Президентимиз региондағы ең қолайлы ҳәм тартымлы бизнес орталығын сақлап қалыў ушын турақлы салық сиясаты даўам еттирилетуғынын атап өтти.

Атап айтқанда, турмыслық зәрүр қәрежетлерди қаржыландырыў ушын бюджет түсимлери қанша зәрүр болмасын, тийкарғы салықлар бойынша ставкалар өзгермейди.

Сондай-ақ, жер яки мәмлекетлик мүлк ҚҚСсыз сатылады, мобиль байланыс ушын акциз салығы (10 процент) бийкар етиледи.

Қала шегарасындағы аўыллық жерлерге 2 есе жер салығын есаплаў тоқтатылады. Баспа кәрханалары пайда салығын төлеўден 5 жылға азат етиледи.

Буннан тысқары, IT-park резидентлерине барлық түрдеги салықларды төлеўден азат етиў бойынша салық жеңилликлери 2040-жылға шекем созылады.

Жеке меншик мектеп ҳәм бақшалар, сырт елли оқыўшылар ҳәм қәнигелер ушын берилген барлық салық жеңилликлери 2030-жылға шекем әмел етеди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги