Қарақалпақстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлигинде “Аўыл хожалығы тараўында әмелге асырылған жумыслар ҳәм алдағы режелер” атамасында ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери ушын баспасөз конференциясы болып өтти.
Аўыл хожалығы министриниң биринши орынбасары А.Козиев әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында мағлыўмат берди.
Атап өтилгениндей, аўыл хожалығы, тоғай ҳәм балық хожалығында быйылғы жылдың үшинши шерегинде 10,3 триллион сумлық өним ислеп шығарылған, өсим 104,8 процентти қурайды. Жыл жуўмағы бойынша 18,3 триллион сумлық өним ислеп шығарылыўы режелестирилген.
Атап айтқанда, 323 мың тонна дән, 268 мың тонна пахта, 349 мың тонна овощь, 99 мың тонна картошка, 72 мың тонна мийўе, 12,3 мың тонна жүзим, 128,7 мың тонна гөш, 463 мың тонна сүт, 413 миллион дана мәйек, 95 мың дана қаракөл териси, 12,2 мың тонна балық жетистириледи.
2025-жылдың өними ушын 2637 фермер хожалықлары тәрепинен 53 мың гектар майданға бийдай егилген. Сондай-ақ, барлық түрдеги хожалықларда 2025-жылдың өними ушын 7035 гектар майданға тоқсанбасты усылында овощь егинлери егилди. Быйыл баҳасы 259 миллиард сумлық 783 аўыл хожалығы техникалары сатып алыныўы режелестирилип, бүгинги күнде 228 миллиард сумлық 742 аўыл хожалығы техникалары сатып алынды. Соннан 66 техника фермер хожалықларына, 3 техника кластер кәрханаларға, 73 техника МТП ларға жеткерип берилди.
Илаж даўамында ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери аўыл хожалығы жумыслары менен байланыслы басқа тараўлар менен бирге ислесиў, фермер хожалықларын қоллап-қуўатлаў, өзин-өзи бәнт етиў мақсетинде аўыл турғынларына егин егип алыўы ушын берилип атырған жерлер, көрсетилип атырған әмелий жәрдем ҳәм басқа да тараўға байланыслы мәселелер бойынша өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги