Өзбекстан Республикасы Президентиниң

қарары

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 3-февральдағы «Аўыл хожалығында билим ҳәм инновациялар системасын және заманагөй хызметлер көрсетиўди буннан былай да раўажландырыў ҳаққында»ғы ПП-6159-санлы пәрманының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде:

1.Аўыл хожалығы министрлиги, Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги ҳәм Илимлер академиясының:

а) Аўыл хожалығы министрлиги жанындағы Аўыл хожалығында билим ҳәм инновациялар миллий орайы (кейинги орынларда – Миллий орай) системасында:

Дән ҳәм собықлы егинлер илимий-изертлеў институтының Ғәллеарал илимий-тәжирийбе станциясы тийкарында Суўғарылмайтуғын (қарызғар) жердеги дийқаншылық илимий-изертлеў институтын;

Дән ҳәм собықлы егинлер илимий-изертлеў институтының Қашқадәрья филиалы тийкарында  Қубла дийқаншылық илимий-изертлеў институтын;

Дән ҳәм собықлы егинлер илимий-изертлеў институтының Қарақалпақстан илимий-тәжирийбе станциясы ҳәм Салыгершилик илимий-изертлеў институтының Қарақалпақстан илимий-тәжирийбе станциясы тийкарында  Дән ҳәм салы илимий-өндирислик бирлеспесин шөлкемлестириў;

б) төмендегилер:

Бағшылық ҳәм ыссыхана хожалығын раўажландырыў агентлиги жанындағы Академик М.Мирзаев атындағы Бағшылық, жүзимгершилик ҳәм виношылық илимий-изертлеў институты;

«Өзагрохимияқорғаў» акционерлик жәмийетиниң  «Өсимликлерди қорғаў илимий-изертлеў институты» жуўапкершилиги шекленген жәмийетин  белгиленген тәртипте мәмлекетлик мәкеме түринде қайта шөлкемлестирген ҳалда Миллий орай системасына өткериў ҳаққындағы усыныслары мақуллансын.

2.Төмендегилер:

Аўыл хожалығы министрлиги жанындағы Аўыл хожалығында билим ҳәм инновациялар миллий орайының шөлкемлемлестириў структурасы  1-қосымшаға  муўапық;

Аўыл хожалығы министрлиги жанындағы Аўыл хожалығында билим ҳәм инновациялар миллий орайы басқарыў аппаратының структурасы 2-қосымшаға  муўапық;

Аўыл хожалығы министрлиги жанындағы Аўыл хожалығында билим ҳәм инновациялар миллий орайының Қарақалпақстан Республикасы және ўәлаятлардағы мәлимлеме ҳәм мәсләҳәт системасы тийкарында жумыс ислейтуғын аймақлық агрохызметлер орайларының (кейинги орынларда – аймақлық агрохызметлер орайлары) үлги структурасы 3-қосымшаға  муўапық;

Аўыл хожалығы министрлиги жанындағы Аўыл хожалығында билим ҳәм инновациялар миллий орайының Қарақалпақстан Республикасы және ўәлаятларда шөлкемлестирилетуғын аймақлық агрохызметлер орайлары жайласыў мәнзиллериниң дизими 4-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

Аўыл хожалығы министрине, зәрүр жағдайларда, Миллий орай, оның қурамындағы илимий-изертлеў мәкемелери ҳәм агрохызметлер орайларының структурасына хызметкерлердиң шекленген улыўма саны шеңберинде өзгерислер киргизиў, сондай-ақ, бюджеттен тысқары қаржылар есабынан қосымша штат бирликлерин киргизиў ҳуқықы берилсин.

3.Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министри (А.Х.Тошқулов), Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм ўәлаятлар ҳәкимликлери, Аўыл хожалығы министрлиги (Ж.А.Ходжаев) усы қарарға 4-қосымшада көрсетилген билимлендириў мәкемелериниң аймақлық агрохызметлер орайларына өткерилип атырған имарат-объектлери және мүлклери, олардың жумысын тәмийинлеўге жетерли бөлегин белгиленген тәртипте оператив басқарыў ҳуқықы менен, сондай-ақ, жер участкаларын турақлы пайдаланыў ҳуқықы менен өткерилиўин тәмийинлесин.

