Соңғы жыллары елимизде жасларды исбилерменликке тартыў  арқалы олардың бәнтлигин тәмийинлеўге айрықша итибар қаратылып келинбекте.

Усындай илажлардың бири Мойнақ районы ҳәкими, 1-сектор баслығы Е.Еденбаевтың басламасы менен шөлкемлестирилиди. Атап айтқанда  сектор баслығы тәрепинен Ҳәким ата аўыл пуқаралар жыйынындағы Дослық ҳәм Әлий аўыллары,”Бозатаў” АПЖ ның бир топар  жаслары 16-февраль күни таң азаннан уллы мақсет ҳәм жақсы нийетлерди жолдас етип исбилерменлик сырларын үйрениў мақсетинде, Қараөзектеги “Панаев фарм” фермер хожалығына саяхат етти.

“Панаев фарм” фермер хожалығында болған мойнақлы жаслар  ең дәслеп симментал ҳәм гольштейн сыяқлы нәсилли қара маллар бағылып атырған фермада болып, ол жердеги шараятлар ҳәм имканиятлар менен танысты

 

 

Соңынан  фермер хожалығының  нәсилли қой-ешки, қоян ҳәм қусшылық  фермаларында да болып, хожалықтың қәнигелеринен қара малларды күтимли бағыў ҳәм сақлаў жолларын үйренди.

 

 

 

-Шарўашылық бойынша исбилерменлик жумысымды қалайынша  баслайман ҳәм оны қалай раўажландыраман?  деген  сораўлар маған  ҳеш тынышлық бермейтуғын еди. Мине, бүгинги саяхат даўамында оған толық жуўап алғандай болдым. Алдағы ўақытлары  Банк кредити есабынан өз бизнесимди, әлбетте, жолға қояман,- дейди  бул  сапардан тәсирленген Клара Кенжебаева

Саяхат даўамында  Мойнақ район ҳәкиминиң аўыл хожалығы ҳәм суў мәселелери бойынша орынбасары Р.Шербаев шарўашылық тараўына қызығыўшылық билдирип, сораўлар менен мүрәжат еткен ҳәр бир жасқа өзиниң  топлаған  ис-тәжирийбеси менен бирге илимий- теориялық дәреклер тийкарында тийисли  жуўаплар  берген болса, банклер тәрепинен жасларға берилетуғын жеңилликли кредитлер ҳәм басқа да есап-санақ жумыслары бойынша сораўларына банк хызметкерлеринен  жуўаплар алды.

Илаж жуўмағында жаслар өзлери таңлаған нәсилли малларды  паспорты арқалы белгилеп, кредит мәселеси  шешилгеннен соң Мойнаққа алып кетиў ушын буйыртпалар  берди.

Солай етип, Қараөзек районындағы  “Панаев фарм” фермер хожалығына шөлкемлестирилген мойнақлы жаслардың саяхаты,  олар  ушын үлкен тәжирийбе ҳәм күшли мотивация бериўи  менен әҳмийетли болды.

Соңынан бул  жаслар пайтахтымыздағы Қарақалпақстан Республикасы тарийхы ҳәм мәденияты музейинде болып, усы жердеги уллы тулғалардың портретлери, қарақалпақ қыз-келиншеклери, ҳаялларының безениў тағыншақлары, үлкемиздиң ҳайўанат дүньясы ҳәм басқа да елимиз тарийхы менен мәдениятына тийисли  экпонатлар  менен жақыннан танысты.

 

 

 

– Музейдеги  Арал теңизиниң бурынғы келбети  сәўлеленген экспонатлар менде айырықша тәсир қалдырды. Аралдың тарийхына байланыслы экспонатлардың  республикалық музейде сақланыўы – пүткил халқымыздың, мәмлекетимиздиң дыққат-итибарының  экологиялық машқалалардан шетте емес екенлигинен дәрек береди – дейди саяхатшылардың бири  Б.Батиев.

Сапар етиў барысында  мойнақлы жаслар Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында да болып, ол жерде  Эркин Ағзам қәлемине тийисли “Тәнҳа қайық”  спектакьлин тамашалады.

 

 

 

 

 

Арал апатшылығы сәўлеленген бул спектакльде қайық устасы  бас қаҳарман образы шеберлик пенен атқарылады. Ол әтирапта бийталап  жүрген балаларды топлап, оларға ата-бабалардан мийрас болып қалған қайық соғыў кәсибин үйретеди ҳәм инсаныйлықтан сабақ береди. Ал, теңиз болса жүзлеген шақырым алысқа кетип қалады. Деген менен, кексе қайықшы уста  бир күнлери Аралдың суўға толатуғынына исенеди.

– Биз жаслар ушын Арал теңизи ертектей. Теңиз ҳаққында ата-әжелеримизден көп еситемиз. Ал, бүгинги премьерадан болса тарийхта ҳақыйқатында Арал теңизи бар болғанлығын көз алдымызға келтирдик.  Ата-бабаларымыздың өтмишин ҳәм сол дәўирдеги  турмысын көргендей болдық. Бүгинги илажлардың шөлкемлестириўшилерине миннетдармыз – дейди Мөлдир Еркежанова.

Күн даўамында район ҳәкимлиги тәрепинен шөлкемлестирилген  бул  унамлы илаж жаңа Мойнақтың жарқын келешегин қурыўшы жаслар ушын үлкен түртки болды, деп толық айта аламыз.

 

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.