Президент Шавкат Мирзиёев 10-май күни мәмлекетлик хызметлер көрсетиў тараўындағы реформалардың нәтийжелилигине байланыслы презентация менен танысты.

Мәмлекетимиз басшысының пәрманына муўапық, 2018-жыл 1-апрельден Өзбекстан Республикасы Әдиллик министлиги жанында Мәмлекетлик хызметлер агентлиги шөлкемлестирилип, жаңа концепция тийкарында ислеўди баслаған еди. Өткен ўақыт даўамында агентлик системасы жетилисип, хызмет көлеми кеңейип барды.

Атап айтқанда, енди жумыс басланған ўақытта хызмет түрлери 37 еди, ҳәзирги күнде олар 157 ге жеткен. Халыққа күнине орташа 57 мыңнан аслам мәмлекетлик хызметлер көрсетилмекте.

Оның ушын 117 нызам ҳүжжетлери ислеп шығылып, тараў реформаланды. 70 тен аслам мәмлекетлик хызмет әпиўайыластырылды. Талап етилетуғын ҳүжжетлер саны 221 ден 95 ге, хызмет көрсетиўдиң улыўма мүддети дерлик 500 күннен 271 күнге қысқартылды. Булардың барлығы халыққа үлкен қолайлылық жаратпақта.

Аймақларда мәмлекетлик хызметлер орайлары ушын 145 жаңа имарат ҳәм 115 филиал қурылды. Пуқаралық ҳалаты актлери архивиндеги 60 миллион қағаз түриндеги мағлыўматлар толық санластырылды.

Соның менен бирге, хызметлердиң қамтып алыныўын ҳәм жеделлигин арттырыў ушын  шешилиўи зәрүр болған машқалалар да бар. Мәселен, зәрүр мағлыўматлар толық санластырылмағанлығы себепли тек ғана 11 процент хызметлер электрон түрде көрсетилмекте. Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталының мобиль қосымшасы арқалы 30 түрде хызмет көрсетиў мүмкин. Оннан тек ғана 11и интерактив хызметлер. Электрон идентификация системасы және электрон санлы қол қойыў менен ислесиў раўажланбаған.

Презентацияда усындай машқалалар ҳәм олардың шешимлери додаланды. Мәмлекетимиз басшысы тараўды және де раўажландырыў, халыққа қолайлықларды арттырыў бойынша тийкарғы ўазыйпаларды белгилеп берди.

Сырт ел тәжирийбеси тийкарында, усы жылдың ақырына шекем мәмлекетлик хызметлер орайлары арқалы көрсетилетуғын хызметлер санын 200 ге жеткериў ўазыйпасы қойылды. Барлық 716 мәмлекетлик хызметти инвентаризациялап, олардың мүддетлери, төлеў муғдарлары, шәртлери ҳәм басқа да талапларын әпиўайыластырыў бойынша көрсетпе берилди.

– Мәмлекетлик уйымлардың халқымызға хызмети адамларды разы етиўдиң тийкарларынан бири. Қайсы аўылда, мәҳәлледе қайсы хызметке талап бар екенлигине қарап, соған шараят жаратыў керек. Қайсы хызметлерди арзанлатыў, қайсыларын бийпул етиў мәселесин таллап, халыққа жеңиллик ҳәм қолайлылық жаратыў зәрүр,-деди Шавкат Мирзиёев.

Уйымлараралық интеграция дәрежесин арттырыў, оның ушын мәмлекетлик хызметлерге төлемлердиң 20 процентин шөлкемлердиң мәлимлеме технологиялары системасын раўажландырыўға қаратыў, қағаз түриндеги архив ҳүжжетлерин санластырыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Электрон санлы қол қойыў менен ислесиў системасын жетилистириў, мәмлекетлик хызметлер порталының мобиль қосымшасын раўажландырыў, майыплығы болған пуқараларға төлемлерде шегирме бериў илажлары белгиленди.

 

ӨзА