Олий Мажлис Сенатының Аралбойы регионын раўажландырыў мәселелери бойынша комитети тәрепинен Қарақалпақстан Республикасын комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша белгиленген илажлардың орынланыўын тәмийинлеў бойынша уйымлараралық жумысшы топардың биринши кеңейтилген мәжилиси өткерилди.

Өткен дәўир даўамында мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери, мектеплер, спорт, денсаўлықты сақлаў, мәденият, көп қабатлы турақ жайлар ҳәм ишимлик суўы менен тәмийинлеў объектлерин қурыў, реконструкциялаў жумыслары алып барылған. Итибарлы тәрепи сонда, раўажланыўдың дәслепки басқышлары өзиниң унамлы нәтийжесин көрсетпекте. Бүгинги жағдайда ҳәр бир қарақалпақстанлының қәлбинде болып атырған өзгерислерден қанаатланыўшылық сезими бар.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 11-ноябрьдеги «2020-2023-жыллары Қарақалпақстан Республикасын комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарына тийкарланып ҳәр бир қала ҳәм районның имканиятларынан келип шыққан ҳалда «өсиў ноқатлары», яғный драйвер тараўлар белгиленген. Қурылыс материалларын ислеп шығарыў, азық-аўқат, тоқымашылық, нефть-химия санааты, бағшылық, ыссыханалар шөлкемлестириў, пиллешилик, туризм тараўы мине усылардың қатарына киреди.

Бул ҳүжжет тийкарында 2 мың 788 жойбар ҳәм объектлерде 21 триллион 209 миллиард сумлық кең көлемли жумыслардың орынланыўы режелестирилген. 2020-жылы улыўма баҳасы 3 триллион 677 миллиард 371 миллион сумлық 588 жойбардың иске қосылыўы белгиленип, әмелде 2021-жылдың 1-январь жағдайына 1 мың 206 жойбардың 5 триллион 887 миллиард сумлық инвестиция қаржылары өзлестирилди. 705 жойбардың иске қосылыўы есабынан 4 мың 411 жаңа жумыс орны жаратылды.

– Бул регионда ең аўыр машқалалардан бири бул жумыссызлық. Соның ушын, 2021-жылы улыўма баҳасы 5 триллион 290 миллиард сум болған 592 жойбардың әмелге асырылыўы есабынан 10 мың 495 жаңа жумыс орынларының жаратылыўы белгиленген, – деди Сенаттың Аралбойы регионын раўажландырыў мәселелери бойынша комитетиниң баслығы Борий Алихонов.

Қарақалпақстан Республикасы Қурылыс министрлиги тәрепинен шараяты аўыр 45 мәҳәллелердиң бас реже схемалары ислеп шығылып, Министрлер Кеңеси тәрепинен тастыйықланған. Бирақ, бас реже схемаларын ислеп шығыўда пиядалар жолларын қурыў ҳәм оңлаў, ишимлик суўы менен тәмийинлениў сыяқлы дәслепки ҳәм қәрежети аз илажлар 2022-2023-жылларға режелестирилген.

Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги тәрепинен пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларына методикалық басшылық етиў жумыслары жетерли дәрежеде жолға қойылмаған. Қарар тийкарында усы мәҳәллелер ушын дерлик 3 триллион сум қаржы қаратылыўы белгиленген. Бирақ, ҳәзирги күнде бул қаржылардың бир бөлеги «Абат аўыл» бағдарламасының дизимине киргизилген 35 мәҳәллеге де қаратылғаны ақыбетинде, шараяты аўыр категориядағы мәҳәллелерде белгиленген ўазыйпалардың толық орынланыўы қәўип астында қалмақта.

Сенаттың Аралбойы регионын раўажландырыў мәселелери бойынша комитети тәрепинен 45 мәҳәллениң бас реже схемаларын «мәҳәлле кесими» принципи тийкарында қайта ислеп шығыў және мәҳәлле баслықларын «Темир дәптер», «Ҳаял-қызлар дәптери» ҳәм «Жаслар дәптери» менен ислесиў бойынша оқытыў илажлары көрилмекте.

Арал теңизиниң қурыған түбин тоғайзарлыққа айландырыў жумыслары жеделлик пенен алып барылмақта. 2018-2019-жыллары Арал теңизиниң қурыған ултанында 1 миллион 125 мың гектардан аслам майданда қум жыйнаў салмалары қазылды және 461 мың гектар майданда шөл өсимликлеринен сексеўил, жыңғыл, қарабарақ, туқымлары ҳәм нәллери егилди. 2019-2020-жыллары 166 мың гектардан аслам майданда қум жыйнаў салмалары қазылды ҳәм 706,4 мың гектар майданда шөл өсимликлеринен сексеўил, жыңғыл, қарабарақ туқымлары ҳәм нәллери егилди.

Бул бағдарда шешимин күтип атырған бир қатар машқалалар да санап өтилди. Атап айтқанда, 5 банк тәрепинен баҳасы 31,1 миллиард сумлық 5 жойбарға 14,4 миллиард сумлық кредит қаржылары өз ўақтында ажыратылмаған. Сондай-ақ, 6 район (қала) ҳәкимликлери тәрепинен 6 жойбарға өз ўақтында жер майданлары ажыратылмағаны себепли иске қосылмаған. Фермерлер кеңеси тәрепинен 790 миллион сумлық 1 жойбар кредит ресурсларының келип түспегени себепли өз ўақтында иске қосылмаған. 10 жойбар болса интакерлер тәрепинен тийкарланған есап-санақлар анық болмағаны  себепли өз ўақтында орынланбаған.

Сенат тәрепинен Қарақалпақстан Республикасын комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў илажларының орынланыўы үстинен тәсиршең парламентлик қадағалаўды әмелге асырыў илажлары көрилмекте.

Мәжилисте Қарақалпақстан Республикасында әмелге асырылып атырған бағдарламалар, жойбарлардың орынланыўы үстинен парламентлик ҳәм жәмийетлик қадағалаўды күшейтиў, бул бойынша жоқары палата тәрепинен халық депутатлары жергиликли Кеңеслериниң потенциалынан пайдаланыўға қатаң итибар қаратыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Уйымлараралық жумысшы топарға бағдарламаның орынланыўы үстинен қатаң қадағалаўды шөлкемлестириў, әмелге асырылып атырған жойбарлардың нәтийжелилигин тәмийинлеў, жүзеге келип атырған машқалаларды орнында шешиў ҳәм халықтың турмыс шараятларын жақсылаў сыяқлы ўазыйпалар жүкленди.

 

Нурилло НАСРИЕВ,

ӨзАның хабаршысы