Мүнәсибет

Мәмлекетимиз басшысының БМШтың Инсан ҳуқықлары бойынша кеңеси мәжилисиндеги шығып сөйлеген сөзин дыққат пенен тыңладық.

Бул кеңес дүнья бойлап инсан ҳуқықларының қорғалыўын тәмийинлеўге қаратылған БМШ системасындағы ең абырайлы уйымлардан бири екенин айтыў орынлы. Кеңеске 47 мәмлекет ағза. Кеңес ағзалары үш жыллық мүддетке жасырын даўыс бериў жолы менен сайланады.

Өткен жылы Өзбекстан 2021-2023-жыллар дәўирине бул структураның ағзасы етип биринши мәрте сайланғаны елимизде кейинги жыллары инсан ҳуқықларын тәмийинлеў бағдарында әмелге асырылып атырған турмыслық реформалардың әҳмийетли тән алыныўы болды. Өзбекстан инсан ҳуқықлары бойынша 80 нен аслам халықаралық ҳүжжетке, сол қатарда, БМШтың 6 тийкарғы шәртнамасы ҳәм 4 факультатив протоколына қосылған.

Мәмлекетимиз басшысының 2020-жыл 22-июньда қабыл етилген «Инсан ҳуқықлары бойынша Өзбекстан Республикасының Миллий стратегиясын тастыйықлаў ҳаққында»ғы пәрманы бул тараўдағы жумысларды жаңа басқышқа көтермекте. Усы пәрман тийкарында миллий стратегия ҳәм оны әмелге асырыў бойынша «Жол картасы» тастыйықланды.

Елимизде инсан ҳуқықларын қорғаў, сөз еркинлигин тәмийинлеў бойынша әҳмийетли илажлар әмелге асырылмақта. Мәселен, жынаят ислеген пуқараларды әпиў етиў бойынша ақырғы жыллары 13 пәрман қабыл етилип, 4 мыңнан аслам пуқара жазаны өтеў орнынан азат етилди. Еркинен айырылған пуқараларға пенсия ҳәм социаллық қамсызландырыўды төлеў тәртиби биринши мәрте әмелиятқа киргизилди. Жаслық қорғанындағы жазаны орынлаў колониясының жабылғаны мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған адамгершилик сиясатының және де айқын көриниси болды.

Соңғы үш жылда 19 мыңнан аслам, сондай-ақ, бир ўақыттың өзинде 1995-жылға шекем Өзбекстанға келген ҳәм соннан берли жасап атырған 50 мыңға шамалас ўатанласларымызға пуқаралық берилгени халқымыз тәрепинен де, халықаралық көлемде де үлкен алғысқа сазаўар болмақта. Бундай ийгиликли ислер бүгинги күнде де избе-из даўам етип атырғаны халқымыздың жәмийетимиздеги реформаларға қатнасын күшейтпекте. Елимизде жаратыўшылық, дөретиўшилик, интәкерлик, тынышлық-татыўлық орталығы беккемленбекте.

Дүньяның абырайлы халықаралық минбери – БМШтың Инсан ҳуқықлары бойынша кеңеси мәжилисинде мәмлекетимиз басшысының шығып сөйлеўи елимизде ерисилип атырған әне, усындай әҳмийетли табыслар халықаралық жәмийетшиликтиң турақлы итибарында екениниң ҳәм қызғын қоллап-қуўатланыўының тән алыныўы, десек қәте болмайды. Қалаберди, бул Президентимиздиң инсан ҳуқықларын тәмийинлеў бағдарындағы жоқары сиясий ерк-ықрарынан да дәрек береди.

Және бир тәрепи – 160 тан аслам мәмлекеттиң президентлери, ҳүкимет басшылары, ири халықаралық шөлкемлердиң басшылары қатнасқан бул халықаралық илажда Өзбекстан Президентиниң биринши болып сөзге шығыўы – бул халықаралық жәмийетшиликтиң мәмлекетимиз жетекшисине, халқымызға, жанажан Өзбекстанымызға болған жоқары ҳүрмет ҳәм итибарының айқын көриниси болды. Президентимиз бул сапары да өз өзбек тилинде билдирди. Бул – ана тилимиздиң халықаралық уллы минберлерден екинши мәрте жаңлаўы болды. Буны көрип қәлбимизде мақтаныш сезими және бир мәрте йош урып, кеўлимиз таўдай көтерилди.

