Соңғы жыллары елимизде транспорт қуралларын басқарыў мәдениятын ҳәм автотранспорт басқарыўшыларының билим дәрежесин арттырыў мақсетинде комплексли илажлар әмелге асырылмақта.
Мәлимлеме-коммуникация ҳәм билимлендириў технологияларынан пайдаланыў тийкарында автотранспорт қураллары басқарыўшыларын таярлаў ҳәм қайта таярлаў системасында қолланылып атырған инновациялық методлар оқытыў процесин сапа жағынан жаңа басқышқа көтермекте. Бул болса маманлық имтиханларын тапсырыў нәтийжелилигин арттырыў ҳәм транспорт басқарыўшыларының жол ҳәрекети қәўипсизлиги мәселесинде ҳуқықый билимлерин тәмийинлеў имканиятын жаратып бермекте.
Соның менен бирге, транспорт басқарыўшыларының маманлығын турақлы арттырыўды нәзерде тутатуғын нызам талаплары жеткиликли дәрежеде орынланбай атырғанлығы себепли, көпшилик жағдайларда юридикалық тәреплерге тийисли транспорт қуралларын басқарыўшылар жол-транспорт ҳәдийселериниң қатнасыўшыларына айланып қалмақта.
Жол ҳәрекети қәўипсизлигин ҳәм пуқаралардың саламатлығын тәмийинлеў, жол-транспорт хәдийселериниң алдын алыў илажларын күшейтиў, сондай-ақ, оқыў процесине инновациялық усылларды енгизиў жолы менен юридикалық тәреплерге тийисли автотранспорт қуралларын басқарыўшылардың тәжирийбесин арттырыў мақсетинде Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетиниң усы жыл 4-сентябрьдеги «Инновациялық оқытыў усылларын енгизиў жолы менен транспорт басқарыўшыларын таярлаў ҳәм қайта таярлаў, сондай-ақ, олардың маманлығын арттырыў системасын буннан былай да жетилистириў хаққында»ғы қарарының нәтийжели орынланыўын әмелге асырыў мақсетинде «Автотест Репорт» жуўапкершилиги шекленген жәмийетине юридикалық тәреплерге тийисли транспорт қуралларын басқарыўшылардың билимин ҳәм жумыс тәжирийбесин арттырып барыў ўазыйпасы жүкленди.
Бул оқыў орайында автотранспорт басқарыўшыларын таярлаў ҳәм қайта таярлаў бойынша қайта оқытыўдын сәйкес келген усыллары қолланылған ҳалда заманагөй мәлимлеме технологияларынан кеңнен пайдаланылады. Оқыў процесинде оқыўшылардың өзлестириў дәрежесин арттырыўға қаратылған оқытыў мониторингин жүргизиў ҳәм оны режелестириў имканиятын беретуғын автоматластырылған комплексли мәлимлеме системасы енгизилип, транспорт басқарыўшыларының маманлығын арттырыў бойынша Автотест 3.0 оқыў-методикалық комплекси әмелиятта қолланылады.
2018-жылдың 1-январынан баслап республикамызда ҳәрекет етип турған барлық юридикалық тәреплердиң транспорт басқарыўшылары ҳәр еки жылда бир мәрте өзиниң маманлығын усы оқыў орайында жетилистирип барады ҳәм усы жерде оқып, билимин жетилистиргенлерге «Автотест Репорт» жуўапкершилиги шекленген жәмийети оқыў комплексиниң сертификаты тапсырылады. Бүгинги күни усы оқыў орнының шөлкемлестирилиўи менен мәмлекетимиз бойынша 1000 нан аслам, Қарақалпақстан бойынша 25 адам турақлы жумыс орнына ийе болды.
Cондай-ақ, жәмийет ағзалары өз қәнигелериниң билимин арттырыў, оқыў-техникалық базасын беккемлеў, оқыў, оқытыў процесине заманагөй инновациялық усылларды енгизиўге, қолланбалар таярлаўға да айрықша итибар қаратып, бул ушын Өзбекистан бойынша 25 млрд. сум қаржы ажыратты. Бул, әлбетте, халқымыздың турмысында өзиниң унамлы нәтийжесин беретуғынлығына гүман жоқ. Ең тийкарғысы халқымыз, соның ишинде, өсип киятырған жас әўладтың билимли, ақыллы және дана болып камалға келиўинде айрықша орын тутады, деп ойлаймыз.
Қарақалпақстан хабар агентлиги