4.а) Миллий орайға аўыл хожалығы министриниң орынбасары – Аўыл хожалығында билим ҳәм инновациялар миллий орайы бас директоры басшылық ететуғыны;

б) Миллий орайдың қосымша  11  және аймақлық агрохызметлер орайларының қосымша 119  басқарыў хызметкерлериниң штат бирликлери Аўыл хожалығы министрлиги системасындағы шөлкемлердиң бар штат бирликлерин оптималластырыў есабынан қәлиплестирилетуғыны;

в) Миллий орай ҳәм аймақлық агрохызметлер орайлары аўыл хожалығында билим ҳәм инновацияларды, мәлимлеме ҳәм мәсләҳәт хызметлери системасын енгизиў тараўында ўәкилликли уйым болып есапланатуғыны және юридикалық тәреп статусына, өз балансына, Өзбекстан Республикасы Қазнашылығында жеке Қазна есап бетлерине, Мәмлекетлик  герб сүўретленген мөрине ийе болатуғыны;

г) Миллий орай Аўыл хожалығы ҳәм азық-аўқат тәмийнаты илимий-өндирислик орайы, Аўыл хожалығы министрлиги системасындағы «Агроинновация» мәмлекетлик унитар кәрханасы ҳәм Ташкент мәмлекетлик аграр университети жанындағы «Ғоза туқымгершилиги орайы» мәмлекетлик мәкемесиниң барлық ҳуқықлары ҳәм миннетлемелери бойынша ҳуқықый мийрасқоры болып есапланатуғыны;

д) Миллий орай системасындағы илимий-изертлеў институтлары ҳәм илимий-тәжирийбе станциялары юридикалық тәреп статусына ийе мәмлекетлик мәкемелер болып:

Қубла дийқаншылық илимий-изертлеў институты Дән ҳәм собықлы егинлер илимий-изертлеў институты Қашқадәрья филиалының;

Суўғарылмайтуғын (қарызғар) жердеги дийқаншылық илимий-изертлеў институты Дән ҳәм собықлы егинлер илимий-изертлеў институты Ғәллеарал илимий-тәжирийбе станциясының;

Өсимликлерди қорғаў илимий-изертлеў институты «Өзагрохимияқорғаў» акционерлик жәмийети жанындағы «Өсимликлерди қорғаў илимий-изертлеў институты» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң;

Дән ҳәм салы илимий-өндирислик бирлеспеси Дән ҳәм собықлы егинлер илимий-изертлеў институты Қарақалпақстан илимий-тәжирийбе станциясының және Салыгершилик илимий-изертлеў институты Қарақалпақстан илимий-тәжирийбе станциясының ҳуқықлары, миннетлемелери ҳәм шәртнамалары бойынша ҳуқықый мийрасқорлары болып есапланатуғыны;

е) аймақлық агрохызметлер орайларының имаратына жайластырылған мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымлары, хожалық бирлеспелери аймақлық бөлимлери қәнигелериниң жумысы аймақлық агрохызметлер орайлары тәрепинен муўапықластырылатуғыны;

ж) аўыл хожалығы тараўындағы илимий-изертлеў институтлары, мәкемелери, илимий-тәжирийбе станциялары ҳәм участкалары (кейинги орынларда – илимий-изертлеў мәкемелери), жоқары билимлендириў мәкемелери және Миллий орай ҳәм аймақлық агрохызметлер орайлары:

жер участкаларын оптималластырыў, алып қойыў ҳәм олардың қәнигелесиўине сәйкес болмаған егинлерди жайластырыўға;

илимий хызметкерлерин олардың жумысына тән болмаған басқа да жумысларға тартыўға жол қойылмайтуғыны белгиленсин.

5.Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги (А.Ж.Ортиқов) «Өзагрохимияқорғаў» АЖ устав капиталындағы мәмлекетлик үлеси Миллий орай системасына өткерилип атырған «Өсимликлерди қорғаў илимий-изертлеў институты» жуўапкершилиги шекленген жәмийети устав капиталындағы «Өзагрохимияқорғаў»АЖ үлесиниң баланс баҳасы есабынан азайтылыўын тәмийинлесин.

