Президент Шавкат Мирзиёев 20-декабрь күни мәмлекетимиздеги белсенди исбилерменлер менен ушырасты. Видеоселектор түринде өткен сөйлесиўде тараўды қоллап-қуўатлаў бойынша жыл жуўмақлары ҳәм 2025-жылға мөлшерленген режелер додаланды.
Ушырасыў алдынан мәмлекетимиз басшысы шығып сөйлеп, бул бағдардағы тийкарғы мақсет ҳәм нәтийжелерди көрсетип өтти.
-Исбилерменликти раўажландырыў- биз ушын стратегиялық ўазыйпа. Бизиң таянышымыз да, сүйеншимиз де, ең үлкен күшимиз де усы тараўда жәмлескен. Сол себепли исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў орайдан баслап ең төменги буўынға шекем –барлық басшылардың күнделикли жумысы болыўы шәрт. Әсиресе, орынларда ҳәкимлер ҳәр бир исбилермен менен көбирек сөйлесип, кәрханаларға барып, олардың дәрти менен жасаўы керек. Биз үлкен талант ийелери болған бизнес ўәкиллерин қәстерлеп-сақлаўымыз керек. Олар биз ушын жүдә қәдирли инсанлар,-деди Шавкат Мирзиёев.
Усы көзқарастан келип шығып, Өзбекстан Республикасы Президенти жанында Исбилерменликти қоллап-қуўатлаў бойынша жәмийетлик кеңес дүзилген. Бул кеңес мәмлекет ҳәм исбилермендиң арасында көпир болып, анық усыныслар билдирип келмекте. Усы жылдың өзинде исбилерменлер жумысы ушын оғада әҳмийетли болған 5 нызам, 101 пәрман ҳәм қарарлар қабыл етилди.
Соңғы жыллары экономикамызда пул көбейди. Бул инвестиция жойбарларын турақлы қаржыландырыўға тийкар болмақта. Соның ишинде кәрханалардың банклердеги қаржылары 20 триллион сумға артып, 107 триллион сумға, халықтың аманатлары 25 триллион сумға көбейип, 105 триллион сумға жеткен.
Жыл жуўмағы менен ажыратылған жәми кредитлер 275 триллион сумды қурайды. 2025-жылы бул көрсеткиш 300 триллион сумнан артатуғыны есап-санақ етилген. Әсиресе, киши бизнеске берилетуғын кредитлердиң үлеси ҳәзирги 28 проценттен 40 процентке арттырылып, 120 триллион сумға жеткериледи.
Исбилерменлер талабынан келип шығып, банклер 2025-жылы сырттан мәмлекет кепиллигисиз 6 миллиард доллар алып келиўди режелестирген. Факторингке кең жол ашылғаны нәтийжесинде усы жылдың өзинде 100 миллион долларлық усындай хызметлер көрсетилген.
Бизнес ушын жол, суў, электр, газ, темир жол сыяқлы инфраструктуралар ушын быйыл 35 триллион сум қаратылған. Келеси жылы және 43 триллион сум ажыратылыўы режелестирилген.
Кәрханаларды турақлы энергия менен тәмийинлеў ушын электр ислеп шығарыў 82 миллиард киловатт саатқа жетти. Быйыл иске қосылған 6,3 миллиард долларлық 17 энергия қуўатлылықлары есабынан, келеси жылы дерлик 90 миллиард киловатт саат электр ислеп шығарылады. Усы жумысларды даўам еттирип, 2025-жылы және 6,4 миллиард долларлық 25 жойбар шеңберинде 4,8 гигаватт жаңа қуўатлылықлар қурылады.
Ҳәзирги күнде елимизде бийғәрез энергия ислеп шығарыўшылар саны 24 қа жетти. 2025-жылы биринши рет электр энергиясының онлайн көтере саўда базары иске қосылады. Тәжирийбе сыпатында Самарқанд, Жиззақ ҳәм Сырдәрьядағы электр тармақлары жеке меншик секторға бериледи.
Туризм тараўы да раўажланбақта. Исбилерменлердиң 6,5 триллион сум қаржысы менен 24 мың орынлық мийманханалар иске қосылды. Келеси жылы мийман орынлары және 30 мыңға артады. Быйыл иске қосылған 17 ири саўда ҳәм саятхатшылар орайы жанына келеси жылы және 25 усындай комплекслер қосылады.
