Атамуратов Татлымурат Жумамуратович Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан Республикасы бөлими баслығы лаўазымына тайынланды.

 

Т.Ж.Атамуратов 1948-жылы Тахтакөпир районында туўылған. Москва мәмлекетлик педагогикалық институтын, Россия Илимлер академиясы Миклухо-Маклай атындағы Этнография институтының аспирантурасын тамамлаған, тарийх илимлериниң кандидаты, профессор. Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген халық билимлендириў хызметкери.

 

Ол өз мийнет жолы даўамында ўәлаятлық партия комитетиниң инструкторы, ҚМУда факультет деканы, қурылыс техникумының директоры, Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министри, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары, Тахтакөпир районы ҳәкими, Халық билимлендириў хызметкерлерин қайта таярлаў ҳәм қәнигелигин арттырыў институтының ректоры лаўазымларында жемисли мийнет еткен.

 

Т.Атамуратов усы лаўазымға тайынланғанға шекем Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў хызметкерлерин қайта таярлаў ҳәм қәнигелигин арттырыў аймақлық орайы профессоры болып ислеген.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.