6.Сондай тәртип орнатылсын, оған бола:

а) аймақлық агрохызметлер орайларының жумысын нәтийжели шөлкемлестириў мақсетинде, оларда хызмет көрсетиўди шөлкемлестириў ушын айлық мийнет ҳақы ҳәм үстемелерди сақлап қалған ҳалда агросанаат тараўына хызмет көрсетиўши мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымлары, хожалық бирлеспелери және олардың аймақлық бөлимлериниң қәнигелери тартылады;

б) илим ҳәм билимлендириўдиң тығыз интеграциясын тәмийинлеў мақсетинде:

тәжирийбе-сынақ түринде Аўыл хожалығы министрлиги системасындағы жоқары билимлендириў мәкемелериниң кафедра баслықлары бир ўақыттың өзинде тийисли тәлим бағдары бойынша илимий-изертлеў институтлары директорларының илимий ислеп ҳәм инновациялар бойынша орынбасары болып есапланады;

жоқары билимлендириў мәкемелериниң кафедра баслықларына және илимий-изертлеў институты директорының илимий ислер ҳәм инновациялық қолланбалар бойынша орынбасарларына билимлендириў процесин илим менен интеграциялаған ҳалда шөлкемлестириў ўазыйпасы жүкленеди.

Аўыл хожалығы министрлиги еки ҳәпте мүддетте усы бәнтке тийкарланып тәжирийбе-сынақ өткерилетуғын жоқары билимлендириў мәкемелериниң кафедралары ҳәм илимий-изертлеў институтларын анықласын және 2021-жыл 1-декабрьге шекем тәжирийбе-сынақ нәтийжелери бойынша анық усынысларды Министрлер Кабинетине киргизсин.

7.Төмендегилер Миллий орай ҳәм аймақлық агрохызметлер орайларының жумысын қаржыландырыў дәреклери етип белгиленсин:

Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетиниң қаржылары;

белгиленген тәртипте тартылатуғын бюджеттен тысқары қаржылар, халықаралық финанс институтларының қаржылары ҳәм сырт ел шөлкемлериниң грантлары;

бос турған бюджеттен тысқары қаржыларды белгиленген тәртипте коммерциялық банклердиң дипозитлерине жайластырыўдан алынатуғын дәраматлар және нызам ҳүжжетлери менен қадаған етилмеген басқа да дәреклер.

Миллий орай ҳәм аймақлық бөлимлер және аўыл хожалығы тараўындағы илимий-изертлеў мәкемелерин бюджет қаржылары есабынан сақлаў қәрежетлери 2021-жылы Өзбекстан Республикасының республикалық бюджетинен биринши дәрежели бюджет қаржыларын бөлистириўши сыпатында уйымлық тийислилигине бола тийисли министрликлер ҳәм уйымларға ажыратылатуғын қаржылар шеңберинде, 2022-жылдан баслап Мәмлекетлик бюджет параметрлеринде нәзерде тутылатуғыны белгилеп қойылсын.

8.Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәкимликлери, мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар:

аймақлық агрохызметлер орайын шөлкемлестириўде мәмлекетлик-жеке меншик шериклик механизмлери тийкарында жеке меншик сектордың қатнасыўын;

аймақлық агрохызметлер орайларында хызмет көрсетиўди шөлкемлестириў ушын айлық мийнет ҳақы ҳәм үстемелерди сақлап қалған ҳалда тийисли мәмлекетлик  ҳәм хожалық басқарыў уйымлары, хожалық бирлеспелери, хызмет көрсетиўши банк, қамсызландырыў ҳәм басқа да шөлкемлер және олардың аймақлық бөлимлериниң қәнигелери тартылыўын;

жеке меншик мүлкшилик тийкарында юридикалық тәреп статусына ийе болған шөлкемлер тәрепинен аўыл хожалығы консалтинг хызметлерин шөлкемлестириў бойынша шөлкемлестириўшилик, финанслық және ҳуқықый жақтан ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў илажларының әмелге асырылыўын тәмийинлесин.

9.Аўыл хожалығы министрлиги (Ж.А.Ходжаев), Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги (А.Ж.Ортиқов), Мәмлекетлик салық комитети жанындағы Кадастр агентлиги (Ф.К.Умаров) ҳәм Ташкент ўәлаяты ҳәкимлиги (Д.А.Хидоятов) белгиленген тәртипте төмендегилерди:

Ташкент ўәлаяты Жоқары Шыршық районының А.Яссавий мәҳәллеси аймағында жайласқан Аўыл хожалығы министрлиги системасындағы «Агроинновация» мәмлекетлик унитар кәрханасына тийисли барлық мүлклерди оператив басқарыў ҳуқықы менен және 10,7 гектар жер участкасын турақлы пайдаланыў ҳуқықы менен Миллий орайға;

Ташкент ўәлаяты Жоқары Шыршық районының А.Яссавий мәҳәллеси аймағында жайласқан Ташкент мәмлекетлик аграр университети жанындағы «Ғоза туқымгершилиги орайы» мәмлекетлик мәкемесине тийисли имаратты оператив басқарыў ҳуқықы менен Миллий орайға ҳәм 57,4 гектар жер участкасын турақлы пайдаланыў ҳуқықы менен Миллий орайдың Ташкент ўәлаяты агрохызметлер орайына өткерип берсин.

10.Бас министрдиң орынбасары Ш.М.Ғаниев, Аўыл хожалығы министрлиги, Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм ўәлаятлар ҳәкимликлери менен биргеликте:

қайта шөлкемлестирилип атырған мәкемелердиң мүлки ҳәм ақшалай қаржыларын ақылға уғрас бөлистириў мақсетинде оларды хатлаўдан өткериўди;

усы қарарға муўапық қайта шөлкемлестирилип атырған мәкемелердиң материаллық-техникалық базасын жаратыў, олардың жумысын нәтийжели шөлкемлестириў ушын зәрүр болған компьютер техникасы, байланыс қураллары менен үскенелеў илажлары шөлкемлестирилиўин;

қайта шөлкемлестирилип атырған мәкемелерди, олардың аймақлық бөлимлерин жайластырыў, сондай-ақ, олардың жумысын шөлкемлестириў менен байланыслы басқа да мәселелерди шешиўди;

қайта шөлкемлестирилип атырған мәкемелердиң штат бирликлерин анализлеген ҳалда жумыс көлеминен келип шығып, қайта бөлистирилиўин және оларды ашық-айдын түрде өткерилетуғын таңлаў тийкарында жоқары мағлыўматлы, заманагөй билимге ҳәм көз қарасқа ийе кадрлар менен толықтырыўды тәмийинлесин.

11.Аўыл хожалығы министрлиги (Ж.А.Ходжаев):

2021-жыл 1-апрелге шекем  Ташкент ўәлаяты Жоқары Шыршық районында Республикалық агрохызметлер, мәлимлеме мәсләҳәт (3x53n!89n) орайын шөлкемлестириў илажларын көрсин;

2021-жыл май айынан  баслап аймақлық агрохызметлер орайларын басқышпа-басқыш шөлкемлестирсин;

 еки ҳәпте мүддетте Аўыл хожалығы министрлиги орайлық аппаратында Оқыў орынлары ҳәм қәнигелигин арттырыў бөлими тийкарында  6 штат бирлигинен  ибарат Аўыл хожалығында билим ҳәм инновациялар системасын раўажландырыў басқармасын шөлкемлестирсин. Онда, қосымша 3 штат бирлиги  министрлик системасындағы бар басқарыў хызметкерлери штат бирликлерин қысқартыў есабынан қәлиплестириледи;

 бир ай мүддетте  Миллий орайдың анық есап-санақларына тийкарланып оның системасындағы илимий мәкемелерде шөлкемлестирилетуғын басланғыш лабораториялар, туқымлықты сақлаў, кептириў қоймаханаларын қурыў, оларды қадақлаў ҳәм қайта ислеў үскенелери менен тәмийинлеўге «Халықаралық тиклениў ҳәм раўажланыў банки және Халықаралық раўажланыў ассоциациясының қатнасыўында «Өзбекстан Республикасы аўыл хожалығын модернизациялаў» жойбары шеңберинде қаржы ажыратыў илажларын көрсин;

