Муҳаммед Ал-Хорезмий атындағы  Ташкент информациялық технологиялар университети Нөкис филиалының студент-жаслары бир қатар мәмлекетлик стипендиялардың жеңимпазы болмақта.

Усындай жасларымыздың бири филиалдың «Компьютер инжиниринг» факультетиниң 4-басқыш студенти Асалбаныў Алимбаева. Ол  Өзбекстан Республикасы радиотехника, электроника ҳәм байланыс илимий техника жәмийетиниң «Жәмийет» стипендиясы жеңимпазы болды.

А.Алимбетованың балалығынан информатика пәнине қызыўшылығы артып, бүгинги күнде  усы билим дәргайында оқып,  тәлим-тәрбия алмақта.

Ол илимий басшысы, филиалдың дәстүрий инжиниринг  ҳәм математика моделлестириў кафедрасының ассистент-оқытыўшысы Бекбосын Қалмуратовтың басшылығында илимий жумыс пенен шуғылланбақта.

– Келешекте магистратура тәлим бағдарында оқыўымды даўам еттирмекшимен. Сондай-ақ, IT тараўы бойынша сырт еллерде тәжирийбе арттырып қайтып, бул тараў бойынша жаңа проектлер ислеп, турмысқа енгизбекшимен. Ҳәзир шет тиллерин үйренип атырман, – дейди А.Алимбаева.

Мағлыўмат ушын, А.Алимбетова 2020-жылы Өзбекстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги тәрепинен өткерилген «Өзбекстан ҳаял-қызларының 100 ең жақсы инновациалық жойбары» III республикалық таңлаўында «Ең жақсы электрон есаплаў машиналары ушын жаратылған бағдарлама ҳәм мағлыўматлар базасы» номинациясы бойынша биринши орынды ийелеген.

 

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы