Нөкис қаласындағы Жаслар орайының киши мәжилислер залында «Жаслар бағдарламасы»ның 2021-жыл I шерек даўамында әмелге асырылған илажлар жуўмағы ҳәм алдағы жобалары бойынша Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы, сенатор А.Данияров басшылығында басқарманың гезектеги мәжилиси өткерилмекте.

 

Агентлик мәлимлеме хызметиниң хабар бериўинше, мәжилисте Өзбекстан жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси баслығы лаўазымына Пиржанов Азиз Аяпбергенович тайынланды.

 

Мағлыўмат ушын, А.Пиржанов усы күнге шекем OʻzLiDeP Нөкис қалалық Кеңеси баслығының биринши орынбасары – аппарат баслығы лаўазымында ислеп келген.

 

Еслетип өтемиз, Өзбекстан жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң алдынғы баслығы П.Махсетбаев Нөкис районы ҳәкиминиң орынбасары етип тайынланған еди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.