Елимиздиң мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик басқарыў тараўы аўыр жоғалтыўға ушырады.

Белгили мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткер, Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи, белгили илимпаз ҳәм педагог Рустам Собирович Қосимов аўыр кеселликтен соң быйыл 7-май күни 65 жасында қайтыс болды.

Р.Қосимов 1955-жыл 30-августта Ташкент қаласында зыялылар шаңарағында туўылды. Орта мектепти тамамлап, Ташкент мәмлекетлик университети (ҳәзирги Өзбекстан Миллий университети)ниң шығыстаныў факультетинде билим алды.

Мийнет жолын Ташкент суў хожалығы институтында баслап, бир неше жыл даўамында Шығыс мәмлекетлеринде дилмаш болып хызмет етти. Кейин ала Ташкент мәмлекетлик университетинде изертлеўши, оқытыўшы, үлкен оқытыўшы, факультет деканы лаўазымларында нәтийжели жумыс иследи, педагогикалық жумысын илимий излениўлер менен үнлес ҳалда алып барып, экономика илимлериниң докторы илимий дәрежеси ҳәм доцент атағына ийе болды.

Үлкен шөлкемлестириўшилик қәбилетке ийе болған Р.Қосимов Ўатанымыз ғәрезсизлигиниң дәслепки жылларында Ташкент мәмлекетлик университети ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик қурылыс академиясында кафедра баслығы, факультет деканы, Банк-қаржы академиясының ректоры, жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министриниң биринши орынбасары ҳәм министр, Жәҳән экономикасы ҳәм дипломатия университетиниң ректоры, Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары сыяқлы  жуўапкерли ўазыйпаларда шын кеўилден мийнет етип, мәмлекетимизде тәлим-тәрбия тараўын заман талаплары тийкарында раўажландырыў, жоқары маман кадрлар таярлаўға мүнәсип үлес қосты.

Сондай-ақ, ол Өзбекстан Кәсиплик аўқамлары федерациясының басқарыў системасында түрли лаўазымларда жумыс ислеп, жәмийетимизде пуқаралық институтларының орны менен абырайын арттырыў бағдарында белсендилик көрсетти.

Пүткил саналы өмирин елине минсиз хызмет етиўге бағышлаған пидайы басшы мәмлекетимиздиң раўажланыўын жаңа басқышқа көтериў, жаңа Өзбекстанды қурыў процесслеринде белсене қатнасты. Усы дәўирде жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министри, Өзбекстан Республикасы Президенти Мәмлекетлик кеңесгөйиниң биринши орынбасары, Мәмлекетлик басқарыў академиясының ректоры лаўазымларында қызғын жумыс алып барды.

Кейинги жылларда Өзбекстан Республикасы Президентиниң Жәмийетлик ҳәм диний шөлкемлер менен бирге ислесиў мәселелери бойынша кеңесгөйи ҳәм бир ўақыттың өзинде Өзбекстан халықаралық ислам академиясының ректоры лаўазымларында нәтийжели жумыс ислеп, елимизде миллетлераралық дослық ҳәм аўызбиршиликти беккемлеў, диний-руўхый қәдириятларымызды тиклеў ҳәм раўажландырыў, мәҳәлле институтының орны менен абырайын арттырыў, нуранийлар, ҳаял-қызлар ҳәм жасларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, кәмбағаллықты қысқартыў, социаллық-руўхый орталықтың турақлылығын тәмийинлеўге қаратылған әҳмийетли мәмлекетлик бағдарламаларды әмелге асырыўда өзиниң бай билим ҳәм тәжирийбеси, жоқары потенциалын жумсады.

Р.Қосимов 50 жылға шамалас мийнет жолы даўамында қайсы лаўазымда ислемесин, бәрқулла халқымыз ҳәм Ўатанымыздың мәпин гөзлеп, пидәкерлик пенен мийнет етти. Мәмлекетимиз жәмийетшилиги оның илим, тәлим-тәрбия тараўындағы кең көлемли реформаларды әмелге асырыў, жасларды миллий ҳәм улыўмаинсанийлық қәдириятлар руўхында тәрбиялаў, Өзбекстанның халықаралық абырай-мәртебесин арттырыў бағдарындағы хызметлерин жақсы биледи ҳәм жоқары қәдирлейди.

Р.Қосимов мәмлекетимиз ҳәм халқымыз алдындағы хызметлери ушын «Меҳнат шуҳрати» ордени менен сыйлықланған еди.

Халқымыздың жетик перзенти, белгили мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткер, жаслардың меҳрибан устазы, кишипейил ҳәм кеңпейил инсан Рустам Собирович Қосимовтың жарқын естелиги жүреклеримизде ҳәмийше сақланып қалады.

 

Ш.Мирзиёев, Т.Норбоева, Н.Исмоилов,

А.Арипов, З.Низомиддинов