1-март – Өзбекстан халық шайыры Зульфия Исраилованың туўылған күни. Сәне мүнәсибети менен бүгин Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында ушырасыў кешеси шөлкемлестирилди.

 

Ушырасыўда институт ректорының ҳаял-қызлар мәселелери бойынша мәсләҳәтшиси Ф.Отенова, руўхыйлық-ағартыўшылық бөлими баслығы Б.Бекмуратов сөзге шығып, халқымыздың сүйикли шайыры, белгили жәмийетлик ғайраткер Зульфия Исраилованың өлмес әдебий мийрасы, қосықларында ҳаял-қызлар тематикасы, өмири ҳәм мийнет жолы ҳаққында тоқталып өтти.

Ушырасыўда «Қарақалпақ әдебияты» газетасының бас редакторы, сенатор Г.Аннақлычева, «Дослық» ордени ийеси, шайыр Г.Дәўлетова, Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен журналист А.Өтениязова, «Қорақалпоғистон тонги» газетасының бас редакторы Н.Матякубовалар шығып сөйлеп, шайыр Зульфияның қосықлары тек ғана өзбек халқының емес, соның менен бирге, қарақалпақ, түркмен, қазақ ҳәм басқа да халықлардың әдебиятында өз орнына ийе екенлигин атап өтип, өзлериниң шайырға ҳәм бәҳәр паслына арнап жазған қосықларын жыйналғанлар итибарына усынды.

Зульфия «Уйлар», «Шалола» сыяқлы поэзиялық топламлары ушын Ҳамза атындағы Мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты болған. Ҳинд тематикасындағы қосықлары ушын Жавоҳарлал Неру атындағы халықаралық сыйлық, тынышлық ҳәм дослықты жырлайтуғын шығармалары және Азия ҳәм Африка жазыўшылары ҳәрекетиндеги белсендилиги ушын халықаралық «Нилуфар» сыйлығына ылайық көрилген.

Шайыр Ҳиндстан, Югославия, Шри Ланка, Мыср, Бирма, Австрия сыяқлы мәмлекетлерде болды. Ол 1956-жылы Азия ҳәм Африка жазыўшыларының Делиде өткерилген биринши конференциясында қатнасып, көпшиликке белгили «Мушоира» (1958) дөретпесин жаратты.

 

Оның қосықлары рус, инглис, немис, ҳинд, болгар, қытай, араб, парсы ҳәм көплеген түркий тиллерге аўдармаланған. Зульфия Некрасов, Лермонтов, В.Инбер, Леся Украинка, Эди Огнецвет, М.Дилбозий, Амитра Притам шығармаларын өзбек тилине шебер түрде аўдарма ислеген.

 

Илаж институттың талантлы студентлери атқарыўындағы сахналық көринислер ҳәм концерт бағдарламасы менен даўам етти.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Автордың түсирген фотолары.