Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының

қарары

 Өзбекстан Республикасы Конституциясының 80-статьясына, «Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ҳаққында»ғы Конституциялық нызамның 9- ҳәм 17-статьяларына муўапық Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Сенаты

ҚАРАР ЕТЕДИ:

1.Өзбекстан Республикасы Орайлық Сайлаў комиссиясының 2021-жыл 5-февральдағы «А.Тошқуловты Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ағзаларының дизиминен шығарыў ҳаққында»ғы 1057-санлы қарарына тийкарланып Абдуқодир Хамидович Тошкулов Сенаттың Халықаралық қатнасықлар, сыртқы экономикалық байланыслар, сырт ел инвестициялары ҳәм туризм мәселелери бойынша комитети қурамынан шығарылсын.

2.Бул Қарар қабыл етилген күннен баслап күшке киреди.

 

Өзбекстан Республикасы

Олий Мажлиси Сенатының Баслығы                       Т.Нарбаева

Ташкент қаласы,

2021-жыл 5-февраль