Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 22-апрель күни аймақларда хызмет көрсетиў тараўы бағдарларын раўажландырыў мәселелери бойынша видеоселектор мәжилиси өткерилди.

Хызмет көрсетиў тараўы кең қамтып алыўы менен экономикада, халықтың турмысында әҳмийетли орын ийелейди. Бул тараўда жаңа жумыс орынларын аз қәрежет пенен ҳәм тез мүддетте шөлкемлестириў мүмкин. Халық дәраматларының реал өсиўи де бәринен бурын хызметлердиң раўажланыўында сезиледи.

Коронавирус пандемиясы бул тараўға унамсыз тәсир көрсетти. Соның ушын, исбилерменлерге 24 түрдеги салық жеңилликлери, субсидия ҳәм басқа да преференциялар бериў арқалы 35 триллион сум жәрдем берилди. Бул жеңилликлер ҳәм исбилерменлер, ҳәм банклер ушын үлкен имканият болды.

Мәселен, өткен жылы исбилерменликти раўажландырыў бағдарламалары шеңберинде хызмет тараўына 1 триллион сум жеңиллетилген кредит ресурслары берилген. Буннан тысқары, коммерциялық банклер өз қаржылары есабынан қосымша 14 триллион сум кредитлер ажыратқан. Кең түрдеги жеңилликлердиң берилгени нәтийжесинде сервис тараўларында өзин-өзи бәнт еткен 500 мың пуқара рәсмий дизимнен өткен.

Орынларда исбилерменлер менен өткерилген ушырасыўларда жаңа хызмет түрлерин жолға қойыў бойынша мүрәжатлер, басламалар көп болмақта. Олар тийкарында ўәлаят, район ҳәм қала ҳәкимликлери усы жылы хызметлер тараўында 59 триллион сумлық 42 мың жаңа жойбарды әмелге асырыў, 150 мың турақлы жумыс орнын жаратыў бойынша режелер белгилеген.

Мәжилисте Президент ҳәр бир жойбардың орынланыўын қадағалаўға алып, исбилерменлерге жәрдемлесиў, соның менен бирге, жаңа жойбарларды қәлиплестирип барыў бойынша көрсетпелер берди.

Ҳәр бир аймақтың өзине тәнлигинен келип шығып, хызметлерди кеңейтиў, жаңа хызмет түрлерин жолға қойыў, алдынғы тәжирийбелер ҳәм үлгили жойбарларды енгизиў бойынша жаңа методология жаратыў зәрүр екенлиги атап өтилди. Оның ушын, Өзбекстан миллий банки жанында хызметлерди раўажландырыў бойынша жойбарлаў-аналитикалық орайы шөлкемлестириледи ҳәм барлық ўәлаятлардағы филиалларында оның бөлимлери ашылады. Оларда халыққа үлгили таяр бизнес жойбарлары усынылады, кәсипке оқытыўдан бизнести жолға қойыўға шекемги комплекс хызметлер көрсетиледи.

Мәмлекетимиз басшысы жойбарларды қаржы менен тәмийинлеў мәселесине айрықша тоқтап өтти.

Есап-санақларға муўапық, быйыл хызметлер тараўы ушын банклер тәрепинен кеминде 18 триллион сум кредитлер қаратылады.

Буннан тысқары, мәмлекет тәрепинен коммерциялық банклер арқалы қосымша 300 миллион доллар ажыратылады. Соннан 150 миллион доллары 1-июльге шекем орынларға жетип барады.

Ўәлаят, район, қала ҳәкимлери, сектор басшылары, мәҳәллеге бириктирилген жуўапкерлер менен бирге «мәҳәлле-район-банк» принципи тийкарында жойбарлар дизимин қәлиплестиреди. Онда, ҳәр бир мәҳәлледе кеминде 20 түрдеги, район ҳәм қалада кеминде 70 түрдеги хызметлер болыўы нәзерде тутылады.

Сондай-ақ, Миллий банк тәрепинен 28 ири ҳәм орта қалаларда туризм, транспорт, медицина, билимлендириў хызметлери және ири саўда комплекслерин шөлкемлестириў ушын қосымша 200 миллион доллар қаржы тартылады.

