ТАҢЛАЎ      

Өзбекстан «Адолат» социал-демократиялық партиясының басламасы менен улыўма орта билим бериў мектеплериниң 611-класс оқыўшылары арасында «Биз коррупцияға қарсымыз» темасында диктант жазыў бойынша таңлаў өткерилмекте.

Усы жылдың февраль айынан март айына шекем үш басқышта өткерилиўи режелестирилген таңлаўдың тийкарғы мақсети, оқыўшылардың ҳуқықый билими және мәдениятын жетилистириў арқалы олардың санасында коррупция иллетине қарсы иммунитетти пайда етиў болып табылады. Сондай-ақ, илаждың Президентимиздиң Олий Мажлиске жоллаған Мүрәжатында алға қойылған идеялар ҳәм партияның сайлаўалды бағдарламасында белгиленген ўазыйпаларға тиккелей байланыслы екенлиги менен де әҳмийетли.

 

 

Мине, усындай таңлаў Нөкис қаласындағы 17-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде болып өтти. Онда жүзден аслам оқыўшының қатнасқанлығы бул илаждың қаншелли әҳмийетли екенлигинен дәрек береди. Олардың арасынан жеңимпаз болған оқыўшылар келеси басқышқа жоллама алады.

Таңлаў жуўмағында ең жақсы деп табылған жумыслар диктантлар топламына киргизиледи.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.