Қараөзек районындағы 16-санлы Балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебиниң Миллий музыка бөлиминде бақсы-сазендешилик бөлиминиң 4-класс оқыўшысы Нилуфар Орынбаева Қазақстан Республикасы Павлодар қаласында өткерилген халықаралық “DREAMFEST” таңлаўына online қатнасып, сыйлы II орынды жеңип алыўға миясар болған еди.
Бул таңлаўға Нилуфар “Гөр қыз”намасына “Юсип-Ахмет” дәстанынан шеберлик пенен үзинди атқарып, төрешилер нәзерине түсти.
Жас бақсы қызға бүгинги күни тәжирийбели оқытыўшы Бағдагүл Сабырова тәлим берип келмекте.
Жеңимпазға халықаралық таӊлаўдыӊ II дәрежели диплом, медаль ҳәм кубок Қазақстан Республикасынан почта арқалы келип, оған сыйлық салтанатлы жағдайда тапсырылды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги