Сайлаў – мәмлекет ҳәм жәмийет турмысында әҳмийетли сиясий ўақыя. Мәмлекетти раўажландырыў, халықтың абаданлығын үзликсиз жоқарылатыўдың әҳмийетли қуралы ҳәм имканиятларының бири болып есапланады. Гәп әне усы үлкен имканияттан нәтийжели пайдаланыўда. Бул болса, бәринен бурын, сайлаў шөлкемлестириўшилериниң билим ҳәм көнликпесиниң оғада жоқарылығы, олардың жүрегиндеги халық ҳәм Ўатан тәғдирине қатнасы сезиминиң беккемлигине де байланыслы.
Усы жыл 27-апрельде Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен Сайлаў комиссиялары ағзаларының маманлығын арттырыўды шөлкемлестириў концепциясы тастыйықланды. Сол күни және бир ҳүжжет – Орайлық сайлаў комисиясы менен Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик басқарыў академиясы, Ташкент мәмлекетлик юридикалық университети, Бас прокуратура академиясы, Ишки ислер министрлиги академиясы арасында усы Концепцияны әмелге асырыўда өз-ара бирге ислесиў ҳаққында Келисимге де қол қойылды.
Усы келисим быйылғы жылы мәмлекетимизде болып өтетуғын Президент сайлаўы ҳәм сайлаў алды процесслерин нызамда белгиленген тәртипте, жоқары дәрежеде шөлкемлестириў ушын сайлаў процеси қатнасыўшыларының жәмийетлик-сиясий тараўға байланыслы билими ҳәм әмелий көнликпелерин және де арттырыў, сайлаўшылар ҳәм сайлаў шөлкемлестириўшилериниң әмелдеги сайлаў институтларына исенимин беккемлеў және оларға қатнас сезимин жоқарылатыў мақсетинде көп тәреплеме пайдалы өз-ара бирге ислесиўди әмелге асырыўға қаратылған.
Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен тастыйықланған Сайлаў комиссиялары ағзаларының маманлығын арттырыўды шөлкемлестириў концепциясы тийкарында Мәмлекетлик басқарыў академиясында сайлаў комиссиялары ағзалары ҳәм сайлаў процесиниң басқа да шөлкемлестириўшилериниң маманлығын арттыратуғын республика тренерлери ушын 6-майға шекем даўам ететуғын семинар-тренинглер басланды.
Сайлаў комиссиялары ағзаларының маманлығын арттырыўды шөлкемлестириў концепциясын ислеп шығыўда үш әҳмийетли мәселеге айрықша итибар қаратылды.
Бириншиден, 2019-жылы болып өткен Парламент ҳәм жергиликли Кеңеслер сайлаўларына таярлық көриў процесинде каскад усылында шөлкемлестирилген семинар-тренинглер дәўиринде арттырылған унамлы тәжирийбе және жол қойылған кемшиликлер ҳәр тәреплеме додаланды және бул тәжирийбеден ең оптимал, унамлы әмелиятқа сүйенилди.
Екиншиден, өткен сайлаўларды бақлаған халықаралық бақлыўшылар, сырт ел шөлкемлери миссиялары, соның ишинде, Европада қәўипсизлик ҳәм бирге ислесиў шөлкеми Инсан ҳуқықлары бойынша бюросы миссиясының жуўмақлаўшы пикирлеринде билдирген қарама-қарсылықлары, пикир-усыныслары терең талланды және сайлаў комиссиясы ағзалығына талабанларды таңлап алыў, олардың сайлаў нызамшылығы ҳәм халықаралық сайлаў стандартлары бойынша билим ҳәм көнликпелерин буннан былай да жоқарылатыўда итибар қаратыў керек болған мәселелер бойынша билдирген усыныслары инабатқа алынды.
Үшиншиден, 2019-жылы өткерилген семинар-тренинглерди өткериўде белсене қатнасқан Республика тренерлери, усы семинар-тренинглерди шөлкемлестириўде қатнасқан мәмлекетимиздиң абырайлы жоқары билимлендириў шөлкемлери ҳәм басқа да министрликлер, уйымларда жумыс ислеп атырған сайлаў нызамшылығы ҳәм әмелияты бойынша жергиликли илимпазлар, экспертлердиң пикир-усыныслары инабатқа алынды.
– Сайлаў комиссиялары ағзалығына талабанларды таярлаў ҳәм маманлығын арттырыўға быйылғы жылы пүткиллей жаңа қатнас жасалмақта, – деди Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының баслығы З.Низомхўжаев. – Бул қатнастың өзине тәнлиги бул процессте сайлаў шөлкемлестириўшилериниң тек маманлығы арттырылатуғынында емес, ал оқыўлардың барлық басқышларының қатаң мониторинги де жүргизилетуғынында.
Семинар-тренинг Мәмлекетлик басқарыў академиясы ҳәм Ташкент мәмлекетлик юридикалық университети профессор-оқытыўшыларынан ибарат экспертлер топары тәрепинен ислеп шығылған оқыў бағдарламасы ҳәм оқыў-методикалық материаллар тийкарында алып барылмақта.
Нурилло НАСРИЕВ,
ӨзАның хабаршысы