Усы жыл 16-апрель күни Нөкисте белгили мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткер Аллаяр Қораз улы Досназаровтың туўылғанының 125 жыллығына бағышланып, «Аллаяр Досназаров ҳәм Қарақалпақстанның жаңа тарийхы» атамасында республикалық илимий конференция болып өтти.

Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы Қарақалпақстан бөлими, Қарақалпақ гуманитар илимлер институты тәрепинен биргеликте шөлкемлестирилген илажға  республикамызға белгили илимпазлар, жас изертлеўшилер, А.Досназаровтың урпақлары, кең жәмийетшилик ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Илажды Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы Қарақалпақстан бөлиминиң баслығы, академик Н.Айымбетов басқарып барды.

Конференцияның пленарлық мәжисинде  Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети жанындағы «Респрессия қурбанларын еслеў» музейиниң директоры, тарийх илимлериниң кандидаты, доцент А.Қудияров  «Аллаяр Досназаровтың өмири ҳәм жәмийетлик-сиясий искерлиги», Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы Қарақалпақстан бөлими Қарақалпақ гуманитар илимлер институты тарийх бөлиминиң баслығы, тарийх илимлериниң кандидаты А.Джумашев  «Қарақалпақ автономиялы областының дүзилиўинде Аллаяр Досназаровтың роли» атамаларында баянат жасады.

Атап өтилгениндей, Президентимиздиң басшылығында елимизде тарийхымызды үйрениў, миллий қәдириятларымызды қайта тиклеў, әсиресе, репрессия қурбаны болған ел азаматларының атларын мәңгилестириў бойынша кең көлемли илажлар әмелге асырылмақта. Ҳақыйқатында да, елимизде жүргизилип атырған реформалар Өзбекстан менен бир қатарда оның ажыралмас бөлеги болған Қарақалпақстан Республикасы абырайының артыўына тийкар болмақта.

Ҳәр бир халықтың тарийхында өшпес из қалдырған уллы шайырлары, философлары, жәмийетлик тулғалары менен мәмлекетлик ғайраткерлери айрықша орын ийелейди. Олардың халық мәпи ушын еткен мийнетлери келешек әўладта Ўатанды сүйиўшилик сезимлери оятыўға хызмет етеди.

Қарақалпақстан тарийхы да усындай тулғаларға бай. Олардың арасында халқымыздың әдиўли перзенти, белгили мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткер Аллаяр Қораз улы Досназаров айрықша орын ийелейди. Өзиниң қысқа өмири даўамында терең билими ҳәм тәжирийбеси, шебер шөлкемлестириўшилик уқыбы, Ўатансүйгишлиги менен жәмийетшилик арасында кеңнен танылып, ел арасында үлкен ҳүрмет ҳәм абырайға еристи. Әсиресе, оның Қарақалпақстан автономиялы областын дүзиўдеги айрықша мийнетлерин, халқымыздың миллий өзгешеликлерин анықлаў, миллий мәмлекетлик шегараларды белгилеўдеги жанкүйерлигин, сондай-ақ, мәнаўиятымызды ҳәм ағартыўшылығымызды раўажландырыў жолындағы  пидәкерлик мийнетлерин қанша мақтаныш етсек те арзыйды.

А.Досназаровтың естелигин мәңгилестириў, оның халқымыз ушын ислеген мийнетлерин кеңнен үгит-нәсиятлаў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң 2019-жыл 28-ноябрьдеги мәжилиси шешими менен бир қатар ийгиликли ислер әмелге асырылды. Өткен жылы Нөкис қаласында оның бюстиниң ашылыўы  уллы бабамызға деген жоқары ҳүрмет ҳәм итибардың айқын көриниси болды.

Илажда уллы бабамыздың өмирин ҳәм елимиз келешеги ушын ислеген хызметлерин терең үйрениў, оны кеңнен үгит-нәсиятлаў бойынша пикир-усыныслар билдирилди.

Конференция өз жумысын секциялық мәжилислерде даўам еттирди.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы