Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев әмелге асырылып атырған дөретиўшилик жумыслары менен танысыў, халық пенен пикирлесиў мақсетинде 23-декабрь күни Ташкент қаласындағы бир қатар социаллық объектлерге барды.

Президентимиз дәслеп Жазыўшылар қыябанында әмелге асырылып атырған кең көлемли дөретиўшилик жумыслары менен танысты.

 Мәмлекетимиз басшысының усы жыл 18-апрельдеги «Әлийшер Наўайы атындағы Өзбекистан Миллий бағы аймағында Жазыўшылар қыябанын қурыў ҳаққында»ғы  қарарына муўапық, Әлийшер Наўайы атындағы Өзбекистан Миллий бағын халқымыдың, бәринен бурын, жасларымыздың руўхый-ағартыўшылық дәрежесин арттырыўға хызмет ететуғын, тек ғана елимиздиң емес, ал дүньяның түрли еллеринен мийманлар ҳәм туристлер келетуғын ҳәр тәреплеме гөззал ҳәм бийтәкирар орынға айландырыў, руўхый турмысымызда өшпес из қалдырған белгили сөз шеберлериниң тарийхый естелигин мәңгилестириў мақсетинде бағ аймағында Жазыўшылар қыябаны қурылмақта.

Президентимиз Өзбекистан Жазыўшылар аўқамының заманагөй имараты менен танысты, жазыўшы-шайырлар менен сәўбетлести.

Өзбекистан Жазыўшылар аўқамының имаратын қурыў жумыслары усы жылдың июль айында басланған еди. Еки қабатлы заманагөй имараттың биринши қабатында «Жаҳон адабиёти», «Шарқ юлдузи», «Ёшлик» журналларының редакциясы, «Ижод» жәмийетлик қоры, 150 орынлық белсендилер залы жайласқан. Екинши қабатында Өзбекистан Жазыўшылар аўқамының басқарыў ҳәкимшилиги, түрли илажлар, ушырасыўлар өткерилетуғын бир 50, еки 30 орынлық заллар орын алған. Имараттың жер төле бөлегинде китапхана, музей бар.

Биз бәрқулла зыялыларды, дөретиўшилерди қоллап-қуўатлаўымыз керек, деди Шавкат Мирзиёев. Олар дөреткен ибратлы шығармаларды, қосықларды, жасларымыз қанша көп оқыса, руўхый дүньясы, ағартыўшылығы артады, демек ўатанды сүйетуғын инсан болады. Ўатанды сүйиўшилер қанша көп болса, елимиз де сонша тез раўажланады.

Президентимиз имарат ишиндеги бөлмелерди көзден өткерди. Дөретиўшилерге және де қолайлық жаратыў, бөлмелерде зәрүр үскенелер менен тәмийинлеў бойынша усыныслар берди. Атап айтқанда, Өзбекистан Жазыўшылар аўқамы китапханасы менен Әлийшер Наўайы атындағы Өзбекистан Миллий китапханасы арасында онлайн бирге ислесиў орнатыў зәрүрлигин атап өтти. Бул Жазыўшылар аўқамынан турып Миллий китапханадағы китап фондынан пайдаланыў имканиятын береди.

Дөретиўшилер жаратылған шараят, жоқары итибар ушын мәмлекетимиз басшысына шын жүректен миннетдаршылық билдирип, халқымыздың руўхый дүньясын байытыў, жас талантлыларды жүзеге шығарыў бойынша бар күш-жигерин жумсайтуғынын атап өтти.

Бағ аймағында жайласқан Өзбекистан мәденияты ҳәм көркем өнери көргизбеси имараты оңланып, әдебий орай шөлкемлестирилиўи режелестирилмекте.

Мәмлекетимиз басшысы қыябанда уллы жазыўшыларымыздың естеликлерин орнатыў, әтирапын абаданластырыў жумысларына айрықша итибар бериў зәрүрлигин атап өтти.

Шавкат Мирзиёев Әлийшер Наўайы атындағы Ташкент мәмлекетлик өзбек тили ҳәм әдебияты университетине барды.

Биринши Президентимиз Ислам Кәримовтың 2016-жыл 13-майдағы қарарына муўапық шөлкемлестирилген бул университетте үш факультет, он еки кафедра бар.

Өткен ўақыт ишинде, усы жоқары оқыў орнына ажыратылған оқыў имаратлары капитал ири оңланып, заманагөй шараятлар жаратылды. Бүгин университетте 1 мың 100 студент билим алмақта, оларға илим докторлары ҳәм PhD дәрежесине ийе жоқары маманлықтағы қәнигелерден ибарат оқытыўшылар жәмәәти сабақ бермекте.

Мәмлекетимиз басшысының сапары шеңберинде усы университет имаратлары пайдаланыўға тапсырылды.

Университетте билимлендириў процеси толық мәлимлеме-коммуникация технологияларына тийкарланған. Видеоконференция залы, синхрон аўдарма ҳәм даўыс жазыў имаратлары, мәлимлеме-ресурс орайы заманагөй технологиялар менен тәмийинленген. Wi-Fi тармағына жалғанған сөйлесиў орынлары, Әлийшер Наўайы дәстанларындағы сыяқлы сарайлар шөлкемлестирилген.

