Султанов Адилбек Раджапович Қанлыкөл районы ҳәкиминиң қаржы-экономика ҳəм кəмбағаллықты қысқартыў мәселелери бойынша биринши орынбасары – Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў бөлими баслығы лаўазымына тайынланды. Бул ҳаққында район ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети хабар берди.

 

Мағлыўмат ушын, А.Султанов усы күнге шекем Хожели районы ҳәкиминиң қаржы-экономика ҳəм кəмбағаллықты қысқартыў мәселелери бойынша биринши орынбасары – Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў бөлими баслығы лаўазымында жумыс алып барған.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.