Усы күнлерде Корея Республикасы парламенти Миллий Ассамблеясының Спикери  Пак Бён Сок  басшылығындағы делегация мәмлекетимизде болып турыпты.

Абырайлы мийман 6-апрель күни пайтахтымыздағы Ғәрезсизлик ҳәм жақсылық монументине гүл қойды.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Танзила Норбоева ҳәм Корея Республикасы парламенти Миллий Ассамблеясының Спикери Пак Бён Сок арасындағы сөйлесиўде еки мәмлекет басшылары өз-ара бирге ислесиўди кеңейтиўге үлкен әҳмийет берип атырғанлығы атап өтилди. Бул бағдардағы исенимли умтылыслар ҳәм ҳәрекетлер себепли  кейинги жылларда Өзбекстан-Корея қатнасықлары стратегиялық шериклик статусына көтерилди.

Сиясий, саўда-экономикалық ҳәм мәдений-гуманитарлық байланыслардың көлеми кеңейип бармақта. Бул ҳәр еки мәмлекеттиң мәплерине жуўап береди.

Тәреплер Өзбекстан менен Корея Республикасы арасындағы парламентлераралық сөйлесиў де жеделлескенин атап өтти. Парламент жумысының тәжирийбесин үйрениў, соның ишинде, түрли халықаралық конференциялар  өткериў, парламентлик структуралардың жумысында қатнасыў шеңберинде турақлы түрде өз-ара делегациялардың сапарларын әмелге асырыў жолға қойылған.

Ушырасыўда Т.Норбоева парламентлер арасындағы қатнасықлар еки тәреплеме бирге ислесиўдиң жаңа күн тәртиби шеңберинде раўажланып баратырғанлығын атап өтти. 2005-жылдан баслап Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Корея Республикасы Миллий Ассамблеясы менен бирге ислесиў бойынша парламентлераралық топары табыслы жумыс алып бармақта. Сенат Баслығының биринши орынбасары С.Сафоев топардың басшысы болып есапланады.

Парламентлераралық топардың нәтийжели жумысы унамлы баҳаланды. Ҳәзирги ўақытта регионлараралық бирге ислесиўди раўажландырыўда парламентлераралық топардың ролин арттырыў бойынша мақсетли жумыс алып барылмақта.

Сөйлесиў ўақтында бирге ислесиўди раўажландырыў мәселеси көрип шығылды. Сондай-ақ, реформалар ҳәм социаллық-экономикалық раўажландырыўды ҳуқықый тәмийинлеў, еки тәреплеме шәртнамалар менен келисимлерди ратификациялаўды  тезлестириў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының Спикери Нурдинжон Исмоилов пенен ушырасыўда коронавирус пандемиясы дәўиринде наўқасларды емлеў ҳәм реабилитациялаўда Өзбекстанға көрсетилген әмелий жәрдеми ушын Корея тәрепине миннетдаршылық билдирилди.

Өзбекстан ҳәм Кореяның әййемги тарийхый, дослық байланыслары, саўда-сатық қатнасықлары бүгинги күнде жаңаша мазмунға ийе болып, бирге ислесиўимиз барлық тараўлар бойынша жеделлескени тән алынды.

Президент Шавкат Мирзиёев Олий Мажлиске жоллаған Мүрәжатында тийкарғы шериклеримизден бири – Корея Республикасы менен көп қырлы ҳәм өз-ара пайдалы қатнасықларды және де кеңейтиўге таярлықты  билдирген еди.

Бүгинги күнде мәмлекетлеримиздиң қатнасықлары жаңа басқышқа шыққан. Өзбекстан  2018-жылдан Корея Республикасының пуқараларына виза системасын бийкар еткен.

Қалаберди, мәлимелеме технологиялары, санлы медицина, жоқары билимлендириў ҳәм мәденият тараўларында нәтийжели бирге ислесиў жолға қойылды. Мәмлекетимиздиң мектепке шекемги билимлендириў системасына Қубла Кореяның тәжирийбеси кеңнен енгизилмекте.

Сәўбетлесиўде тәреплер парламентлераралық сөйлесиўди буннан былай да раўажландырыўдан мәпдар  екенлигин атап өтти. Соның ишинде, еки тәреплеме ҳүжжетлерди ратификациялаўды жеделлестириў бойынша сөйлесиў алып барыў, парламент жумысы тараўында тәжирийбе алмасыў, Миллий Ассамблея илимий-изертлеў орайы  менен Олий Мажлис жанындағы Нызамшылық машқалалары ҳәм парламентлик изертлеўлер институты арасындағы бирге ислесиўди даўам еттириў бойынша усынысларды кореялы парламентарийлер қоллап-қуўатлады.

Корея Республикасы парламенти Миллий Ассамблеясының Спикери Пак Бён Сок Өзбекстан соңғы жылларда экономикалық-сиясий жақтан жедел раўажланып атырғанын тән алып, Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында алып барылып атырған  кең көлемли демократиялық реформаларды жоқары баҳалады.

– Корея ҳәм Өзбекстан басшыларының исенимли сиясий күши себепли мәмлекетлеримиз арасындағы дослық қатнасықлары буннан былай да беккемлемленбекте, – деди Пак Бён Сок. – Шынын айтыўым керек елиңиз ҳәр тәреплеме өзгергенине, барлық тараўларда раўажланыў пәти сезилерли дәрежеде өскенине гүўа болдым. Бул мени тән қалдырады. Әсиресе, Өзбекстанның жоқары ҳәм төменги палаталары парламентти раўажландырыўға, парламентлераралық байланысларды избе-из жолға қойыўға күш-имканиятларын иске қосып атырғаны мақтаўға ылайық. Ҳәзир Корея ҳәм Өзбекстан арасында қәлиплестирилген парламентлераралық топарлар жәрдеминде өз-ара қатнасық және де раўажланбақта.

Сөйлесиў ўақтында Корея парламенти делегациясының ағзаларына Олий Мажлис Нызамшылық палатасының жумысы, сиясий партиялардың фракциялары, комитетлер, комиссиялар ҳаққында толық мағлыўмат берилди.

Ушырасыўда еки мәмлекет арасында парламентлераралық байланысларды беккемлеў менен бирге туризм, мәдений-гуманитарлық тараўларда да бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў бойынша ҳүкиметлерди қоллап-қуўатлаў бойынша қызғын пикир алысылды.

Пак Бён Сок басшылығындағы делегация  пайтахтымыздағы Корея мәденияты ҳәм көркем өнер үйинде Корея Республикасының пуқаралары менен ушырасты.

Усы күни кореялы мийманлар Ташкенттеги Миллий балалар медицина орайына да барды.

Бул орай Корея Республикасының жәрдеми менен «Баум» корпорациясы жойбары тийкарында қурылған болып, 2020-жылы пайдаланыўға тапсырылған.

Мийманларға  жоқары технологиялы медициналық хызмет көрсетиўге қәнигелескен бул мәкемениң жумысы ҳаққында мағлыўмат берилди.

Спикер клиникадағы шараят пенен танысып, жағдайды басқарыў орайын көрди, қәнигелер менен сәўбетлести.

 

Ғайрат ХОННАЗАРОВ,

ӨзАның хабаршысы