2024-жыл 1-май күни Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Танзила Норбоева Түркия Республикасы вице-президенти Жевдат Йилмаз басшылығындағы делегация менен ушырасыў өткерди.

Ушырасыўда Өзбекстан ҳәм Түркия арасында бирге ислесиў байланыслары жыл сайын беккемленип атырғаны, соның ишинде, кейинги жыллары еки мәмлекет басшыларының күшли сиясий ерк-ықрары себепли бул қатнасықлар жаңа басқышқа көтерилип, стратегиялық шериклик дәрежесине алып шығылғаны атап өтилди.

Жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер турақлылық ийелемекте. Буның нәтийжесинде еки мәмлекет арасындағы туўысқанлық ҳәм дослық байланыслары, сиясий, саўда-экономикалық, инвестициялық, мәдений-гуманитарлық, туризм, билимлендириў ҳәм социаллық тараўдағы бирге ислесиў және де раўажланбақта.

Сөйлесиў даўамында Түркия тәрепи гендер теңлик, ҳаял-қызлар исбилерменлигин қоллап-қуўатлаў, тәртипли мийнет миграциясы, шаңарақ ислери ҳәм социаллық қорғаў тараўларында жәрдемлесиў, бул бағдарда өз-ара тәжирийбе алмасыў ҳәм анық жойбарларды әмелге асырыўға таяр екенин билдирди.

Ушырасыўда парламентлераралық бирге ислесиў байланысларын регионаллық ҳәм халықаралық шеңберде беккемлеў, оны және де жеделлестириў, парламентлераралық топарлар ҳәм парламентлердиң барлық комитетлери арасында саўда, экономика, инвестиция, инновация, банк-қаржы, туризм, мәдений-гуманитарлық ҳәм басқа да тараўларда тиккелей сөйлесиўлерди жедел даўам еттириў әҳмийетли екенине тоқтап өтти.

Ушырасыў жуўмағында тәреплер еки мәмлекеттиң көп тәреплемели бирге ислесиўин тереңлестириў ҳәм кеңейтиў жолында өзлериниң бар тәжирийбе ҳәм күш-жигерин жумсаўға таяр екенин билдирди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги