18-май – Халықаралық музейлер күни

Хақыйқатындада, елимизге келген ҳәр бир сырт елли турист Өзбекстан тарийхы, Темурийлер тарийхы, Өзбекстан әмелий көркем өнер ҳәм өнерментшилик тарийхы мәмлекетлик музейлери сыяқлы мәдений-ағартыўшылық орынларға барыўы, бул музейлердеги сийрек гезлесетуғын экспонатлардан таңланып ҳәм ҳәўеске толып тасыўы тәбийғый болып есапланады.

Кейинги жылларда  мәмлекетимизде барлық тараўлар қатары музейлер тараўын раўажландырыў ҳәм оларды жаңа басқышқа алып шығыў бағдарында бир қатар унамлы жумыслар әмелге асырылмақта.

Мәденият министрлиги берген мағлыўматларға бола, Президентимиздиң көрсетпелерине тийкарланып  2017-жыл 11-декабрьде Министрлер Кабинетиниң  2017-2027-жылларға мөлшерленген мәмлекетлик бағдарламасы қабыл етилип, усы тийкарда мәмлекетлик музейлердиң жумысын жетилистириў ҳәм мәдений-техникалық базасын беккемлеў, имаратларын оңлаў ҳәм оларда заманагөй шараятлар жаратыў бағдарында әмелий жумыслар алып барылмақта.

Соңғы жылларда мәмлекетимизде  20 ға шамалас музейлер жаңадан шөлкемлестирилди. Соның ишинде, халқымыздың уллы жазыўшыларының естелигин мәңгилестириў мақсетинде Марғулан қаласында Эркин Воҳидов, Жиззақ қаласында Ҳамид Әлимжан ҳәм Зульфия музейлери, Шараф  Рашидов мемориаллық музейи,Торақорған районында Ибрат музейи, Учкўприк районында Хазиний музейи,  Ташкент қаласында Абдулла Қадирий мемориаллық ҳәм үй музейлериниң жумысы жолға қойылды. Соның менен бирге, ҳәр бир ўәлаяттағы тийисли жоқары оқыў орынларында Репрессия қурбанлары естелиги музейиниң филлиаллары шөлкемлестирилди. Бул музейлер бүгинги күнде халқымыз, әсиресе, жаслардың сүйкимли орайына айланып үлгергени дыққатқа ылайық болып есапланады.

Президентимиздиң 2020-жыл  26-майдағы «Мәденият ҳәм көркем өнер тараўының жәмийетлик турмыстағы орны ҳәм тәсирин буннан былай да арттырыў илажлары ҳаққында»ғы пәрманында музейлер жумысына  үлкен итибар қаратылған. Соның ишинде, Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер музейине – көркем өнер тараўы, Өзбекстан тарийхы мәмлекетлик музейине – мәденият ҳәм тарийх тараўындағы барлық музейлердиң жумысын илимий-изертлеў ҳәм методикалық жақтан муўапықластырыў, олардың бул бағдардағы өз-ара бирге ислесиўин тәмийинлеў, кадрлардың илимий потенциалын арттырыў ўазыйпасы жүкленди.

2021-жыл 1-январьдан баслап бул музейлерде музейтаныў, көркем өнертаныў, мәденияттаныў бағдарларында илимий кеңеслер  ҳәм илимий-методикалық кеңеслердиң жумысы жолға қойылды. Бул болса елимиздеги барлық көркем өнер ҳәм тарийх тараўында жумыс ислеп атырған музейлердеги хызметкерлердиң илимий потенциалын буннан былай да арттырыў ҳәм оларға және де кеңнен шараят жаратыўдай мақсетлерди  нәзерде тутады.

2020-жыл сентябрь айынан баслап  мәмлекетлик музейлерде ҳәр айдың биринши екшембиси «Ашық есиклер күни», деп жәрияланды ҳәм музейге кириў келиўшилерге бийпул  етип белгиленди. Бүгинги күнде «Ашық есиклер күни» ҳәр бир  музейде көтериңки рүўхта өткерилмекте. Бул, әлбетте, үлкен қызығыўшылық оятып, музейге келиўшилердиң қатарын және де кеңейтпекте.  Соның менен бирге, 2020-2025-жыллар даўамында басқышпа-басқыш ҳәр бир район ҳәм қалаларда үлкетаныў музейлери шөлкемлестириледи ҳәм Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети есабынан қаржыландырылады. Бундай баслама менен ҳәр бир аймақтың тарийхы ҳәм мәденияты менен жақыннан танысыўға кеңнен имканият жаратады. Жаңадан шөлкемлестирилип атырған  район (қала)лық үлкетаныў музейлериниң тийкарғы ўазыйпасы аймақтың тарийхы, тәбияты, этнографиясының бүгинги жағдайы ҳәм келешеги ҳаққында мағлыўматлар бериўши буйым ҳәм коллекцияларды жыйнаў, сақлаў ҳәм олардан пайдаланыўды шөлкемлестириўден ибарат болады.

Елимиз бойынша  200 ден аслам музейдиң жаңадан шөлкемлестирилиўи мәрипат ҳәм билим орайы сыпатында  музейлерге қаратылып атырған әмелий итибардың нәтийжеси болып есапланады.

Өзбекстан музейлеринде сақланып атырған айрықша буйымларды дүньяға кеңнен үгит-нәсиятлаў ҳәм таныстырыў мақсетинде бир қатар ийгиликли ислер алып барылмақта. Соның ишинде, Москва қаласындағы мәмлекетлик Третьяков галереясында быйыл Халықаралық музейлер күнинен баслап Қарақалпақстан Республикасындағы пүткил дүньяға белгили музей есапланған Савицкий атындағы мәмлекетлик көркем өнер музейи коллекциясында сақланып атырған Иван Кудряшовтың сийрек гезлесетуғын шығармалары көргизбеси шөлкемлестирилмекте. Ҳәзирги ўақытта бул көргизбениң ашылыў  мәресимин жоқары дәрежеде өткериўге таярлық жумыслары алып барылмақта.

Сондай-ақ, келеси  2022-жылы Париждиң пүткил дүньяға белгили Лувр музейинде Өзбекстанның бийбаҳа мийрасын көрсетиў бағдарында да қызғын таярлық  жумыслары алып барылмақта. Луврда болып өтетуғын  көргизбе жаңаланып атырған Өзбекстанның бай тарийхы, шексиз миллий мәденияты ҳәм көркем өнери, бүгинги раўажланыў қәдемлерин оғада табыслы  сәўлелендириўине гүман жоқ.

Булардың ҳәммеси келешекте музейтаныў ҳәм көркем өнертаныў бағдарында билим алып атырған студентлердиң музей тараўына болған қызығыўшылығын және де күшейтиў, музейлеримизде жумыс ислеп атырған хызметкерлердиң мийнетин ҳүрмет етиў,  кадрлар турақсызлығының алдын алыў, әсиресе, музейлеримиз дүньядағы жетик заманагөй музейлер қатарынан орын ийелеўине имканият жаратады.

 

Назокат УСМОНОВА,

ӨзАның хабаршысы