Саўданы раўажландырыў бойынша өз алдына компания шөлкемлестирилип, экспортты қаржыландырыў ушын 350 миллион доллар берилди. Нәтийжеде бул қаржыдан берилген ҳәр 1 доллар арқалы исбилерменлер 6 долларлық экспорт етти Келеси жылы және 300 миллион доллар қаратылады.
Исбилерменлер усы жылы 11,5 триллион сумлық 3 мың мәмлекет мүлкин ҳәм 4 мың гектар жерди сатып алып, бизнести баслады. Келеси жылы және 4,5 мың имарат ҳәм 6 мың гектар жер исбилерменлерге бериледи.
Узақ жыллардан берли мәмлекет монополиясында болған жолларды оңлаў ҳәм сақлаўға жеке меншик секторды кеңнен тартыў кеңейтиледи. Быйыл 260 километр жолларды сақлаў жумыслары ислерменлерге берилди. Келеси жылы бул 3 мың километрге жеткериледи. Азия раўажланыў банкиниң қатнасыўында 86 районда қурылатуғын 841 километр жоллар толық жергиликли бөлип алып ислеўшилер тәрепинен әмелге асырылады.
Темир жол тараўында санластырыў ҳәм операциялық нәтийжелиликти арттырыў есабынан жүк тасыў мүддетлери 40 процентке қысқарды. Әҳмийетлиси, станцияларда жүклерди төлемсиз түсириў ўақты 2 саатан 3 күнге созылғаны ушын исбилерменлер жылына 57 миллиард сум үнемлемекте.
Авиация тараўында жеке меншик компаниялардың саны 14 ке жетти. Қосымша 6 жүк ҳәм 16 жолаўшы ҳаўа кемеси алып келинди. Бухара, Наманган аэропортлары жеке меншик шерикликке берилди, Әндижан ҳәм Ургенш аэропортлары бойынша тендер даўам етип атыр.
Мәмлекетимиз басшысы қолайлы бизнес орталығын сақлап қалыў ушын турақлы салық сиясаты жүргизилетуғынын атап өтти.
Соның ишинде, ҳәзирги күнде бюджет түсимлери қаншелли керек болмасын, тийкарғы салықлар бойынша ставкалар өзгермейди. Сондай-ақ, 1-январьдан баслап, жер яки мәмлекет мүлки қосымша қун салығысыз сатылады, мобиль байланыс ушын акциз салығы бийкар етиледи. Қала шегарасындағы аўыллық жерлерге 2 есеге жер салығын есаплаў тоқтатылады. Баспа кәрханалары пайда салығын төлеўден 5 жылға азат етиледи.
Буннан тысқары, IT-парк резидентлерине барлық түрдеги салықларды төлеўден азат етиў бойынша жеңилликлер 2040-жылға шекем созылады. Жеке меншик мектеп ҳәм бақшалар, сырт ел оқытыўшысы ҳәм қәнигелери ушын берилген барлық салық жеңилликлери 2030-жылға шекем әмел етеди.
Бизге белгили, Өзбекстанның Жәҳән саўда шөлкемине ағза болыў процеси жуўмақлаўшы басқышқа кирмекте. Экономикада бул шөлкем қағыйдаларына қайшы келетуғын жеңилликлер бийкарланбақта. Сол себепли исбилерменлердиң әдил бәсеки орталығында жумыс алып барыўы ушын барлық шараятлар жаратылатуғыны айтылды.
Бизнес ушын транспорт ҳәм логистика мәселеси жүдә әҳмийетли. Сонлықтан қоңсы мәмлекетлер менен келисип, “Ханабад”, “ Қарасуў”, ҳәм “Үшқорған” шегара постлары тикленди. Келеси жылы “Ғишткўпир”, “ Наўайы”, “ Даўыт ата”, “Шават”, ҳәм “Гүльбаҳар” шегара постларында қосымша коридорлар қурылып, өткериў қуўатлылықлары 5 есеге арттырылады.
Улыўма, қурамалы геосиясий шараятқа қарамай, быйыл мәмлекетимиз экономикасы 6,3 процентке артып, 111 миллиард доллардан көбейди. Санаат, аўыл хожалығы ҳәм хызметлер тараўына 38 миллиард доллар инвестиция кирди, экспорт 26 миллиард доллардан артты.
Мәмлекетимиз басшысы бул нәтийжелерде, халықты жумыс пенен тәмийинлеў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыўда исбилерменлердиң орны үлкен екенин айтып, оларға миннетдаршылық билдирди.
