Өзбекстан Республикасы сыртқы ислер министри Абдулазиз Комилов 5-апрель күни Иран Ислам Республикасы сыртқы ислер министри Муҳаммад Жавад Зариф пенен ушырасыў өткерди.

Онда сиясий, саўда-экономикалық, транспорт-коммуникация, инвестиция, мәдений-гуманитарлық ҳәм басқа да тараўлардағы еки тәреплеме қатнасықлардың ҳәзирги жағдайы ҳәм перспективалары  додаланды.

Министрлер жақында еки мәмлекеттиң сыртқы ислер министрликлери арасында болып өткен сиясий мәсләҳәтлесиўлер VI дәўириниң нәтийжелерин қанаатланыўшылық пенен атап өтти ҳәм барлық дәрежелерде  конструктивлик қатнасықты даўам еттириў зәрүр екенлигин атап өтти.

Халықаралық ҳәм регионаллық шөлкемлер шеңбериндеги қатнасықларға айрықша итибар қаратылды. Өз-ара саўда көлемин арттырыў ҳәм саўда-экономикалық байланысларды раўажландырыўға қаратылған регионлараралық транспорт-логистика жойбарларын әмелге асырыў мәселелери көрип шығылды.

Ушырасыўда Иран тәрепи усы жылы    Ташкент қаласында  болып өтетуғын  «Орайлық ҳәм  Қубла Азия: регионаллық байланыслылық. Қәўиплер ҳәм имканиятлар» темасындағы жоқары дәрежедеги халықаралық конференцияға қатнасыў тилегинде екенин тастыйықлады.

Иран сыртқы ислер министри Өзбекстандағы ислам цивилизациясы орайының басшылары менен де  ушырасыў өткерди. Сондай-ақ, пайтахтымыздың дыққатқа ылайық орынлары менен танысты.

 

ӨзА