Пайтахтымыздағы Халықаралық конгресс орайында Президент Шавкат Мирзиёевтиӊ қатнасыўында үшинши Ташкент халықаралық инвестиция форумы даўам етпекте. Мәмлекетимиз басшысы форумныӊ жалпы мәжилисинде шығып сөйледи.

Мәмлекетимизде инвестиция ҳәм бизнес орталығын түп-тийкарынан жақсылаў, бул жолдағы тосқынлықларды басқышпа-басқыш сапластырыў ушын исенимли қәдемлер таслағаны атап өтилди. Ҳәр бир инвестор өзин еркин ҳәм исенимли сезиўи ушын кеӊ көлемли реформалар әмелге асырылмақта.

Соӊғы жыллары экономикамыз дерлик еки есеге өсти. Өткен жылдыӊ жуўмағы бойынша бул өсим 6 процентти қурады. Инфляция 9 процентке шекем төменледи. Саўда айланысы көрсеткишлери турақлы артпақта. Валюта базары ҳәм алтын-валюта резервлериниӊ турақлылығы сақлап қалынбақта.

Соӊғы жыллары мәмлекетимизде 60 миллиард доллардан аслам сырт ел инвестициялары өзлестирилди. Халықаралық қаржы институтларыныӊ 14 миллиард доллардан аслам қаржылары социаллық ҳәм инфраструктура тараўларына тартылды.

ӨзА