Усы жыл 13-февраль күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң он алтыншы сессиясы болып өтти.

Видеоконференцбайланыс тәризинде өткен сессияға Олий Мажлис Сенатының ағзалары, секторлар ҳәм тийисли тараўлардың басшылары, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Сессияны Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Давлетов кирис сөз бенен ашты.

Депутатлар сессияның Секретариатын сайлады ҳәм күн тәртибин тастыйықлады.

Атап өтилгениндей, Президентимиз тәрепинен қабыл етилген арнаўлы пәрман менен суд системасына шөлкемлестириўшилик-структуралық өзгерислер киргизилди. Усы тийкарда аймағымыздағы жынаят, экономикалық ҳәм пуқаралық судлары бирлестирилип, олардың тийкарында судьялардың қатаң қәнигелестирилиўин сақлап қалған ҳалда Қарақалпақстан Республикасы суды шөлкемлестирилди.

 

 

Суд тараўына киргизилген өзгерислерди есапқа алып, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң он бесинши сессиясында Қарақалпақстан Республикасы Конституциясының тийисли статьяларына қосымшалар киргизилди ҳәм депутатларымыз тәрепинен қоллап-қуўатланып, Нызам қабыл етилди.

Сессияның күн тәртибинде «Қарақалпақстан Республикасы судының баслығын сайлаў ҳаққында»ғы мәселе көрип шығылды.

Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы ҳәм «Судлар ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының Нызамы талапларына муўапық, Базарбаева Гүльнара Жуманазаровнаны Қарақалпақстан Республикасы судының баслығы етип сайлаў ҳаққындағы Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының усынысы депутатларға билдирилди.

Бул бойынша депутатлар тийисли қарар қабыл етти. Базарбаева Гүльнара Жуманазаровна бес жыл мүддетке Қарақалпақстан Республикасы судының баслығы етип сайланды.

 

 

Усының менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң он алтыншы сессиясы өз жумысын жуўмақлады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.