Билимлендириў тараўында бир қанша унамлы өзгерислер менен бирге көплеген қәте-кемшиликлердиң де бар екенлиги сыр емес. Орынларда жүз берип атырған машқалалы мәселелер бүгинги Президентимиз басшылығында өткерилип атырған видеоселектор мәжилислеринде ҳәм  ғалаба хабар қураллары менен социаллық тармақлардағы материалларда жийи-жийи сынға алынбақта.

3-март күни «Прогресс» Билимлендириў ҳәи раўажландырыў орайы жанындағы 46-санлы қәнигелестирилген улыўма орта билим бериў мектебинде Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги тәрепинен 2020-жылда әмелге асырылған жумыслар ҳәм 2021-жылға белгиленген режелерге бағышланған баспасөз әнжуманы болып өтти.

Әнжуманға Халық билимлендириў министри, министрдиң орынбасарлары, жуўапкер хызметкерлери, Нөкис қаласы ҳәм районлық Халық билимлендириў бөлими баслықлары, мектеп директорлары ҳәм журналист-блогерлер қатнасты.

Онда министр Р.Реймов, министрдиң биринши орынбасары А.Худайбергеновлар шығып сөйлеп, өткен жылы Халық билимлендириўи тараўында исленген жумыслар ҳәм алдағы ўазыйпалар ҳаққында илаж қатнасыўшыларына кең түрде түсиниклер берди.

Баянатшылардың атап ѳткениндей бүгинги күни Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлигине қараслы 727 улыўма орта билим бериў мектеплери, 1 меӽрибанлық үйи ӽәм 18  «Бәркамал әўлад» балалар мектеплери жумыс алып барып, оларда 352 мыңнан аслам оқыўшы тәлим-тәрбия алмақта. Сондай-ақ, олар ѳз сѳзлеринде быйылғы жылы республикамыздың 27 мектебинде қурылыс оңлаў жумыслары әмелге асырылатуғыны ӽәм бул ушын 100 млрд сум қаржы ажыратылыўы режелестирилип атырғаны туўралы да мағлыўматлар берилди.

Буннан соң журналист ӽәм блогерлер тәрепинен Халық билимлендириўи министри Р.Реймовқа билимлендириў тараўы бойынша жәмийетшиликти ойландырып жүрген кѳплеген мәселелер бойынша сораўлар  берилип, оларға министрликтиң жуўапкер хызметкерлери тәрепинен тийисли жуўаплар берилди.

Илаж соңында Р.Реймов шығып сѳйлеп, ғалаба хабар қураллары хызметкерлери менен усылайынша жүзбе-жүз ушырасып, олар менен пикирлесип турыў Халық билимлендириў министрлиги ушын да жүдә пайдалы екенлигин ӽәм алдағы ўақытлары да бундай баспасѳз әнжуманларын ӽәр шеректе ѳткерип турса мақсетке муўапық болатуғынлығын атап ѳтип, журналист-блогерлерге ѳз миннетдаршылығын билдирди.

 

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги