Рәсмий статистикаға муўапық, 2020-жылы Өзбекстанда коррупциялық жынаятқа қол урғаны ушын судланған адамлардың дерлик ярымы – жумыссызлар, билимлендириў ҳәм медицина тараўы хызметкерлери болып есапланады. Өткен жылда мыңнан аслам адам пара бериў статьясы менен судланған болса да, соннан тек ғана 133 адам пара алыўда айыпланған. Бул ҳаққында «Kun.uz» хабар бермекте.

 

Мәлим болыўынша, 2020-жылы судлар тәрепинен коррупция менен байланыслы (Жынаят кодексиниң 205-214-статьялары) 2270 адамға 1502 жынаят иси көрип шығылған.

 

Анализлерге қарағанда, коррупция менен байланыслы жынаятлар тийкарынан төмендеги қатлам ўәкиллери тәрепинен әмелге асырылған:

 

– жумыссызлар (23 процент – коррупция менен байланыслы қылмыслар бойынша қатнасыўшы ямаса пара бериўге қызықтырған адамлар);

 

– билимлендириў тараўы хызметкерлери (17 процент);

 

– медицина тараўы хызметкерлери (7 процент);

 

– банк тараўы хызметкерлери (5 процент);

 

– қурылыс тараўы хызметкерлери (3 процент);

 

– ишки ислер тараўы хызметкерлери (3 процент).

 

Усы жынаятлардың 89,4 проценти төменги буўын (район (қала) ямаса оларға теңлестирилген), 9,2 проценти орта буўын (ўәлаят) ямаса оларға теңлестирилген), 1,4 проценти жоқары буўын (республика) ямаса оған теңлестирилген) хызметкерлери ямаса лаўазымлы адамлары тәрепинен әмелге асырылған.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.