Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик басқарыў академиясында Қарақалпақстан Республикасы, Хорезм, Сурхандәрья, Қашқадәрья ўәлаятлары сектор басшылары,  атқарыў уйымларының басшы кадрлары ушын оқыў-әмелий семинар шөлкемлестирилди.

Онда Бас министрдиң орынбасары – Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы Зулайҳо Маҳкамова баянат жасады.

Районлар ҳәм қалаларда потенциаллы ҳаял-қызларды басшылық лаўазымы резервине усыныс етиў, әсиресе, экономикалық, ҳуқық-қорғаў, энергетика, аўыл хожалығы, транспорт, хызмет көрсетиў коммуналлық тараўларда басшылық лаўазымларында ҳаял-қызлардың үлесин арттырыў, талантлы ҳаял-қызлардың талантларын әмелге асырыўына жәрдем бериў, ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў, исбилерменлик көнликпелерин қәлиплестириў  ҳәм раўажландырыў, мийнет базарында талабы жоқары кәсип-өнерлерге оқытыў мәселелерине итибарды және де күшейтиў зәрүр екенлиги  айрықша атап өтилди.

Келешекте “Сайхунабад тәжирийбеси” бойынша жумыссыз ҳаял-қызларды пал жетистириў, қусшылық, ыссыхана, балық жетистириў ҳәм басқа бағдарларда, кеәсип-өнерге оқытыў, лидер исбилермен ҳаял-қызларға  мүтәж  ҳаял-қызларды бириктирип, дәрамат табыўды үйретиў, ҳаял-қызлардың бизнесин кеңейтиўге жәрдем бериў арқалы жаңа жумыс орынларын жаратыў, шаңарақларда киши өндирис цехларын (мийўе-овощ, сүт өнимлерин қайта ислеў, гезлеме тоқыў, тигиў ҳәм басқа) қурыў, миграциядан қайтқан ҳаял-қызларға социаллық жәрдем көрсетип барыў  жумысларын системалы даўам еттириў  ҳәм мәҳәллелерде “Ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм саламатлығын беккемлеў орайлары”н шөлкемлестириў сыяқлы ўазыйпалар белгилеп берилди.

Сондай-ақ, секторлар басшылары, райондағы жуўапкер шөлкемлер менен “Ҳаял-қызлар дәптери”не киргизилген ҳаял-қызларды ҳәр тәреплеме  қоллап-қуўатлаў бойынша бирге ислесиўди және де күшейтиў, “Ҳаял-қызлар дәптери”не киргизилген ҳәр бир ҳаял-қызды турақлы дәрамат табыўға үйретиў, ҳаял-қызлардың хирургиялық операциялары ҳәм емлениўине қаржыларды  өз ўақтында бериў, турақ жайды оңлаў ҳәм турақ жай менен тәмийинлеў  системасын беккемлеп алыў бойынша да зәрүр ўазыйпалар атап өтилди.

Белсенди сөйлесиў ҳәм сораў-жуўап руўхында өткен сабақ процесинде орынларда  зорлық-зомбылыққа ушыраўға бейимлиги болған шақарақларды анықлаў, жәбирлениўге шекем олар менен профилактика жумысларын системалы шөлкемлестириў, ҳаял-қызлар жынаятын  кескин қысқартыў бойынша “Социаллық профилактика – ҳуқықый үгит-нәсият социаллық бейимлестириў” жумыс усылларын жумысқа кеңнен енгизиў, жәбирленген ҳаял-қызлар  менен социаллық реабилитация жумысларын алып барыў, шаңарақлық қәдириятларды сақлап қалыў, шаңарақлардың абаданлығын арттырыў арқалы  ажырасыўлардың алдын алыў мәселелери бойынша пикир-усыныслары тыңланды.

Муҳайё Тошқораева,

ӨзАның хабаршысы