Бул әнжуманда мәмлекетимиз басшысы инсан ҳуқықлары тараўында ең глобал болған әҳмийетли мәселелерге тоқтап өтти ҳәм бир қатар басламаларды алға қойды. Биринши мәселе – Өзбекстан Турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиўдиң исенимли тәрепдары. Елимизде әмелге асырылып атырған барлық реформалар, халықаралық майданларда алға қойылып атырған усыныс ҳәм басламалар Турақлы раўажланыў мақсетлериниң «хеш кимди итибардан шетте қалдырмаў» принципи менен үнлес болып есапланады.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң БМШ Бас Ассамблеясының 75-сессиясында турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиў ҳәм инсан ҳуқықларын тәмийинлеўде парламентлердиң ролин арттырыў ҳаққында БМШ Бас Ассамблеясының арнаўлы резолюциясын қабыл етиў ҳаққындағы усынысы Өзбекстанды глобал ҳәм регионаллық күн тәртибин қәлиплестириўдеги белсене қатнасыўшысына айланып баратырған мәмлекет сыпатында баҳалаўымыз мүмкин.

Мәмлекетимиз басшысы турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиўде парламенттиң роли ҳаққында турақлы түрде атап өтеди. Соның ишинде, Президентимиз Сенаттың биринши мәжилисинде шығып сөйлегенинде де Турақлы раўажланыў мақсетлерин орынлаў бойынша тастыйықланған индикторларға ерисилиўи үстинен Сенат турақлы мониторингин алып барыў мақсетке муўапық екенлиги бойынша тийисли усыныслар берген еди. Сонлықтан, Турақлы раўажланыў тараўындағы миллий мақсет ҳәм ўазыйпалардың избе-из әмелге асырылыўы үстинен турақлы қадағалаўды алып барыў үстинен Парламент комиссиясы шөлкемлестирилди. Парламент комиссиясы ағзалары қатнасыўында Өзбестанның Турақлы раўажланыў мақсетлерин әмелге асырыўға байланыслы биринши ықтыярлы миллий түсиниги жойбары ислеп шығылды ҳәм елимиз биринши мәрте турақлы раўажланыў бойынша жоқары дәрежедеги сиясий форумға бул түсиникти усыныс еткен 49 мәмлекеттиң қатарынан орын алды.

Сондай-ақ, турақлы раўажланыў тараўындағы азық-аўқат қәўипсизлигин беккемлеў, аналық ҳәм балалықты қорғаў және гендер теңликти тәмийинлеў ҳәм ҳаял-қызлардың ҳуқықларын қорғаў бойынша республикамыздың 7 аймағында үйрениўлер алып барылды. Үйрениў шеңберинде 3 миллий мақсет, оның 30 ўазыйпасы және 55 индикатор қамтып алынды. Нәтийжелер Парламент комиссиясының мәжилисинде додаланып Ҳүкимет алдына анық ўазыйпалар қойылды. Бул жумыслардың логикалық даўамы сыпатында усы жылы Бухара қаласында «Турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиўде парламентлераралық глобал бирге ислесиў» атамасындағы халықаралық форумды өткериў режелестирилмекте.

Турақлы раўажланыўға ерисиў мақсетинде елимизде әмелге асырылып атырған реформалар, халықаралық рейтинг агентликлери тәрепинен де мүнәсип баҳаланып келинбекте. Атап айтқанда, Бертельсман фондының 2020-жылғы есабатында Өзбекстан Турақлы раўажланыў мақсетлериниң көрсеткишлерине ерисиў бойынша 193 мәмлекет арасында 66-орынды ийелеген. Бундай нәтийжеге ерисиўдиң тийкарғы факторлары сыпатында кәмбағал халық үлесиниң 2015-жылдағы 13 проценттен 2018-жылы 11 процентке шекем азайғаны, балаларды мектепке шекемги билимлендириў менен қамтып алыў дәрежеси 2017-жылдағы 28 проценттен 2019-жылы 52 процентке артқаны атап өтилген.

Екинши мәселе – бул гендер сиясатқа тийисли болып, бул бойынша елимизде беккем ҳуқықый тийкарлар жаратылды. Барлық тараўларда ҳаял-қызлардың мәплерин тәмийинлеў бойынша бир қатар әмелий жумыслар исленбекте. Бул бағдардағы жумысларымыз халықаралық көлемде мүнәсип тән алынбақта. Мысал ушын, халықаралық парламентлераралық ассамблеясының бас хаткери Мартин Чунгонг Өзбекстан тәжирийбеси басқа мәмлекетлер ушын үлги болатуғынын атап өтти. 2021-жылы Орайлық Азия еллериниң жетекши ҳаялларының пикирлесиўине басшылық етиўдиң Өзбекстанға тапсырылыўын да елимизде гендер сиясаты дурыс бағдарлаў тийкарында алып барылып атыр, деп баҳалаўымыз мүмкин.

