Буннан 36 жыл бурын Мойнақ емлеўханасында бир жыл ислеп, соңынан өз аўылым Төрткүлге қайтаман деген жас шыпакер Жолдасбай Досымовтың мойнақшы болып қалатуғынлығы «жети уйқыласа да, түсине кирип шыққан емес»,- еди.

Бирақ, «жазмыштан озмыш жоқ дегениндей» сол ўақтағы жас шыпакердиң аўылға қайтыў ойы жыллар өтиўи менен умытылып, ол бүгинги күни нағыз мойнақшыға айланды.

-1985-жылы сол жыллардағы Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министри Аллаяр аға Досназаровтыӊ жолламасы менен Мойнақ емлеўханасына бир жыл ислеп бериў ушын келген едим,-дейди бизге бүгинлиги усы дәргайдың ең жасыүлкен тәжирийбели шыпакерлериниӊ бирине айланған Жолдасбай аға Досымов.-Лекин, бириншиден шыпакерлик антыма садықлығым, екиншиден бул аймақ адамларының әлпайымлығы, адамгершилиги, үшиншиден болса, жәмәәтимиздеги өз-ара сыйласық ҳәм аўызбиршилик себепли өз аўылыма қайта алмадым. Ең тийкарғысы, бизди Мойнақтың дузы жибермеди…

Шынында да, ҳәзирги дәўирдеги сыяқлы Арал апатшылығының орайы есапланған Мойнақ районы халқы билимли ҳәм жас шыпакерлерге оғада мүтәж еди. Шыпакерлик антына садық қалған Жолдасбай аға медициналық жәрдемге мүтәж наўқасларды өз ҳалына таслап кете алмай, Мойнақ районлық емлеўханасында шыпакер болып елеге дейин халық дәртине дәрман болып келмекте.

 

 

-Андижан медицина институтын питкерип келгеннен соң, Минаж Әметов, Алым Шүкириллаев, Махмуд Салиев ҳәм Базарбай Оразалиевлерден хирургияның әлўан түрли сырларын үйрендим. Пүткил Өзбекстанға белгили хирург шыпакер ҳәм министр Абдулла Худайбергеновтың да операцияларына да ассистент сыпатында қатнасқанман. Мойнақта ул-қызлы болып үлкен шаңараққа айландық. Балаларым да, өзим де бул жерге үйренисип, баўыр басып қалдық. Сонлықтан кейин ала Төрткүлге атайлап жумысқа шақырса да, ол жаққа кете алмадым,-дейди ол сол өткен жылларын еске алып.

-Перзентлериңиз нешеў ҳәм олар қандай кәсиплерде жумыс ислейди?- деп сорадым оннан гәп арасында.

Алла-тааланың берген бес перзенти бар,-дейди Жолдасбай аға.-Туңғышым Асылбек, оннан тетеси Ақылбек өзим менен бирге усы емлеўханада хирург шыпакер, ал, қызым Нағыйма мийрибийке болып жумыс ислесе, генжетайым Артур быйыл Қарақалпақстан медицина институтына оқыўға түсти. Және бир улым Умидбек болса, Мойнақтағы мектеплердиң биринде инглис тили пәнинен оқыўшыларға тәлим бермекте. Қудай көпсинбесин, перзентлеримниң усындай дәрежеге жетиўи бул мениң халық алғысын көп мәрте алғанымның жемиси шығар деп ойлап, буған ишлей қуўанаман.

Әлбетте, «Алғысты көп алған көгерер гүлдей», дегениндей көп жыллар бойы Мойнақ районы халқына ҳадал хызмет етип киятырған үлгили шыпакер Жолдасбай Досымовтың бул қуўанышына менде шерик болып, жүдә дурыс айтасыз деп оған шын кеўилден тилеклеслик билдирдим.

 

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.