2025-жылдың 24-ноябрьинен 5-декабрине шекем Өзбекстанның тарийхый қаласы Самарқандта Жоқ болып кетиў қәўипи астында турған жабайы фауна ҳәм флора түрлериниң халықаралық саўдасы ҳаққындағы конвенция (CITES) тәреплер конференциясының 20-мәжилиси (СОР20) өткериледи.
Бул ҳаққындағы келисим экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министри Азиз Абдуҳакимов ҳәм CITES Бас хаткери Ивонн Игуеро тәрепинен Биологиялық көп түрлилик ҳаққындағы конвенция қатнасыўшылары конференциясының Колумбияның Кали қаласында болып өткен 16-мәжилиси шеңберинде қол қойылды.
– Бул шәртнамаға қол қойылыўы биологиялық көп түрлиликлиң жоқ болыўы ҳәм жабайы тәбияттың нызамсыз саўдасына қарсы гүресте бирге ислесиўдиң әҳмийетли екенин көрсетеди, – дейди А.Абдуҳакимов. – Биз халықаралық жәмийетти 2025-жылы СОР20 шеңберинде Самарқандта күтип алыўдан миннетдармыз, ол жерде планетамыздың бай биологиялық мийрасын қорғаў бағдарындағы ис-ҳәрекетлеримизди бирлестиремиз.
Өз гезегинде И.Игуеро Өзбекстанның CITES COP20 илажларын тарийхый Самарқанд қаласында өткериў усынысы ушын миннетдаршылық билдирди.
– Конференцияның бул әййемги қалада өткерилиўи ҳәм тарийхый сезимлерди оятады, ҳәм жабайы түрлердиң халықаралық саўдасы тәртипке салынған, жабайы тәбият нызамбузарлықлары сезилерли дәрежеде кемейген ҳәм CITES дизимине киргизилген түрлер жабайы тәбиятта көбейген келешекке үлес қосады, – дейди И.Игуеро.
Атап өтиў керек, Өзбекстан Орайлық Азияда CITESтың 184 Тәрепи (183 мәмлекет + Европа Аўқамы) ҳәм жабайы тәбиятты қорғаў, ҳәм саўда тараўында кең көлемдеги мәпдар тәреплердиң мәжилисин өткеретуғын биринши мәмлекет. «Қоршаған орталықты сақлаў ҳәм «жасыл» экономика жылы»нда шөлкемлестирилетуғын глобал илажда 4000 нан артық қатнасыўшы ҳәм делегат қатнасыўы күтилмекте.
CITES COP20 тәреплерине жабайы тәбияттың халықаралық саўдасы турақлылығы, нызамлылығы ҳәм бақланыўы, түрлерди сақлаў ҳәм турақлы ресурсларды басқарыў бойынша әҳмийетли додалаўларда қатнасыў имканиятын береди. Буннан тысқары, 2025-жылы CITES СОР20 ның 20 жыллық юбилей мәжилиси 1975-жылы Конвенция күшке киргениниң 50 жыллығына туўра келеди.
Мағлыўмат орнында айтыў керек, CITES конвенциясына 1973-жыл 3-мартта қол қойылған ҳәм 1975-жылы 1-июльде күшке кирген. Конвенция жабайы тәбиятты қорғаў бойынша дүньядағы ең күшли қураллардан бири болып қалмақта. CITES дизимине киргизилген көплеген түрлердиң ўатаны болған Өзбекстан 1997-жылдан берли Конвенция қатнасыўшысы болып есапланады.
Муҳайё Тошқораева, ӨзА