Бүгин ҳәм ертең республикамызда 5-10 градус жыллы ҳаўа температурасы сақланып турады. Бул ҳаққында «Өзгидромет» хабар берди.

 

Ҳәптениң ортасында Қазақстан аймақларынан және ығал ҳаўа массалары кирип келеди.

 

Сәршемби күни республикамызда айрым жерлерге жаўын жаўыўы күтиледи.

 

Күндиз 15-17 градусқа шекем жыллы болыўы мүмкин.

 

Жума күни ҳаўа алағат бултлы болады. Бундай ҳаўа райы март айының ақыры ҳәм апрель айының басына тән болып, күндизги ҳаўаның температурасы 17-20 градус жыллыға шекем көтериледи.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.