Халқымыз арасында кәмбағаллықты қысқартыў, пуқараларды жумыс пенен тәмийинлеў, мәҳәлле кесиминде системалы жумысларды әмелге асырыў бағдарында исленип атырған илажлар қай дәрежеде?-деген сораўымызға   Қарақалпақстан Республикасы Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министриниң биринши орынбасары А.Шамуратов төмендегише жуўап берди:

– Президентимиз Ш.Мирзиёевтиң Олий Мажлиске жоллаған Мүрәжатында белгиленген ўазыйпалардан келип шығып, барлық тийисли жуўапкер министрликлер менен мәкемелер, район (қала) ҳәкимликлери, сектор басшылары менен биргеликте республикамыздағы 1 миллион 906 мың пуқара жасап атырған 413 мәҳәлледеги 412 мыңнан аслам шаңарақ бирме-бир үйренип шығылды.

Өткен дәўир ишинде социаллық қорғаўға ҳәм жәрдемге мүтәж 17 мың 114 шаңарақтың 80,1 мың ағзасынан 27,7 мың мийнетке жарамлы жумыссыз ағзалары «Темир дәптер»ге киргизилди. Атап айтқанда, 13 мың 680 напақа алатуғын шаңарақлар, 3434 пандемия себепли карантин ўақтында дәраматсыз қалған шаңарақлар (шаңарақ ағзалары 16047) солардың қатарына киреди.

Өткен жылдың август айында өткерилген хатлаўға муўапық, сектор басшыларының усынысы менен 14,4 мың ҳақыйқый жәрдемге мүтәж, қыйын жағдайдағы ҳәм социаллық жәрдемге мүтәж шаңарақлардың 63,7 мың ағзасынан 16,2 мыңы мийнетке жарамлы жумыссыз шаңарақ ағзалары сыпатында «Темир дәптер»ге қосымша ретинде киргизилди.

Өзбекстан «Мәҳәлле» қайырқомлық жәмийетлик қорының Қарақалпақстан Республикалық ҳәм район (қала)лық бөлимлери жанындағы «Сақаўат ҳәм жәрдем» қоры аймақлық бөлимлериниң хызмет көрсетиўши банклеринде миллий ҳәм сырт ел валютасында өз алдына есап бетлери ашылып, республикамыз бойынша усы қордың есап бетлерине 7 миллиард 141 миллион сум келип түсти. Соннан, 26 мың 827 шаңараққа 2,9 миллиард сумлық азық-аўқат өнимлери, 1118  шаңараққа 92,4 миллион сумлық дәри-дәрмақлар, 1345 шаңараққа 493,4 миллион сумлық басқа түрдеги өнимлер, 3263 шаңараққа 1,4 миллиард сумлық нақ пул көринисиндеги материаллық жәрдемлер берилди.

Ҳәзирги ўақытта 2 миллиард 171 миллион сумлық қаржы қордың аймақлық бөлимлериндеги банк есап бетлеринде сақланбақта.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2020-жыл 29-июль күнги «Пандемия дәўиринде социаллық қорғаўға ҳәм жәрдемге мүтәж халық қатламларын материаллық қоллап-қуўатлаў ҳаққында»ғы бийлиги тийкарында республикамыздағы 13590 шаңараққа (олардың шаңарақ ағзаларының саны 59886) 10 миллиард сум муғдарындағы қаржылар толық төлеп берилди.

Буннан басқа, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 30-июльдеги «Коронавирус пандемиясы дәўиринде социаллық қорғаўға ҳәм жәрдемге мүтәж халық қатламларын материаллық қоллап-қуўатлаўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы пәрманына муўапық, республикамызда 14596 жәрдемге мүтәж шаңарақлардың ҳәр бир ағзасына бир мәртелик 220  мың сумнан 14 миллиард 155 миллион сумлық қаржылар төлеп берилди.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 26-августтағы «Халықты социаллық қоллап-қуўатлаўға қаратылған қосымша илажлар ҳаққында»ғы  қарарына муўапық, 16 жасқа толмаған 16082 шаңарақтың 33464 шаңарақ ағзаларына 500 мың сумнан 16,7 миллиард сумлық бир мәртелик қаржылар төлеп берилди.

Сондай-ақ, Бюджеттен тысқары ҳәм пенсия қоры тәрепинен майыплығы бар, бағыўшысын жоғалтқанлығы ушын пенсия ҳәм напақа алыўшы 22,1 мың балаға, жәми 11,7 миллиард сумлық бир мәртелик материаллық жәрдем берилди.

Нөкис қаласы ҳәм район ҳәкимликлери, сектор басшылары тәрепинен өткен жылдың апрель-декабрь айларында 43,9 мың мийнетке жарамлы шаңарақ ағзаларының бәнтлиги тәмийинленгенлиги ҳәм дәрамат дәреги жаратылғанлығы мүнәсибети менен 29,4 мың шаңарақ (92 процент) «Темир дәптер»ден шығарылды. Атап айтқанда, экономикалық комплекс есабынан 28036 шаңарақ, соннан, 2934 шаңарақ исбилерменлик бағдарында, 767 шаңарақ өнерментшилик, 7611 шаңарақ жәмийетлик жумыслар, 16724 шаңарақ өзин-өзи бәнт етиў есабынан «Темир дәптер»ден шығарылды.

Инвестициялық жойбарлар есабынан 2682, аўыл хожалығы тараўлары есабынан 6125, қурылыс тараўлары есабынан 7076 пуқара жумыс пенен тәмийинленген.

Атап айтқанда, Әмиўдәрья районындағы “Amudaryotex” ЖШЖ ийирилген жип ислеп шығарыў кәрханасына 130 кәмбағал шаңарақлардың жумыссыз ағзалары жумысқа қабыл етилип, олардың бәнтлиги тәмийинленди. Сондай-ақ, кәмбағал шаңарақлардың 50 ағзасы «Бунёд Иззат» өндирислик кооперациясына, 54 ағзасы Тақыятас районында шөлкемлестирилген «Тақыятас аўыл хожалығы» өндирислик кооперативине, 93 ағзасы Төрткүл районындағы таяр тигиўшилик өнимлерин ислеп шығарыўшы «Барака текстиль групп» кәрханасына жумысқа орналастырылды.

Бирақ, 2128 шаңарақтың 8,3 мың ағзасы «Темир дәптер»ден шығарылмады. Булар тийкарынан жекке жалғыз 257 шаңарақтың 272 ағзасы, майыплығы болған 846  шаңарақтың 3440 ағзасы, бағыўшысын жоғалтқан 608 шаңарақтың 2440 ағзасы, сондай-ақ, пенсионерлерден ибарат 239 шаңарақтың 998  ағзасы, 16 жасқа толмаған ҳәм ержетпеген перзентлери бар 178 шаңарақтың 1160  ағзасы болып табылады.

Жәрдемге мүтәж шаңарақларға материаллық жәрдем ушын Қарақалпақстан Республикасы жергиликли бюджетлери дәраматлар режесин арттырып орынланған бөлеги есабынан 14 миллиард сум қаржы «Сақаўат ҳәм жәрдем» қорына өткерилди.

Қарақалпақстан Республикасында «2020-жылы халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм жаңа жумыс орынларын жаратыў» бағдарламасы бойынша 15073 турақлы жумыс орынларын жаратыў режелестирилген еди. 2020-жыл даўамында әмелде 19879 жумыс орынлары жаратылып, белгиленген реже 131,9  процентке орынланды.

Жәмийетлик жумыслар қорынан ажыратылған қәрежетлер есабынан 58,4 мың пуқара жәмийетлик жумысларға тартылып, оларға мийнет ҳақы төлеў ушын жәмийетлик жумыслар қорынан 55,8 миллиард сум төлеп берилди.

Кәмбағаллықты қысқартыў бойынша Қытай тәжирийбесинен келип шыққан ҳалда, аўыл хожалығы кооперативлерин шөлкемлестириў режелестирилип, өткен жылдың январь-декабрь айларында 14 райондағы резервтеги пайдаланылмай турған 448,1 гектар жер майданында кооперативлер шөлкемлестириўди режелестириў нийетинде болған 31 талапкер анықланып, оларға 1230 жумыссыз пуқараны кооператив ағзалығына бириктириўи ушын 2694,2 миллион сумлық субсидия қәрежетлери белгиленген.

Өткен жылы 68907 жумыссыз пуқара халықтың бәнтлигине көмеклесиў орайларына жумыс сорап мүрәжат еткен. Олардан 42821 пуқара турақлы жумыс пенен тәмийинленди.

2020-жылда кәсипке таярлаў бағдарламасы тийкарында 1616 пуқараны оқытыў режелестирилип, әмелде 1926 жумыссыз пуқара оқытылып реже 119,2 процентке орынланды.

Пуқараларды кәсипке оқытыў мақсетинде 2021-жылдың бириши шерегинде Нөкис қаласында «Жумысқа мәрҳамат» моноорайы қурылып пайдаланыўға тапсырылады. Бул бойынша Бәнтликке көмеклесиў қоры тәрепинен 10,0 миллиард сумлық қаржы ажыратылған. Нәтийжеде, орайда 22 түрдеги кәсип ҳәм шет тиллерин үйретиў бойынша 1,5 мың пуқараны оқытыў мүмкиншилиги пайда болады.

Қарақалпақстан Республикасында мийнет базары, мийнет қатнасықлары ҳәм халықтың бәнтлиги бойынша быйылғы жылда 18263 жаңа жумыс орынларын жаратыў режелестирилмекте. Сондай-ақ, халықтың бәнтлигине көмеклесиў орайлары тәрепинен мүрәжат еткен жумыссыз пуқараларды социаллық жақтан қорғаў мақсетинде бос жумыс орынларына жумысқа орналастырыўға 35063, мийнет ҳақы төленетуғын жәмийетлик жумысларға орналастырыўға 13797, субсидиялар ажыратыўға 1257, жумыссызлық напақасын тәмийинлеўге 3086, ўақтынша бир мәртелик жумыс пенен тәмийинлеўге 1762 пуқараны жумыс пенен тәмийинлеў прогноз параметрлери белгилеп алынған.

Сондай-ақ, Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги жанындағы Бәнтликке көмеклесиў мәмлекетлик қоры есабынан бос жумыс орынларына 35063 орын, кәсипке таярлаў, қайта таярлаў ҳәм тәжирийбе арттырыўға 3205 пуқараға 1311,9 миллион сум, кооператив ағзалығы ушын субсидия бериўге 1731 пуқараға 4241,0 миллион сум, жеке қыйтақ жери ушын субсидия бериўге 1579 пуқараға 3000 миллион сум, исбилерменлик пенен шуғылланыўды қәлеўшилер ушын 1565 пуқараға 529,3 миллион сум, квотадан артық жумысқа қабылланғанлар ушын субсидияға 365 пуқараға 1074,0 миллион сум, жумысқа қабыл етилген хызметкердиң тәжирийбесин арттырыў ушын субсидияға 3714 пуқараға 2098,2 миллион сум, жумыссызлық напақасын таярлаўға 3086 пуқараға 3735,1 миллион сум, жәми 47309 пуқараға 15989,5 миллион сум ажыратыў режелестирилмекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы

А.Жиемуратов жазып алды.