Қарақалпақстан Республикасында «COVAX» бағдарламасы шеңберинде усы жылдың 1-апрель күнинен баслап «COVID-19»ға қарсы шаншыў илажлары басланады.

 

ҚР Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийетлик саламатлық орайының мәлим етиўинше, шаншыў илажлары «AstraZeneca» вакцинасы ҳәм Қытай менен Өзбекстан илимпазлары авторлығында ислеп шығылған «ZF-UZ-VAC 2001» вакцинасы менен басланады.

 

Шаншыў илажлары дәслеп Нөкис қаласындағы 65 жастан жоқары болған адамлар ҳәм медицина хызметкерлери арасында өткериледи.

 

Қәўип асты топарына киретуғын халық қатламында коронавирусқа қарсы ертелеў емлениў нийети пайда болса, олар Нөкис қаласындағы шаңарақлық поликлиникаларда жайласқан шаншыў пунктлерине мүрәжат етиўи ҳәм белгиленген күнде келип емлениўи мүмкин.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.