Улыўма айтқанда, бюджеттен ҳәм Миллий банк тәрепинен хызмет көрсетиў тараўына жәми 500 миллион доллар ямаса 5,5 триллион сум қаратылады.

-Тапсырма бериўден алдын шараят жаратып атырмыз, қаржылар ажыратып атырмыз. Тек ғана хызметлер тараўына 500 миллион доллар берип атырмыз. Буны егер ҳадал-пәк жумсасақ, неше мың жумысшы орын пайда болады. Ҳәр бир министр ўатансүйгиш болып, «өзиниң арбасын өзи тартып», берилген бир сум пулды қәдирлеп, орнына жеткерсе, адамлар исенеди,-деди Шавкат Мирзиёев.

Оның ушын министрликлер менен уйымлардың басшылары өз бағдарында хызметлердиң раўажланыўы ушын ҳәрекет етиўи зәрүр екенлиги атап өтилди.

– Министрлер өз тараўына жеке меншик сектор жумысы ушын ҳуқықый базаны жаратыўы, руқсат бериў талапларын әпиўайыластырып, исбилерменликке жол ашыўы зәрүр. Қайжерде мәмлекетлик кәрхана, қайсы жумыс бойынша мәмлекетлик-жеке меншик шериклик ямаса жеке меншик сектор болыўы анық етип белгилениўи керек,-деди Президент.

Мысалы ушын, ақырғы 2 жылда 6 мыңға шамалас көп қабатлы турақ жайлар қурылған. Олардың эксплуатациясы бойынша басқарыў компанияларын шөлкемлестириў, массивлер ишинде ҳәр қыйлы хызметлерди жолға қойыў мүмкин.

Ямаса, қәўипсизлик талапларын қойған ҳалда, аэропорт, темир жол ҳәм автовокзаллар аймақларында, магистраль жоллар бойында саўда ҳәм хызмет көрсетиў объектлерин шөлкемлестириў исбилерменлерди дәрамат, халықты жумыс пенен тәмийинлейди.

Мәлимлеме тараўында жеке меншик сектордың қатнасын және де кеңейтиў, баҳаларды арзанластырыў ҳәм сапасын арттырыў есабынан байланыс ҳәм интернет хызметлери көлемин кеминде 2 есеге, программалаўды 3 есеге арттырыў имканияты бар.

Мине усындай, барлық министрликлер ҳәм уйымлар системасында пайдаланыў зәрүр болған бағдарлар көрсетип өтилди.

Сервисти халыққа жақынластырыў мақсетинде мәҳәллелерде жеңил конструкциялардан хызметлер орайын қурыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди. Сондай-ақ, 28 қала ҳәм халқы 150 мыңнан көп болған район орайларында саўда ҳәм хызметлер ушын арнаўлы көшелер шөлкемлестирилетуғыны белгиленди. Оларда 100 мың исбилерменлик субъектлерин жайластырыў имканияты бар.

Хызмет көрсетиўде ең әҳмийетли мәселе – бәл мәнзилди дурыс таңлаў. Соның ушын Қурылыс министрлигине ўәлаят ҳәкимлери менен бирге, саўда ҳәм хызмет көрсетиўге қәнигелескен көшелер және орайлардың орнын таңлап, жойбарын ислеп шығыў, лотларға бөлип, таңлаў тийкарында саўдаға шығарыў тапсырылды. Қәўипсизлик илажларын көрип, бул саўда ҳәм хызмет көрсетиў объектлериниң күни-түни ислеўине руқсат берилиўи де мүмкин.

Көп тармақлы емлеўханалар ҳәм оның әтирапында жеке меншик шериклик тийкарында медицина кластерлери, жоқары оқыў орынлары аймағында шет тиллер, таярлаў ҳәм кәсипке үйретиў курсларын шөлкемлестириў бойынша да тапсырмалар берилди.

Мәжилисте жуўапкерлер орынлардағы потенциалды жүзеге шығарыў, интакерлерди қоллап-қуўатлап, хызметлер көлемин арттырыў илажлары бойынша мәлимлеме берди.

 

ӨзА