Үшинши мәселе – Президентимиз өзиниң шығып сөйлеўинде жаслар мәселесине айрықша тоқтап өтти. Усы жылдың «Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў жылы» деп жәрияланыўы да бийкарға емес. Балалар омбудсманы институтының жумысы буннан былай да жетилистирилип, ҳәзирги күнде бул бойынша нызам да ислеп шығылмақта.

Ҳәммемизге белгили, Президентимиз БМШ Бас Ассамблеясы 72-сессиясында Жаслар ҳуқықлары ҳаққындағы конвенцияны қабыл етиў усынысын алға қойған еди. Бүгинги шығып сөйлеўинде болса Жаслар ҳуқықлары бойынша арнаўлы баянатшы институтын шөлкемлестириў усынысы билдирилди. Бул арқалы жаслар мәселелерин БМШның уллы минберлеринде турақлы түрде додалап барыў имканияты жаратылады.

Төртинши мәселе – коррупцияға қарсы гүресиў мәселеси екенлиги атап өтилди. Мәмлекетимиз басшысының 2020-жыл 29-июньдағы пәрманы менен шөлкемлестирилген Өзбекстан Республикасы Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги ҳәм Өзбекстан Республикасы коррупцияға қарсы гүресиў миллий кеңеси бул бағдардағы үлкен қәдем болғаны және бүгинги күнде Миллий кеңес ҳәм Агентлик тәрепинен бир қатар жумыслардың әмелге асырылып атырғаны айрықша атап өтилди. Миллий кеңестиң жумыс режесине муўапық, коррупцияға қарсы гүресиў бойынша ҳәр қыйлы бағдарларда анық илажлар белгиленди, бир қатар жуўапкер уйымлардың басшыларының мәлимлемелери тыңланды. Сингапур, Қубла Корея ҳәм Словения мәмлекетлериниң коррупцияға қарсы гүресиў тараўында жумыс ислеп атырған үш жетекши экспертлерин Коррупцияға қарсы гүресиў агентлигине мәсләҳәтши сыпатында тартыў бойынша келисимге ерисилди.

Коррупцияға қарсы гүресиў системасының нәтийжелилигине ерисиў, мәмлекеттиң халықаралық майдандағы унамлы абырай-мәртебесин арттырыў мақсетинде денсаўлықты сақлаў. қурылыс, жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў ҳәм мәмлекетлик сатып алыўлар тараўларында «Коррупциясыз тараў» жойбарын әмелге асырыў ушын жумысшы топарлар дүзилип, олардың қурамы тастыйықланды және ўазыйпалары белгилеп алынды.

Коррупцияның ҳәзирги жағдайы бойынша Халықаралық коррупцияға қарсы гүресиў шөлкеминиң (Transparency International) 2019-жылы жәрияланған индексинде Өзбекстан 180 мәмлекеттен 153-орынды ийелеген болса, 2020-жылы 7 текшеге көтерилип, 146-орынды ийеледи. Коррупцияға қарсы гүресиў халықаралық стандартларын Өзбекстан Республикасы Нызамшылығына имплементациялаўды даўам еттириў бойынша «Жол картасы» тастыйықланды.

Коррупцияға қарсы гүресиў ҳәр бир пуқараның, улыўма алғанда, барлығымыздың бирдей ўазыйпамыз екен, бул бойынша жәмийетшиликтиң роли үлкен әҳмийетке ийе. Соның ушын, коррупцияға қарсы гүресиў тараўындағы бағдарламаларды әмелге асырыўда белсене қатнасыў мақсетинде Агентлик жанында Жәмийетлик кеңес шөлкемлестирилди.

Кадрларды таңлаў ҳәм орны-орнына қойыў ушын өткерилетуғын таңлаўларды интернет тармағында онлайн трансляциялаў әмелиятын жолға қойыў ушын өз алдына ханалар ажыратыў ҳәм үскенелеў және мәжбүрий түрде интернет тармағында онлайн трансляциялаў илажлары әмелге асырылмақта. Соның менен бирге, Миллий кеңес режеси, 2021-2025-жылларға мөлшерленген миллий стратегия ҳәм Коррупцияға қарсы гүресиў бойынша 2021-2022-жылларға мөлшерленген мәмлекетлик бағдарламаның жойбарлары ислеп шығылып, додаланбақта.