еки ай мүддетте  Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети, Пиллешилик ҳәм қаракөлшиликти раўажландырыў комитети, Тоғай хожалығы мәмлекетлик комитети, Суў хожалығы министрлиги менен биргеликте Миллий орай ҳәм илимий-изертлеў мәкемелериниң структураларын тастыйықлаўды нәзерде тутатуғын Ҳүкимет қарарының жойбарын киргизсин;

еки ай мүддетте  Аўыл хожалығы министрлиги жанындағы Аўыл хожалығында билим ҳәм инновациялар миллий орайы және оның аймақлық агрохызметлер орайлары ҳаққындағы режелерди ислеп шықсын және тастыйықлаў ушын Министрлер Кабинетине киргизсин;

еки ай мүддетте  Инновациялық раўажланыў министрлиги, Монополияға қарсы гүресиў комитети, Илимлер академиясы менен биргеликте аўыл хожалығы егинлериниң сорт авторлары ҳәм оригинаторларын хошаметлеў, туқымгершилик ҳәм нәлшилик пенен шуғылланыўшы исбилерменлик субъектлериниң жумысын тәртипке салыў, туқымлық ҳәм нәллерди сертификатлаў системасын енгизиў механизмин ислеп шығып, Министрлер Кабинетине киргизсин;

Мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам  ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин;

2022-жылдың ақырына шекем  Нидерландияның Вагенинген, Уллы Британияның Бангор ҳәм басқа да сырт ел жетекши илимий орайлары менен мәсләҳәтлер өткерген ҳалда Миллий орайдың жоқары технологиялар тийкарындағы көп тармақлы Илимий-изертлеў орайын шөлкемлестирсин. Онда, Илимий-изертлеў орайында заманагөй жоқары технологиялы лаборатория, бағдарлар бойынша көргизбе майданшалары, өсимликлер флорасы миллий генбанки, илимий стратегиялық таллаў орайы шөлкемлестириледи және ҳәр бир бағдар бойынша халықаралық кеңесгөйлер топарының жумысы жолға қойылады.

12.«Эл-юрт умиди» қоры Аўыл хожалығы министрлиги, Қаржы министрлиги, Инновациялық раўажланыў министрлиги, Илимлер академиясы менен биргеликте 2021-жыл 1-мартқа шекем илимий-изертлеў мәкемелериниң илимий хызметкерлери және тараў қәнигелерин, биринши гезекте, төменги системалардағы «Эл-юрт умиди» қоры және Инновациялық раўажланыў ҳәм новаторлық идеяларын қоллап-қуўатлаў қорының қаржылары есабынан сырт ел жетекши жоқары билимлендириў ҳәм илимий-изертлеў мәкемелерине узақ ҳәм қысқа мүддетли стажировка, қәнигелик арттырыў ҳәм оқыўға жибериў бойынша 2021-2022-жылларға мөлшерленген бағдарламаны тастыйықласын және орынлаўға қаратсын.

13.Миллий орай Ташкент ўәлаяты, Қибрай районы, Университет көшеси, 2-жай мәнзилинде жайластырылсын.

14.Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым қарарларына 5-қосымшаға муўапық өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилсин.

15.Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым қарарлары 6-қосымшаға муўапық өз күшин жоғалтқан деп есаплансын.

16. Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги (А.А.Ходжаев), Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы (А.Ж.Хаджаев), Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги (А.К.Кўчимов) Аўыл хожалығы министрлиги (Ж.А.Ходжаев) менен биргеликте усы қарардың мәниси және мақсет ҳәм ўазыйпаларының ғалаба хабар қуралларында кеңнен жарытылыўын тәмийинлесин.

17. Усы қарардың орынланыўын шөлкемлестириўге жеке жуўапкер етип Бас министрдиң орынбасары Ш.М.Ғаниев, аўыл хожалығы министри Ж.А.Ходжаев, аўыл хожалығы министриниң орынбасары – Аўыл хожалығында билим ҳәм инновациялар миллий орайының бас директоры, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы ҳәм ўәлаятлар ҳәкимлери белгиленсин.

Қарардың орынланыўын ҳәр шеректе додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер уйымлардың жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа және Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының басшысы З.Ш.Низомиддиновқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                              Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2021-жыл 3-февраль