Төрткүл халқының саны бойынша республикамыздағы ең үлкен район есапланады. Соңғы статистикалық мағлыўматларға қарағанда бүгинги күни аймақта 190 мыңнан аслам ҳәр қыйлы миллет ўәкиллери тыныш-татыў жасамақта.
Тилекке қарсы районда халық санының жылдан-жылға көбейип барыўының нәтийжесинде пуқаралар арасында жумыссызлық машқаласы да артып бармақта.
Төрткүл районы «Гүлсим» көшеси 6-жай турғыны Хафиза Сапаева да 2001-жылы Төрткүл медицина колледжин тамамлағанлы бери усындай машқалаға дусласып киятырған ҳаял-қызларымыздың бири болып, әйне пайытта 3 ержетпеген перзенти менен күйеўи де жумыссыз болғанлықтан аўыр жағдайда турмыс кеширип атыр.
Хафиза Сапаеваның мәлим етиўинше, ол 2017-жылдан бери өз қәнигелиги, яғный, мийрибийке етип жумысқа алыў бойынша бирлеспе баслығына арыз етип келмекте. Оның дәслепки арызларына «Сен 4 ай Нөкисте қайта оқыўдан өтип келиўи керек, сонда ғана жумысқа қабыллаймыз»,-деп жуўап қайтарылған. Буннан соң ол 2017-жылдың 30-октябринен 2018-жылдың 26-февраль айына дейин Нөкисте қәнигелигин арттырыў бойынша төлемли оқыўда оқып, енди жумысқа алынатуғын шығарман деп қуўанышы қойнына сыймай Төрткүлге қайтқан. Бирақ, оның қуўанышы узаққа созылмай Хафизаға 2019-жылдың декабрь айына дейин яғный, 1 жыл 10 даўамында Төрткүл районлық медицина бирлеспесинен жумыс табылмаған.
Бизлер хызмет сапарымыз барысында медицина бирлеспеси баслығы Зафар Худайбергенов пенен ушырасып, оның менен бул мәселе бойынша сөйлеспекши болғанымызда, ол Денсаўлықты сақлаў министрлигинен келген комиссиялар менен бирге жүргенлигин бәнелеп өзиниң жақында тайынланған орынбасары Зульфия Игиликова ҳәм кадрлар менен ислесиў бөлиминиң баслығы Өмирбек Рахымбаевлардан (ол да жумысқа жақында тайынланған, яғный, 1 ҳәпте болған) керекли мағлыўматларды аларсыз деп комиссиялар менен кетип қалды ҳәм сол күни саат 16-30-ларға шекем кабинетинен излеп таба алмадық.
Журналистлик тексериўлеримиз барысында Кадрлар менен ислесиў бөлиминиң баслығы Өмирбек Рахымбаев ҳәм усы бөлим инспекторларының бизге усынған мағлыўматлары тийкарында 2018-жылдың май айы яғный, Хафиза оқыўын тамамлап келгеннен соңғы бир айда яғный, 1-24-май сәнелери аралығында медицина бирлеспесине мийрийбийке болып жумысқа орналасқан пуқаралардың буйрықлары менен таныстық. Бунда бизди таң қалдырған нәрсе сол ўақыттағы медицина бирлеспеси баслығы тәрепинен 24 күн ишинде 19 ҳаял-қыз мийрибийке болып жумысқа қабылланыпты. Ал, таяр қәниге сыпатында төлемли оқыўды тамамлап келген Хафиза Сапаеваға болса, бирлеспеде ҳәзирше бос орын жоқ, жуўабымыздан қанаатланбасаңыз жоқары уйымларға шығып мүрәжат етиўиңиз мүмкин деген жуўап қайтарылыпты.
