Республикамыз аймағында 26-февраль күни ҳаўа алағат бултласып, жаўын-шашын болмайды. Бул ҳаққында «Қарақалпақгидромет» хабар берди.
Самалдың бағыты арқа-шығыстан болып, тезлиги 7-12 м/с қа тең болады.
Ҳаўаның температурасы:
– Үстирт тегислигинде түнде 20-25 градус суўық, күндиз 10-15 градус суўық;
– Арқа районларда түнде 16-21 градус суўық, күндиз 7-12 градус суўық;
– Арқа-шығыс ҳәм орайлық районларда түнде 14-19 градус суўық, күндиз 6-11 градус суўық;
– Қубла районларда түнде 12-17 градус суўық, күндиз 3-8 градус суўық;
– Пайтахтымыз Нөкис қаласында түнде 16-18 градус суўық, күндиз 7-9 градус суўық болады.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.