Ассалаўма әлейкум, ҳүрметли ўатанласлар!

Қәдирли урыс ҳәм мийнет ветеранлары!

Бәринен бурын, мине усы уллы әййям күнлеринде, саўлатлы Жеңис паркинде турып, сиз, әзизлерди, бүгинги салтанатлы мәресимди орынлардағы студияларда, әскерий округлерде, шаңарақ дөгерегинде телевидение арқалы тамашалап атырған барлық ветеранларымызды, көп миллетли пүткил халқымызды Еслеў ҳәм қәдирлеў күни және уллы Жеңистиң 76 жыллығы менен шын кеўлимнен қутлықлайман.

Бәршеңизге өзимниң жоқары ҳүрмет-иззетим ҳәм жақсы тилеклеримди билдиремен.

Ҳүрметли урыс ҳәм мийнет фронты ветеранлары!

Бүгинги даңқлы сәнени биз ҳәмийше шексиз қуўаныш ҳәм шексиз қайғы менен белгилеймиз. Ўатан азатлығы ушын, ҳәзирги тыныш-аман күнлер ушын урыс майданларында қурбан болған ата-бабаларымызды, фронт артында пидайы мийнет еткен ўатанласларымыздың муқаддес естелигин еслеп, ҳүрмет көрсетемиз.

Сиз, уллы ветеранларымыздың теңсиз қаҳарманлығыңыз инсаният тарийхына мәңги өшпейтуғын, уллы бет болып жазылғанын терең миннетдаршылық пенен тән аламыз.

Уллы ҳәм теберик жасларға жетип, бүгин арамызда саў-саламат, пәтия берип жүрген урыс ҳәм мийнет фронтының барлық жаўынгерлерине және бир мәрте жоқары меҳир ҳәм ҳүрметимизди билдирип, олардың барлығына шын жүректен рахмет айтамыз.

Өмирдиң аўыр ҳәм ашшы сынақларын мәртлерше жеңип өткен Сиз, әзизлердиң Өзбекстанымызды ҳәр тәреплеме раўажландырыў, жасларды Ўатанға муҳаббат ҳәм садықлық руўхында, беккем ерк-ықрарлы инсанлар етип тәрбиялаўға қосып атырған мүнәсип үлесиңизди барлығымыз жоқары баҳалаймыз.

Сизлердиң  мәртлик ҳәм күш-жигериңиз коронавирус даўам етип атырған ҳәзирги қыйын дәўирде де мине усы қәўипли кеселликке қарсы гүресте бизге күш ҳәм мәдет бермекте.

Биз – бүгинги миннетдар әўладлар сизлердей мәрт аталарымыз бенен бир өмир мақтанамыз.

Мине усындай толқытқан минутларда сизлердиң урыс майданларында уллы қаҳарманлық көрсеткениңиз, урыстан кейин мәмлекетти тиклеў ҳәм раўажландырыў жолында ислеген пидайы хызметлериңиз ушын барлығымыз бас ийип тәжим етемиз.

Арадан және қанша жыллар, әсирлер өтпесин, сизлердиң фашизмге қарсы көрсеткен мәртлигиңизди халқымыз бәрқулла кеўлинде, ядында сақлайды, бул мәртлик жасларымыз ушын мәңги ибрат үлгиси болып қалады.

Ҳүрметли ўатанласлар!

Екинши жер жүзилик урыс миллионлаған бийгүнә инсанлардың өлимине себеп болған, мисли көрилмеген жоғалтыў ҳәм апатшылықларға алып келген ең қорқынышлы қырғын болғанын барлығымыз жақсы билемиз. Алты жыл даўам еткен бул қанлы урыста сол ўақытта дүньядағы 73 мәмлекеттен 62 си, Жер жүзи халқының 80 проценти қатнасқаны да бул ҳақыйқатты тастыйықлайды.

Европа, Азия ҳәм Африка материклериндеги 40 мәмлекетти тиккелей қамтып алған урыс ҳәрекетлерине 110 миллион адам тартылғаны ҳәм бул қырғында жәми 70 миллион адам қайтыс болғаны ҳәр қандай адамды ләрзеге салады. Ең көп қурбанлар бурынғы Аўқам республикаларының үлесине туўра келип, дерлик  27 миллион адамды қурағанын бүгин де үлкен қайғы ҳәм дәрт пенен еслеймиз.

Өзбекстан халқы пүткил прогрессивлик инсаният қатарында урыстың биринши күнлеринен баслап фашизмге қарсы урысқа кирди. Жаўыз душпанды жексен етиў ушын бар күш ҳәм имканиятларын жумсады.

Бул бойынша айырым ең әҳмийетли, бурын бизге белгисиз болған факт ҳәм санларды және бир мәрте еслеп өтиў орынлы, деп есаплайман.

Ҳәммемизге белгили, 1941-жылы республикамыз халқы 6 миллион 800 мыңнан аслам адамды қурайтуғын еди. Урыс басланыўы менен дерлик 2 миллион ўатанласымыз фронтқа атланды. Ҳәр бири ҳақыйқый мәниде қаҳарман болған бул әзиз инсанлардың 500 мыңнан асламы аяўсыз урысларда қайтыс болды.

Биз бул санларды ҳәр жылы 9-май – Жеңис байрамында қайта-қайта еске аламыз. Булар тек ғана әпиўайы санлар емес. Олардың негизинде мийирман аналарымыз, апаларымыз, мәрт ҳәм батыр аталарымыз, пүткил халқымыз кеўлиндеги шексиз қайғы ҳәм ҳәсирет жәмленген.

Бул дәртлерди ҳеш қандай сан, ҳеш қандай сөз бенен билдирип болмайды, десек, алжаспаған боламыз. Себеби, 500 мыңнан аслам қурбан – бул 500 мыңнан аслам апат дегени. Бул өмирлик жолдасынан айырылған мың-мыңлаған ҳаяллар, ата-анасынан айырылған миллионлаған жетим балалар дегенди аңлатады. Бул – арадан сонша жыллар өтсе де, халқымыз жүрегиндеги питпеген, ҳеш қашан питпейтуғын қайғылы жара, таўсылмас әрман дегени.

Өзбекстан халқы мине усындай аўыр апатшылықлар көрип, уллы Жеңиске теңсиз үлес қосты. Бул ҳақыйқатты 200 мыңнан аслам әскер ҳәм офицерлеримиз жаўынгер орден ҳәм медальлар менен сыйлықланғаны да анық дәлиллейди. Ўатанласларымыздың 301 и Совет Аўқамы Қаҳарманы деген уллы сыйлыққа, 70 тен асламы үш дәрежедеги «Даңқ» орденине миясар болғанын айрықша атап өтиў зәрүр.

Инсаният тәғдири ҳәм келешеги шешилип атырған сол қайғылы жылларда Өзбекстан фронттың беккем тәмийинлеў базасы болып хызмет етти.

«Ҳәмме нәрсе – фронт ушын, ҳәмме нәрсе – Жеңис ушын!» деген идея елимиздиң турмыслық исенимине айланды. Халқымыз күни-түни тынымсыз мийнет етип, үлкен муғдардағы азық-аўқат, кийим-кеншек, қурал-жарақ, дәри-дәрмақ резервлерин урыс майданларына үзликсиз жеткерип берди. Бомба ҳәм снарядлар тынымсыз жарылып турған аймақлардан 170 ке шамалас завод ҳәм фабрикалар Өзбекстанға эвакуация етилди ҳәм қысқа мүддетте қайта иске қосылды.

Урыстан жәбирленген 1 миллион 500 мыңнан аслам кекселер, ҳаял-қызлар ҳәм балалар рсепубликамызға алып келинди. Олардың 200 мыңнан асламы ата-анасынан айырылған жетим балалар еди.

Елимиз аянышлы урыс жылларында өзиниң жоқары гуманистлик пазыйлетлерин көрсетти. Өзбекстанға алып келинген ҳәр қыйлы миллетке тийисли мың-мыңлаған инсанларға баспана берди, мийрим-шәпәәт, адамгершилик көрсетип, ең соңғы нанын да олар менен тең бөлисти. «Ташкент – нан қаласы», «Өзбекстан – меҳир ели» екенин әмелде және бир мәрте дәлилледи.

Халқымыздың бундай үлкен мәртлиги, уллы мәртебелилиги пүткил жер жүзинде ҳүрмет-иззетке еристи. Ҳәм буның менен биз ҳәр қанша мақтансақ арзыйды.

Ҳүрметли ўатанласлар!

Сизлерге белгили, кейинги жыллары халқымыздың уллы Жеңиске қосқан үлкен үлесин ҳәр тәреплеме үйрениў ҳәм үгит-нәсиятлаў бойынша елимизде үлкен жумыслар әмелге асырылмақта. Бул бойынша бурын жабық болған архив ҳүжжетлери ашылғаны, бурынғы Аўқам республикалары ҳәм шет елдеги архив шөлкемлери, музей ҳәм фондлар, илимпаз ҳәм қәнигелер, кең жәмийетшилик пенен бирге ислесиў күшейгени үлкен әҳмийетке ийе болмақта.

Бүгинги күнде елимиздиң Екинши жер жүзилик урыс дәўириндеги тарийхы жаңа мағлыўмат ҳәм дәлиллер, аз ушырасатуғын ҳүжжетлер менен байып бармақта. Темаға байланыслы жаңадан-жаңа илимий изертлеўлер, көркем шығармалар, кинофильм ҳәм альбомлар, көплеген картина ҳәм естеликлер жаратылмақта.

Билимлендириў орынлары ҳәм мәҳәлле уйымларында бул бағдарда шөлкемлестирилген стенд ҳәм көргизбелерде жаўынгер ата-бабаларымыздың мәңги тулғалары, олар ҳаққындағы әҳмийетли тарийхый мағлыўматлар сәўлелендирилмекте. Биз бул жумысларды және де кең көлемде, жедел даўам еттириўимиз зәрүр.

Бүгин урыс жылларында бес азамат улынан айырылған Зулфия Зокирова ҳәм оның шаңарағына орнатылған естеликке гүлшеңбер қойып, ҳүрмет көрсеттик. Бул мәрт инсан тымсалында барлық Өзбекстан аналарына жоқары ҳүрмет-иззетимизди билдирдик.

Мине усындай пидайы аналарымыз – сүйген яры ҳәм перзентлерине, шаңарағы ҳәм ўатанына садық ҳаял-қызларымыздың мәртлиги жас ул-қызларымыз ушын Ўатанға муҳаббат, опадарлық ҳәм садықлық, сабырлылық тымсалы болып хызмет ететуғынына исенемен. Соның ушын бул комплекстеги ҳәр бир естеликтиң мазмуны ҳәм философиясын, халқымыз, әсиресе, жас әўлад қәлбине ҳәм санасына сиңдириўге айрықша итибар қаратыўымыз зәрүр. Жеңис паркиниң жумысын шөлкемлестириў ҳаққында өткен жылы  қабыл етилген Президент қарарына муўапық, бул бойынша итибарға ылайық жумыслар әмелге асырылмақта.

Әлбетте, олардың барлығы ҳаққында айтыў ушын көп ўақыт керек. Мен тек ғана ең әҳмийетли жумысларға қысқаша тоқтап өтпекшимен.

Бәринен бурын, Жеңис парки естелик комплексин әскерий тарийхымыз, урыс ҳәм мийнет фронты қатнасыўшыларының мәртлигин үйрениў бойынша илимий орайға айландырыў ҳәрекети басланды. Усы мақсетте шөлкемлестирилген жумысшы топар тәрепинен комплектиң электрон платформасы, онлайн бағдарламалары жаратылды ҳәм олардың жумысы жолға қойылды. Комплекстиң веб-сайты жетилистирилди. Екинши жер жүзилик урыста қатнасқан 2 миллионға шамалас ўатанласымыздың толық дизимин қәлиплестириў ҳәм усы тийкарда «Ўатан пидайылары» еслеў китабын таярлаў жумыслары алып барылмақта.

Өткен қысқа дәўирде, карантин шараятына қарамастан, Жеңис паркине 350 мыңға шамалас ўатанласымыз ҳәм сырт ел мийманлары келди. Олардың арасында оқыўшы ҳәм студент-жаслар, ҳүрметли нураныйлар, әскерий хызметкерлер, Дослық аўқамы мәмлекетлери ҳәм басқа да сырт ел пуқаралары, жоқары мәртебели сырт ел делегациялары ағзаларының бар екенлиги айрықша итибарға ылайық.

Бул жерге келген адамлардың Өзбекстанда Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшыларының естелигине көрсетилип атырған үлкен ҳүрмет-итибар ҳаққында билдирген қызғын пикирлери, жоқары баҳалары, ҳеш кимди бипәрўа қалдырмайды деп ойлайман.

Жеңис парки қысқа мүддетте теберик зыярат орнына, ҳәр қыйлы ушырасыўлар, руўхый-ағартыўшылық, әскерий-ўатансүйиўшилик руўхындағы илажлар турақлы өткерилетуғын қутлы орынға айланып қалғаны барлығымызды қуўандырады. Әсиресе, 300 мыңнан аслам жаслар қатнасқан «Шон-шараф» әскерий фестивалы, жас дөретиўшилердиң урыс темасындағы көргизбелери, таңлаўлар көпшиликте үлкен тәсир қалдырды.

Бүгинги күнде комплекс қурамында жумыс ислеп атырған «Шон-шараф» мәмлекетлик музейинде 12,5 мыңға шамалас экспонат жыйналған болып, олардың саны күн сайын артып бармақта.

Бул ҳаққында айтқанда, өткен жылы басып шығарылған «Өзбекстан халқының фашизм үстинен ерисилген жеңиске қосқан үлеси» китап-альбомын тилге алыў орынлы. Быйылғы байрам алдында оның үзликсиз даўамы болған «Өзбекстан Екинши жер жүзилик урыс дәўиринде» ҳәм «Жеңис парки философиясы» атлы китап-альбомлардың басып шығарылғанлығын айрықша атап өтиў орынлы. Бул басылымларда халқымыздың урыс жылларындағы қаҳарманлығы ҳаққында бурын бизге белгисиз болған көплеген жаңа мағлыўматлер келтирилген.

Бул бойынша бир мысалға итибар қаратпақшыман.

Ҳәммемизге белгили, белгили сахна устасы Маъсума Қориева урыстан алдыңғы жылларда бурынғы Ҳамза театрының жетекши артистлеринен бири болған. Оның қәйин атасы – жадидшилер ҳәрекетиниң белгили ўәкили Абдувоҳид қори, қәйниси – талантлы шайыр Алтой Қориев, өмирлик жолдасы – Мәденият министрлиги көркем өнер басқармасының баслығы Босит Қориев 30-жылларда наҳақ сиясий репрессияға ушырайды. Қәйин атасы ҳәм күйеўи өлим жазасына ҳүким етиледи.

Елге душпан бастырып келген аўыр күнлерде Маъсума Қориева өз басына түскен қайғыны умытып, еки перзенти – Шавкат ҳәм Батыр Қориевларды фашизмге қарсы урысқа жибереди. Өзи болса ҳәзирги Өзбек миллий театрында кәсиплик аўқамына басшылық етип, жүдә аўыр дәўирде хызметкерлерди материаллық тәмийинлеў ушын жанкүйерлик көрсетеди.

Урыс тамам болады, бирақ Маъсума апаның перзентлеринен дәрек болмайды. Мийирман ана олардың излерин излеп Москваға барады. Ол жерде еки улының да урыста қайтыс болғанын анықлайды.

