ӨзР Президентиниң «2021-2022-оқыў жылында Өзбекстан Республикасының жоқары оқыў орынларына оқыўға қабыллаўдың мәмлекетлик буйыртпасы параметрлери ҳаққында»ғы қарарының жойбары жәрияланды.

 

Қарар жойбарына муўапық, мәмлекетлик жоқары оқыў орынларына:

 

А) Бакалаврлар таярлаў бойынша:

– күндизги билимлендириў түрине – 115 343 студент;

– сыртқы билимлендириў түрине – 36 211 студент;

– кешки билимлендириў түрине – 6 325 студент;

 

Б) Магистрлар таярлаў бойынша – 12 914 студент;

 

В) Мәмлекетлик емес жоқары оқыў орынларына – 56 студент мәмлекетлик буйыртпасы параметрлери тийкарында қабылланыўы белгиленген.

 

Соның менен бирге, Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлигиниң усыныснамасына ийе болған ҳаял-қызлар ушын бакалавриаттың күндизги билимлендириў түри бойынша 2000 қосымша мәмлекетлик гранты ажыратылыўы көрсетип өтилген.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.