Қанлыкөл районы ҳәкиминиң аўыл ҳәм суў хожалығы мәселелери бойынша орынбасары лаўазымына Сеилханов Амангелди Алпысбаевич тайынланды. Бул ҳаққында район ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети хабар берди.

 

Мағлыўмат ушын, А.Сеилханов усы күнге шекем Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Агросанаат комплекси үстинен қадағалаў инспекциясы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығының биринши орынбасары лаўазымында жумыс ислеген.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.