Анықланыўынша, урыста көрсеткен мәртлиги ушын Шавкат Қориев «Қызыл байрақ» ордени, Батыр Қориев болса «Қызыл жулдыз» ордени менен сыйлықланған екен. Тилекке қарсы, Маъсума Қориева ол ўақытта буннан бийхабар еди. Ана перзент дағын көтере алмай 1946-жылы Москвада қайтыс болады.

Мине, усындай қайғылы ўақыялар менен танысқанда, қаҳарман ата-бабаларымыздың өлмес естелиги алдындағы қарзымыз ҳәм парызымызды еле де терең сезинемиз. Бүгинги тыныш, еркин күнлердиң қәдирине жетиў керек екенлигин және бир мәрте түсинемиз.

Ойлайман, тарийхшы илимпазларымыз, дөретиўши зыялыларымыз, киношы ҳәм сүўретшилеримиз Жеңис паркиндеги ҳәр бир комплекс ҳаққында жаңа илимий изертлеўлер, көркем фильмлер түсирип, халқымызға усынса, нур үстине нур болар еди.

Усы көзқарастан қарағанда, Екинши жер жүзилик урыс ҳаққындағы бир ҳақыйқатты анықлаў ҳәм халқымызға жеткериў, ата-бабаларымыздың естелигин мәңгилестириў бойынша еле көп жумыс ислеўимиз керек. Елимиздеги ҳәр бир аўыл, мәҳәлле ҳәм билимлендириў мәкемелери, мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес шөлкемлер, кең жәмийетшилигимиз урыс қатнасыўшыларына байланыслы материалларды топлаў ҳәм үгит-нәсиятлаўда еле де белсене қатнасады, деп исенемен.

Әсиресе, заманагөй илимди, атап айтқанда, миллий тарийхымызды үлкен қызығыўшылық ҳәм меҳир менен үйренип атырған жасларымыздан бул бойынша жаңа баслама ҳәм ҳәрекетлерди күтип қаламыз.

Бүгинги күнде елимизде урыс қатнасыўшылары ҳаққында мағлыўматлдардың толық электрон базасын жаратыўдың ўақты-сааты келди. Россия, Беларусь, Қазақстан сыяқлы мәмлекетлердиң бул бойынша унамлы тәжирийбесин үйренип, бундай әмелий жумысларды Өзбекстанда да шөлкемлестириўимиз керек.

Усы мүнәсибет пенен Министрлер Кабинетине еки ҳапте мүддетте Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшылары ҳаққындағы мағлыўматлардың электрон базасын жаратыў, бул бойынша арнаўлы сайтлар, Интернет ресурсларын көбейтиў ҳаққында қарар жойбарларды таярлап киргизиў тапсырылады.

Ҳүрметли әнжуман қатнасыўшылары!

Турмыс нызамшылығына бола, ўақыт өтиўи менен көп нәрсе умытылады, естен шығады. Бирақ бул жақтылы дүньяда уллы бир ҳақыйқат бар, ол ҳеш қашан өзгермейди, ҳеш қашан ескирмейди. Яғный, Ўатан ҳәм халық азатлығы, келешек әўладлардың бахты жолында мәртлик ҳәм қаҳарманлық көрсеткен инсанлардың естелиги бәрқулла мәңги жасайды.

Соның ушын биз урыс ҳәм мийнет ветеранларының иззет-ҳүрметин орнына қойыў, қайтыс болғанлардың естелигин мәңгилестириў бәрқулла муқаддес ўазыйпа болып қалады. Байрам мүнәсибети менен бул бойынша көп жумыслар әмелге асырылды. Соның ишинде, тийисли министрлик, мәкеме ҳәм шөлкемлер, әскерий бөлимлердиң басшылары қатнасыўында урыс ҳәм мийнет ветеранлары, олардың шаңарақ ағзаларын қутлықлаў, саўғалар тапсырыўға бағышланған мәресимлер салтанатлы жағдайда өткерилди.  Жалғыз жасап атырған урыс ҳәм мийнет ветеранларының үйлери оңланды ҳәм абат етилди. Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшылары ҳәм майыплығы болған шахслардың ҳәр бирине медициналық ҳәм социаллық хызмет көрсететуғын, оларға қараў менен шуғылланатуғын патронаж хызмети жолға қойылды. Мине, усындай ветеранларымыз өз қәлеўи менен республикамыздағы санаторийлерде емленбекте. Байрам күнлери барлық қала ҳәм аўылларымызда еслеў илажлары өткерилмекте.

