Өзбекистан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы тәрепинен республикамыз бойлап «Хизмат-беминнат» жойбары жумыс баслады.

Партияның Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси «Мәҳәлле» қайырқомлық жәмийетлик фонды Қарақалпақстан Республикалық басқармасы ҳәм республикалық «Өнермент» бирлеспеси менен бирликте Нөкис қаласы, Қоңырат, Қанлыкөл, Шоманай, Хожели ҳәм Қараөзек районларында усы жойбар шеңберинде бийпул кәсипке таярлаў ҳәм оқыў курсларын әмелге асырмақта.

Бирлеспеген жасларды ҳәм ҳаял-қызларды кәсип-өнерге үйретиў, олардың бос ўақытларын мазмунлы шөлкемлестириў, қосымша билим бериў арқалы бәнтлигин тәмийинлеў, турмыста өз орнына ийе болыўына бийминнет көмеклесиў, «Устаз-шәкирт» үрп-әдетлерин қайта тиклеўге қаратылған бул жойбар арқалы бүгинги күнде 40 тан аслам пуқараларымыздың жаңа өнерди пуқта ийелеўине хызмет етти. Олар «Иффатли келин» оқыў курсларында, аймақлардағы  тигиўшилик цехларында, мектеплерде таярланды.

Ҳәзирги ўақытта бул оқыў курслары республикамыздың басқа районлары ҳәм қалаларында да өз жумысын баслады.

 

Қарқалпақстан хабар агентлиги