Россия Федерациясы Президенти Уллы мәртебели мырза Владимир Владимирович Путинге

 

Ҳүрметли Владимир Владимирович!

Аянышлы ўақыя – Қазан қаласындағы мектепте жүз берген атыспа ақыбетинде бийгүна балалар ҳәм жасы үлкенлердиң қурбан болғаны ҳаққындағы хабар мени терең қайғы ҳәм ләрзеге салды.

Ҳеш қандай себеп пенен ақлап болмайтуғын бул қайғылы зорлық ҳәрекетин қатаң қаралаймыз.

Сизге, қайтыс болғанлардың ата-аналары ҳәм жақынларына шын жүректен кеўил билдиремен және жарақатланғанлар тез ўақыт ишинде шыпа табыўын тилеймен.

Бул мүсийбетли демлерде Өзбекстанның көп миллетли халқы Россия халқы ушыраған қайғыға шерик.

Ҳүрмет пенен,

Шавкат Мирзиёев,

Өзбекстан Республикасы Президенти

 

uza.uz

Қарақалпақстан хабар агентлиги