Бул дәргай елимиздеги усы бағдардағы факультетлер ушын таяныш билимлендириў мәкемеси есапланады. Дүньяның 69 университети ҳәм институтлары менен илимий бирге ислесиў жолға қойылған.

Президентимиз университетте жаратылған шараятларды көзден өткерди. Оқытыўшы ҳәм студентлер менен сәўбетлести.

Шавкат Мирзиёев Әлийшер Наўайы шығармаларының мультимедиалық сөзлигин жаратып, халқымызға жеткериў, илимий излениўлерди хошаметлеў зәрүрлигин атап өтти.

Өзбек тилиниң халықаралық абыройын арттырыў, өзбек әдебияты үлгилерин шет тиллерге аўдарыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Ана тилимиздиң байлығын, оған ҳүрметиңиз бенен муҳаббатыңызды тилимизди дүньяға танытыў арқалы көрсетиўиңиз керек, деди Шавкат Мирзиёев университет қәнигелери менен болған сәўбетлесиўде.

Университетте шөлкемлестирилген хаттотлик лабораториясы бәршеде үлкен қызығыўшылық оятты. Бул Президентимиздиң 2017-жыл 24-майдағы «Әййемги қол жазба дәреклерин сақлаў, изертлеў ҳәм үгит-нәсиятлаў системасын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарарын әмелге асырыўға мүнәсип үлес қосатуғыны атап өтилди.

Мәмлекетимиз басшысы университет оқытыўшыларының турақ жайы ҳәм социаллық шараятлары менен де қызықсынды. Олар ушын Ташкент қаласынан 20  жай ажыратыў бойынша тапсырма берди.

Президентимиз пайтахтымыздың Әлийшер Наўайы, Алмазар, Ислам Кәримов ҳәм Фурқат көшелери аралығында қурылып атырған «Tоshkent Сity» халықаралық исбилерменлик орайының жетилистирилген жойбары менен танысты.

Бүгин Президентимиздиң басламасы менен елимизге шет елли инвесторларды тартыў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Бул ушын барлық шараятлар ҳәм қолайлықлар жаратылмақта. Дүнья тәжирийбесинде исбилерменлер ушын улыўма комплекс сыпатында бизнес орайлар жаратыў тәжирийбеси кеңнен қолланылады. Бул олардың нәтийжели жумысында үлкен әҳмийетке ийе. Пайтахтымызда қурылып атырған халықаралық исбилерменлик орайы да заманагөй ҳәм қолайлылығы жағынан бийбаҳа жойбар, деп баҳаланбақта.

Шавкат Мирзиёев усы жылы 28-октябрь күни «Tоshkent Сity» халықаралық исбилерменлик орайы қурылып атырған аймақта болып, буйыртпашы ҳәм қурылысшылар алдында турған ўазыйпаларды, шөлкемлестириўшилик ҳәм қаржы мәселелерин орнында додалап, жойбарларды буннан былай да жетилистириў, қурылысты жеделлестириў бойынша тапсырмалар берген еди.

Мәмлекетимиз басшысының тапсырмаларын орынлаў бойынша жетилистирилген жойбарларды және бир мәрте көзден өткерди. Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2017-жыл 28-июльдеги «Ташкент қаласының орайлық бөлегин абаданластырыў ҳәм архитектуралық келбетин буннан былай да жақсылаў және халық ҳәм пайтахт мийманлары ушын зәрүр шараятлар жаратыў илажлары ҳаққында»ғы қарарының орынланыўы бойынша Министрлер Кабинети жанында «Tоshkent Сity» халықаралық исбилерменлик орайы аймағындағы объектлерди қурыў ҳәм эксплуатациялаў бойынша дирекция дүзилген.

Президентимиз халықаралық исбилерменлик орайының ҳәкимшилик имаратында болды. Бул жерде жаратылып атырған жойбарларды, жумыс процесин көзден өткерди.

«Tоshkent Сity» халықаралық исбилерменлик орайының жетилискен концепциясына бола, имаратлар ҳәм объектлер түрли қурылыс шөлкемлери тәрепинен қурылмақта. Жойбарларды елимиз исбилерменлери Қытай, Түркия, Қубла Корея сыяқлы мәмлекетлердиң инвесторлары менен биргеликте әмелге асырмақта.

Шавкат Мирзиёев  қурылысқа тартылған инвесторлар менен сәўбетлести. Олардың пикирлери ҳәм басламалары менен қызықсынды.

Бүгин халықтың тилинде «қала ишиндеги қала», деп тән алынып атырған орайдың қурылысы еки басқышта жақын төрт жылда жуўмақланады.

Президентимиз «Tоshkent Сity» халықаралық исбилерменлик орайында қурылып атырған имаратлар ҳәм объектлердиң бир-бирине үйлес болыўы, дизайн жағынан бири екиншисин толықтырыўы зәрүрлигин атап өтти.

 

Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ,

Анвар САМАДОВ,

Әбу Бакир ОРАЗОВ,

ӨзАның хабаршылары