Бул пәтти даўам еттирип, келеси жылы жалпы ишки өнимди 120 миллиард долларға ҳәм экспортты 30 миллиардқа жеткериў, 42 миллиардтан аслам инвестиция тартыў, мөлшерленбекте.
Бул шеклерге ерисиў ушын исбилерменликке және де кең имканиятлар бериў керек. Ушырасыўда усылар ҳаққында пикир алысты. Исбилерменлер бизнес қағыйдаларын аңсатластырыў, шийки затты терең қайта ислеп, жоқары қосымша қун ҳәм экспортты кескин арттырыў бойынша усынысларын айтты. Барлық пикир- усыныслар ашық додаланып, керекли илажлар белгиленди.
Бәринен бурын, жеке меншик секторда жумыс алып барыўшы адамлардың дәраматын көбейтиў әҳмийетли екенлигин атап өтти. Усы мақсетте, кеминде 2,5 миллион сум мийнет ҳақы төлейтуғын, 15 процент жумысшысы мүтәж шаңарақтан болған, таяр өним шығарыўшы тоқымашылық ҳәм тери кәрханаларына жеңилликлер бериледи. Олардың пайда салығы да, жумысшының дәрамат салығы да 1 процент болады.
Мәмлекетимиз басшысы усындай социаллық критерия тийкарында басқа тармақларға да қолайлық жаратыўға таяр екенлигин билдирди.
Енди исбилерменлер банк кредити менен шекленип қалмастан, халықаралық стандартларға бейимлесип, сырттан еркин қаржы алып келиўи керек. Буның ушын халықаралық консальтинг компанияларын кеңнен тартып, исбилерменлердиң сыртқы қаржы базарларына шығыўына жәрдемлесиўши орай ашылатуғынлығы айтылды.
Елимизде жумысшылары 5 мыңнан аслам, жыллық дәраматы 1 триллион сумнан артқан 142 “чемпион” исбилермен бар. Олар “бир тармақтан- көп тармақлы” корпорацияға айланып, түрлес тараўлардың раўажланыўына да үлкен үлес қоспақта.
Бундай перспективалы исбилерменлерди қоллап-қуўатлап, басқаларды да изине қосыў мақсетинде оларға жер ҳәм имаратты тиккелей бериў, мәмлекет кәрханаларын да узақ мүддетке басқарыўға тапсырыў мүмкин болады.
Бизге белгили, дүньядағы 10 ең бай компанияның 7си мәлимлеме технологиялары ҳәм қаржылай хызмет тараўларынан шыққан. Елимизде де усындай компаниялар көбейиўи ушын қолайлықлар арттырылады. Атап айтқанда, оларға үгит-нәсиятлаў ҳәм раўажланыў орайлары (R&D) ушын лаборатория үскенелерин, технологиялық үскенелерди бажысыз алып келиўге рухсат бериледи.
Мәмлекетимиздеги мыңға шамалас кәнлерде 100 ден аслам түрдеги минерал шийки зат резерви бар. Олардың негизинле жоқары баҳалы өнимлер таярланыўы ушын январьда 400 жаңа кән аукционға шығарылыўы белгиленди.
Пахта ҳәм ғәлледен қысқаратуғын жерлер 50 гектарға шекем ири лотларда аукционға қойылып, санаатласқан плантация шөлкемлестириў ушын профессиоанл инвесторларға сатылады. Бул жерлердеги 20 сотихқа шекемги майданда шок усылында музлатыў, бөлеклеп алыў ҳәм қадақлаў цехларын қурыўға рухсат бериледи.
Исбилерменликке байланыслы нызамшылықты Жәҳән саўда шөлкеми ҳәм заман талапларына бейимлестириў мақсетинде жаңаланған Бажыхана кодекси жойбары ислеп шығылыўы белгиленди.
Ушырасыў жуўмағында мәмлекетимиз басшысы исбилерменлердиң жойбар ҳәм басламаларын қоллап-қуўатлаўға ҳәр қашан таяр екенлигин атап өтти.
-Өзбекстанда исбилерменлик ҳәрекети изге қайтарып болмайтуғын үлкен күшке айланды. Биз мәмлекет көлеминде қандай үлкен мақсет ҳәм ўазыйпаларды өз алдымызға қоймайық, оларды әмелге асырыўда пүткил халқымыз бенен бирге, бәринен бурын, сизлерге сүйенемиз. Исбилерменлеримиз қанша бай болса, халқымыз соншелли абат жасайды, мәмлекетимиз сонша қүдиретли болады. Исбилерменниң табысы-бул пүткил халқымыздың табысы, -деди Президент.
ӨзА