Буннан соң ол 3 ержетпеген баласын аш қалдырмаў мақсетинде, жумыс сорап бир қатар жоқары уйымларға арыз етиўге мәжбүр болған ҳәм оның бир неше жыллық арызлары жоқары уйымлар тәрепинен тыңланғаны себепли, бас шыпакер 2019-жылдың 9-декабринде бала күтимине кеткен мийрибийке М.Шаватдинованың орнына патронаж мийрибийке етип сынаў мүддети менен ўақытша жумысқа алынған ҳәм ол белгиленген сынақтан жақсы өтип бул хызметте 2020-жылдың июнь айына дейин, яғный М.Шаватдинова келгенше жумыс ислеген.
Буннан соң барлық жерде пандемия басланып, Хафиза Сапаеваны қаржылай тәмийинлеп отырған күйеўи де Россияда жумыссыз қалып, шаңарақ және де қыйын жағдайға түскен ҳәм ол арыз етип Өзбекстан Республикасы Президентиниң Қарақалпақстан Республикасындағы Халық қабыллаўханасына дейин барған ҳәм усы қабыллаўхана баслығының жәрдеминде 2020-жылдың 9-декабринде бала күтимине кеткен мийрибийке Реймбаеваның орнына ўақытша жумысқа орналасқан. Бирақ, Хафизаның қуўанышы тек 1 ярым ай ғана даўам етип, ол 2021-жылдың 25-январ күни Реймбаева өз орнына жумысқа келгенлиги себепли және жумыссыз қалған.
Хафизаның енеси Роза Рахманованың айтыўынша Хафиза жумыстан босағаннан кейин де медицина бирлеспесинде жумысқа жаңадан мийрибийкелер алыў даўам етпекте екен. Бизлер оның бул мағлыўматларына анықлық киргизиў мақсетинде, 2020-жылдың декабрь, 2021-жылдың январ айындағы буйрықлар менен танысайық деп кадрлар бөлими баслығы ҳәм бөлимде бурыннан ислеўши инспекторлардан буйрық китапты сорағанымызда, ол буйрық китаплар бас шыпакердиң кабинетинде қол қойылып, мөр басылыў ушын турыпты, сонлықтан Сизге бул ҳүжжетлерди көрсете алмайман деген жуўапты айтты.
Бизлер буннан соң саат 16-30 лар шамасында бас шыпакер Зафар Худайбергеновтан рухсат сорап бул ҳүжжетлерди кирмекши болғанымызда болса, оның жәрдемшилери кабинетин иштен илип, қапысын ашпады.
Сонлықтан бизлер 2020-жылдың сентябрь айында бас шыпакердиң буйрығы тийкарында мийрибийкелик жумысқа қабыл етилген хызметкерлердиң дизими менен танысыўға мәжбүр болдық. Бул мағлыўматларға қарағанда сентябрь айында 9 адам жумысқа қабыл етилипти. Ал, октябрь-ноябрь айында бас шыпакер тәрепинен шығарылған буйрықларға мөр басылмай турған екен. Сонлықтан бизлер бул ҳүжжетлерди сизлердиң нәзерлериңизге усынбадық.
Әлбетте, аўыз бенен айтыўға аңсат болған бул жумыссызлық материаллық жетиспеўшилик себепли, бир қанша урыс-қағысты келтирип шығаратуғыны турған гәп. Усындай жағдай ҳәзирги ўақытлары Хафиза Сапаеваның да шаңарағында болатуғынлығы тәбийғый.
Әйне пайытта Хафиза турмыстағы жетиспеўшиликтен келип шыққан жәнжел себепли, наўқасланып ҳәзирги ўақытта өзи ўақытша ислеген емлеўханада емленип жатыр.
Сонлықтан тийисли уйымлардың басшылары бул мәселеге айрықша дыққат қаратып, тек Төрткүл районы медицина бирлеспеси баслығы З.Худайберегенов тәрепинен жиберилген жуўап хатлар тийисли тәртипте үйренип Хафиза Сапаеваға әмелий жәрдем көрсетиўин сорап қаламыз.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.