тийисли қәнигелер тәрепинен оқытылып, оларға кредит, қаржы, исбилерменлик мәселелери бойынша дәслепки билимлер, сондай-ақ, керекли ҳүжжетлерди таярлаў, тараўдағы нызамшылықлар, өзгерислер туўралы түсиниклер берилмекте.
Оқыў курсын тамамлағаннан соң оларға арнаўлы сертификатлар бериледи.
М.Қасимова,
Д.Қалбаева,
ҚМУ Журналистика бағдарының 2-курс студентлери.
Қарақалпақстан хабар агентлиги