Әлбетте, халқымыз мәнаўиятының ажыралмас бөлеги болған бундай саўаплы ислерди буннан былай избе-из даўам еттиремиз.

Қәдирли дослар!

Бүгинги тыныш емес ҳәм қәўип-қәтерли өмирдиң өзи Екинши жер жүзилик урыстың қанлы ўақыяларынан жуўмақ ҳәм сабақ шығарып жасаўды пүткил дүнья халықларынан талап етпекте. Жер жүзинде тынышлық ушын гүресиў, дүнья мәмлекетлери арасында өз-ара дослық ҳәм бирге ислесиў байланысларын күшейтиў бүгин ҳәр қашанғыдан да үлкен әҳмийетке ийе болмақта.

Биз жаңа Өзбекстанды қурыў стратегиясын мине усындай принциплер тийкарында әмелге асырмақтамыз ҳәм бул жолда ҳеш қашан артқа қайтпаймыз.

Әсиресе, бийбаҳа байлығымыз болған тынышлық ҳәм турақлылықты, миллетлер ҳәм динлераралық татыўлықты сақлаў, ғәрезсизлигимизди және де беккемлеў бәрқулла бас ўазыйпамыз болып қалады.

Дүньядағы ҳәм регионымыздағы тыныш емес жағдайды есапқа алған ҳалда, биз ҳәмийше қырағы ҳәм сергек болып жасаўымыз, Қураллы Күшлеримиздиң потенциалын арттырып, жасларымызды ўатансүйиўшилик ҳәм мәртлик руўхында тәрбиялаўымыз зәрүр.

Мине, усындай оғада әҳмийетли ўазыйпаларды нәтийжели атқарыўда уллы ата-бабаларымыз, ҳүрметли ветеранларымыздың мәртлиги ҳәм мақтанышлы дәстүрлери, әлбетте, биз ушын ҳәмийше ибрат мектеби болып хызмет етеди.

Халқымыз ҳәм миллетимиздиң жоқары қәдирият ҳәм пазыйлетлери мине усы тийкарда қәлиплеседи ҳәм раўажланады.

Қаҳарман аталарынан өрнек ҳәм үлги алып, олар менен бәрқулла мақтанып жасайтуғын халық ҳеш қашан кем болмайды ҳәм өзиниң жақсы мақсетлерине әлбетте жетеди.

Қәдирли ҳәм ҳүрметли ўатанласларым!

Сиз, әзизлерди бүгинги қутлы байрам – Еслеў ҳәм қәдирлеў күни менен және бир мәрте шын кеўлимнен қутлықлайман.

Мине усы имканияттан пайдаланып, жақынласып киятырған және бир уллы әйяям – муқаддес Рамазан ҳайыты менен де ҳәммеңизди шын жүректен қутлықлайман.

Шаңарақларыңызға тынышлық-татыўлық, қут-берекет, бахыт-ығбал тилеймен.

Халқымыз ҳәм пүткил инсаният ушын уллы Жеңисти тәмийинлеген барлық мәрт жаўынгерлеримизге даңқ болсын!

Тынышлық ҳәм азатлық жолында өзиниң әзиз жанларын пида еткен қаҳарманлардың естелиги мәңги жасасын!

Барлық жақсы арзыў-нийетлеримиз әмелге ассын!

Елимиз тыныш, халқымыз аман болсын!

Бәрқулла саў-саламат болың, әзизлерим, қәдирданларым!