Бесинши мәселе – айрықша итибарға ылайық, имканияты шекленген, майыплығы бар пуқаралар мәселеси. Президентимиз өзиниң шығып сөйлеўинде Майыплардың ҳуқықлары ҳаққындағы конвенцияның парламент тәрепинен ратификацияланыўының күтилип атырғанын айрықша атап өтти. Елимизде усы Конвенцияны ратификациялаў ушын ҳуқықый тийкарлар жетилистирилди. Өткен жылы «Майыплығы болған пуқаралардың ҳуқықлары ҳаққында»ғы нызам қабыл етилди. 2021-жылғы мәмлекетлик бағдарламада да бул категориядағы инсалардың социаллық қорғалыўы бағдарында бир қатар илажлар белгиленди. Майыплықты белгилеўдиң дүнья стандартларына сәйкес «социаллық модели»не басқышпа-басқыш өтилмекте ҳәм, ең тийкарғысы, бул бағдардағы реформаларымыз артқа қайтпайтуғындай түс алды.

Алтыншы мәселе – бул елимизде балалар ҳәм мәжбүрий мийнеттиң сапластырылғанлығы атап өтилди. Бул бағдарда соңғы 4 жыл ишинде биз мисли көрилмеген нәтийжелерге еристик. Яғный елимизде балалар ҳәм мәжбүрий мийнетке пеүткиллей шек қойылды. Халық ушын еркин, мүнәсип мийнет пенен тәмийинлеў жумыслары аўыл хожалығын модернизациялаў, мийнет тараўына базар экономикасы ҳәм стандартларын енгизиў жумыслары менен биргеликте алып барылмақта. Бул жумысларымыз Халықаралық мийнет шөлкеминиң Бас директоры Гай Райдер тәрепинен 2020-жылы өткерилген халықаралық мониторинг топарының экспертлери тәрепинен тән алынды.

Бул мәселеге және де анығырақ тоқтап өтетуғын болсақ, тек ғана 2020-жылдың өзинде елимизде адам саўдасына ҳәм мәжбүрий мийнетке қарсы гүресиў бағдарындағы ўазыйпаларды тәртипке салыў мақсетинде 19 нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет қабыл етилди. Ең тийкарғысы, мәжбүрий мийнетти сапластырыў мақсетинде Өзбекстан Республикасы нызамшылығына ҳәкимшилик жуўапкершиликти күшейтетуғын және жынайый жуўапкершиликти белгилейтуғын нормалар киргизилди. Соның ишинде, Өзбекстан Республикасының Жынаят, Жынаят-процессуаллық кодекслерине және Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилип, балалар мийнетине жол қойған пуқараларға жынайый жуўапкершилик белгиленди.

Буннан тысқары сырт еллерде мийнет етиўди әмелге асырыў нийетинде болған пуқаралар ушын қолайлы шараятлар жаратыў, адам саўдасынан жәбирленген пуқараларымыздың ҳуқықлары ҳәм олардың мәплерин қорғаў мақсетинде ҳәрекеттеги нызам ҳүжжетлери жетилистирилди.

Соның менен бирге, Президентимиз тәрепинен бул абырайлы әнжуманда Инсан ҳуқықлары бойынша билимлендириўди күшейтиў, пуқаралығы болмаған шахслардың санын азайтыў, пуқаралық жәмийети институтларын буннан былай да раўажландырыў, сөз еркинлигин ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, судьялардың еркинлигин тәмийинлеў, олардың жумыс ислеў механизмлерин жетилистириў бағдарында бир қатар әҳмийетли басламалар алға қойылды. Буннан тысқары, қыйнаўлардың ҳәр қандай көринисине улыўма жол қоймаў, Қыйнаўларға қарсы конвенцияның факультатив протоколын ратификациялаў, Қыйнаўлар бойынша БМШтың арнаўлы баянатшысын Өзбекстанға мирәт етиў сыяқлы әҳмийетли мәселелер бойынша сөз болды.

Улыўма алғанда, мәмлекетимиз басшысының бул әнжумандағы шығып сөйлеўинде айтылған ҳәр бир пикир, усыныс ҳәм басламалар тек ғана жерлеслеримизди емес, ал, халықаралық жәмийетшиликти де толқынландырып жибергени тәбийғый. Онда тек ғана халқымыздың емес, ал, пүткил инсанияттың абадан келешегине хызмет ететуғын әҳмийетли мақсет ҳәм ўазыйпалар өз көринисин тапты.

Сонлықтан баянатта алға қойылған идея ҳәм басламалар, мақсет-ўазыйпаларды жүзеге шығарыў – парламент ағзалары, Ҳүкимет ўәкиллери, жергиликли ҳәкимликлерге үлкен жуўапкершилик жүклейди. Келешекте барлығымыз аўызбиршиликли болып, бир жағадан бас шығарып, анық реже ҳәм бағдарларды белгилеп алып жумыс ислесек, бул бойынша гөзлеген мақсетлеримизге, әлбетте, ерисемиз.

Танзила НОРБОЕВА,

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы

ӨзА